Қыз күнинде бәри жақсы, жаман қатын қайдан шығады?
Турмыста бул мақал бийкарға келип шықпаған шығар. Қызлар турмысқа шықпастан алдын ҳеш нәрсеге жуўапкер болмайды, тәшўиши жоқ, жигити менен ушырасқанда назланады, романтика болады. Ол турмысқа шығып келин болғанда, өзин пленге түскен адамдай сезинеди. Қәйин ата, қәйин ене, абысын, бийкеш, қәйин апа сыяқлы адамлардың қоршаўында қалады.
Жәмийет пикири менен жасайтуғын күйеўи оны қорғаўды билмейди. Сонлықтан келинде жасаў ушын гүрес инстинкти иске түсип, ол өзин әтирапындағылардан қорғап баслайды. Енесинен, қәйин апасынан қорғаныў жолын излейди, абысыны, бийкеши менен бәсекиге кириседи. Мине усылайынша онда еки қарыс тил пайда болады, қақбаслықты үйренеди.
Сол себепли оның ҳаяллық сыпатлары- мүлайымлығы, нәзиклиги жоғалады, ерли-зайып мүнәсибети, күйеўине болған муҳаббаты бир шетте қалып, басына орамал таққан «мәстан кемпирге» «темир қатынға» айланады. Жоқарыдағы адамларға ишинен "Еле көресиз, пул таўып, шаңарағымды басқарып, өйтип-бүйтип, сизлердиң үстиңизден шығаман" -деп, нәпсиниң күшин иске салады. Яғный, ол ҳаял болыўды ойламай, муҳаббат жаратыўды ойламай турмыста гүресип, шыдап, кɵнип жасаўға үйренип кетеди.
@psixolog_nukus