- дүньяқарасы тар адам материаллық санада жасайды. Сонлықтан ол атақ, абырай, әмел, мода, мақтаныў, жарыспақ сыяқлы материаллық қәдириятлар менен жасайды, ɵмирде сол нәрселер әҳмийетли деп ойлайды. Бундай адамда жетиксизлик комплекслери кɵп болады, ɵзин әтирапындағылар менен жоқарыдағы нәрселерге қарап салыстырады, баҳалайды. Яғный, ɵзин биреўден үстем кɵрсе, биреўден пәс кɵреди, ақыл-парасаты, билими тек соған ғана жетеди, одан жоқарысына жетпейди.
- дүньяқарасы тар адам билим алмайды, ɵз үстинде шуғылланбайды. Бундай адам китап оқый алмайды, китап оқыўға тақаты, сабыры жетпейди яки қызықпайды, оқыған мененде китапта жазылғанын түсинбейди, гейбиреўлер тек ядлап оқыса, гейбиреўлердиң мийине китаптағы билимлер кирмейди, мийи гәп-сɵзлерге, ɵсеклерге, интернеттеги мусорларға толы болады. Яғный, бундай адам негатив кɵз-қарас, негатив пикирлер менен жасаўға үйренген. Сонлықтан бундай адамның турмысында, тәғдиринде, денсаўлығында, шаңарағында, перзентлеринде машқала пайда болса ол буның себебин түсинбейди. Сонлықтан ол буған тек шыдайды, кɵнеди, урысады, гүреседи, уялады, арланады, жылайды, ɵкинеди, ɵкпелейди, қорқады, айыплайды, ɵзин отқа-шоққа урады, будан басқа жолын билмейди, буннан артығына ақыл-парасаты, билими жетпейди.
- дүньяқарасы тар адамның исенимиде жәмийет исеними менен, жәмийет кɵз-қарасы, менталитети менен, ақылы-нәпси менен байланыслы болады. Ɵзиниң тар дүньяқарасындағы Қудайға исенеди, сыйынады. Сонлықтан бундай адам нервный болады, денсаўлығында, шаңарағында, турмысында, жумысында машқалалар болады. Ол буның себеплерин түсинбейди, турмысында болып атырған жағдайларды ɵзиниң қандайда бир тар түсиниклери менен байланыстырады. «Ɵмир ɵзи сондай, турмыс дегени сондай болады, маңлайға жазғаны болады, маңлайға жазғанын кɵресең, маңлайға жазылғанынан қашып қутыла алмайсаң»- деп ойлайды, одан арғы жағына ақыл-парасаты, билими жетпейди, турмысын унамлы тәрепке ɵзгерте алмайды.
@psixolog_nukus