Ҳаяллықтың деградация болыўы
Еркек пенен Ҳаялдың жаратылыўында парқы бар. Ер адам туўылған гезинде 0-ноль болады. Яғный, ол руўхый күшке ийе болмай, ɵмири даўамында ɵз үстинде жумыс ислеп, раўажланып руўхый күш топлайды. Ҳаял туўылған пайтында 100-жүз болады. Яғный, ол қәте жасағанлықтан, ɵзлигин умытып, ҳаяллығына қарсы барғанлықтан ɵмири даўамында руўхый күшинен айрылып барады.
Буны түсиниў ушын кишкене балаларға итибар бериң. Қыз балалар, ул балалардан кɵре ҳәр тәреплеме шаққан, тапқыр, билгиш, ақыллы болады ҳәм тез ер жетеди. 12-13 жастан баслап ҳаялдың ɵзлигинен (ҳаяллық күшинен) айрылыўы басланады. Енди ол ɵзиниң тәбийий гɵзаллығын умытып, әтирапындағыларға еликлеп, жарысып ɵзине жасалма гɵззаллықты (косметика, ҳәр түрли мода) енгизип баслайды.
Ер жетип жумыс ислеп баслағанда онда еркеклик сыпатлар күшейип барады. Енди ол еркектей болып жасаўға ɵтеди (ешектей болып жумыс ислейди, атақтың, абыройдың, дүньяның изинен қуўады). Еркеклер менен бәсекиге кириседи, жарысады, урысады, даўласады, сɵгиседи, тɵбелеседи, айтысады, шертиседи ҳ.т.б. Солай етип ол ҳаяллық күшинен айрылыўын даўам ете береди. Буның белгиси ҳаялда жасы үлкейген сайын денсаўлығы тɵменлеп барады, нервный болады, турмысында машқалалар кɵбейип, бахыт-қуўаныш, муҳаббат азайып, жоғалып барады. Ҳаяллар курсларымызға келип, ɵзиндеги ҳаяллық сыпатларын ашып баслағанда, бул сыпатларды ɵзлери жоқ қылғанын мойынлап баслайды.
@psixolog_nukus