ҲАЯЛ ҳәм ШАҢАРАҚ


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Семья и дети


Мусатдинова Сәрбиназ
Байланыс ушын телефон: 33 717-07-87

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


БАХЫТЛЫ БОЛЫЎЫӉЫЗ КИМГЕ ЯКИ НЕГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ?...

Адам өзиниң бахытсызлығында, әўметсизлигинде яки кеселлигинде кимдидур яки ненидур айыпкер қылып жасайды. Мениң турмысымның усындай болыўында күйеўим, енем, қәйинапам ҳәм тағы басқалар себепши. Адамның психологиясы сондай егер өзин бахытлы сезетуғын болса да өзиниң бахытлы болыўына басқаларды себепши қылып көрсетеди.
Көпшилик ҳаяллар «Мен бахытлыман, перзентлерим бар, ата-анам бар, жумысым, жайым, досларым тағы басқаларын санап өтеди. Дурыс, бул бахыттың көрсеткиши болыўы мүмкин. Бирақ, теңгениң екинши тәрепи бар. Ҳәмме нәрсеси бар бола тура өзин бахытлы сезе алмай қыйналатуғын ҳаяллар бар. Адам өзиниң бахытлы болыўына басқаларды яки ҳәзирги жағдайын себепши қылып көрсететуғын болса байланып қалыў күшли болады. Жердеги өмирде адам ҳеш кимге ҳәм ҳеш нәрсеге байланып қалыўы керек емес. Себеби, өмирге жалғыз Қәлб болып келдик. БАХЫТ-бул Қәлбтиң жағдайы! Адам ишки дүньясында өзин бахытлы сезе алмаса сыртқы факторларға жүзленеди. Қандайда бир мәртебеге, атақ-абыройға жетиссем, перзентлеримди оқытсам, үйли-жайлы қылсам бахытлы боламан деп ойлайды. Жетиседи, бирақ бул ўақытша. Сол ушын адам өзиниң бахытын биреўлерге байланыстырыўы шәрт емес. Яғный, сениң бахытлы яки бахытсыз болыўыңды биреўлерге тапсырыў, солар шешиўи керек дегени емес. Негизинде өзинен кеўили толмайтуғын, өзин бахытлы сезе алмайтуғын адамды биреў бахытлы қыла алмайды. Ҳеш кими, ҳеш нәрсеси жоқ ўақытта да өзин мына әлемге Қәлб болып келгени ушын бахытлы сезине алатуғын адамға ҳәмме нәрсе бериледи. Сүйикли өмирлик жолдас, перзентлер, саламатлық, байлық, т.б. Себеби, бундай қәдириятлар биринши адамның ишки дүньясында жаратылады кейинен реал өмиринде. Солай екен, бахытлы болыўды, бахытлы қылыўды дәслеп өзиңизден баслаң!




МЕНДЕ АЙЫП ЖОҚ (ПА?)…
Көпшилик психологқа мүрәжат ететуғын ҳаяллардың арызын тыңласаңыз өмирде кимлердендур жәбир шегип жасап атырғанын образ бенен, кәмине жеткерип «ҳәз етип» айтып қумарынан шығады. Оларды тыңласаңыз бул күйге түсиўине енеси, күйеўи, қәйин апасы, баслығы яки басқалар айыплы болып шыға береди. Бул жағдайда өзиниң қәтесин мойынлаў, оны түсиниў кереклигин аңлап жетиўден узақта.
Не ушын? Себеби, бундай жағдайлар өзи ушын аңсыз түрде керек екенлигин түсинбейди. Егер өзи ушын керек болмағанда әтирапына бундай адамларды ҳәм ўақыяларды тартпаған болар еди. Әтирапымыздағы әлем ҳәм адамлар бизиң ишимизде бар нәрсени ғана көрсетеди. Ким менен конфликтли жағдайға барсаң демек сол арқалы өмир саған керекли нәрсени түсиндирип атыр, оны түсинбесең басқаша усыл қоллайды. Өмиринде болып атырған ўақыялардан жуўмақ шығарып қәтесин аңлаған адам ушын бул жағдай қайта тәкирарланбайды. Өмирдиң сабағын өзлестирмегенше бул ҳәр түрли формада даўам ете береди.
Машқаласында биреўди айыплаған адам ҳеш қашан оны шеше алмайды. Себеби машқала саған берилген әтираптағылар себепши яки сол сабақты өзлестириўиң ушын таңланған устазлар. Мине жағдайға усындай көз-қарас пенен жантасқан адам итибарды өзине қаратады ҳәм қәтелерин түсиниўди баслайды. Қәншелли қыйын болмасын қәтеңди мойынлаў арқалы машқаланың шешими аңсатласады. Егер буны түсинип жетсең сиз ушын таңланған устазлар сизди тыныш қойады яки өзгереди. Себеби, ол өзине берилген «тапсырманы» белгили дәрежеде орынлады. Егер буны түсинип жетпесеңиз кейинги сабақ буннанда қыйынлаў, устазлары қаталрақ болып келеди. Сол ушын машқала болған жағдайда ҳәр кимди айыпламастан «МЕНДЕ АЙЫП ЖОҚПА?» деген сораўды ҳәр ким өзине берип турыўы керек?




ҲАЯЛДЫӉ СЫРТҚЫ КӨРИНИСИ

Көпшилик ер адамлар ушын ҳаялдың сыртқы көриниси, қәдди-қәўмети, сулыўлығы биринши орында турады. Сол ушында еркеклер көзи менен жақсы көреди деген ибара бийкар айтылмаған. Яғный, аңсыз түрде сиз оған жынысый жақтан мақул келиўиңиз керек. Бул инстинкт. Бирақ көпшилик ҳаяллар сыртқы көринис дегенде кийимлерин, тағыншақларын, шаш түрмегин ҳәм пардозын нәзерде тутады. Усы орында теңгениң екинши тәрепине итибар қаратыў керек. Ҳаялдың сыртқы көриниси дегенде биринши орында ӨЗИҢИЗГЕ БОЛҒАН ИСЕНИМ турады. Яғный, өзине исеними жоқары болған ҳаялдың кеўил қәтержамлығы, өзин услап-тутыўы сыртқы көринисине тәсир етеди. Керексиз сөзлер, орынсыз ҳарекетлерди қолланбайды. Егер, үстиңде қымбат кийимлер, қымбат пардоз болып, өзиңе исенимиң төмен болса пайдасы жоқ. Ҳәр жаққа жалтақлап, керек, керек кемес ҳәрекетлер етип, асығып патырлап, албырап жүретуғын ҳаялдың өзине болған исенимин «сыртқы көриниси» әшкар етип турады. Ҳәр бир еркек аңсыз түрде өзине исенген ҳәм өзин жақсы көрген ҳаялға талпынады. Кийимиң қымбат емес, әпиўайы, бирақ тап-туйнақ, таза ҳәм өзиңе жарасымлы болса бул сениң ишки дәрежеңниң белгиси. Маликадай кийинип-таранып бирақ аўызынан ақ ийт кирип, қара ийт шығатын болса, бундай ҳаялдың «сыртқы көриниси» қәлеген еркекти өзинен узақластырады. Ишки көтериңки жағдай менен уйғынласқанда ғана сыртқы көринис сулыўлыққа айланады. Бул ушын көп қаржының кереги жоқ. Тилекке қарсы, айырым ҳаялларда бүгинги күнде «сулыў» болыў ушын пул керек, ҳәммеси пулға барып тақалады деп ойлайды. Косметологлар бет- жүзиңди тәртипке келтириўи мүмкин. Бирақ, бул ҳақыйқый гөззаллық емес.




ӨСПИРИМЛЕРДЕГИ УМЫТШАҚЛЫҚ…
Өспиримлик дәўир адамның ҳәр тәреплеме өсип раўажланыўы ушын қолай дәўир. Яғный, қәлеген бағдардағы илим-билим яки өнерди тез ҳәм аңсат өзлестириў қәбилети жоқары болады.
Тилекке қарсы, бүгинги күнде көпшилик ата-аналар перзентлериниң компьютер ойынларына қарам екенлигинен, телефонда көп отыратуғынынан шағым етеди. Айырым өспиримлер жеке сәўбетте неше жыл тил үйрениўге қатнаса да ҳеш қандай нәтийже болмағанын, сол тилди өзлестире алмағанынан қыйналады. Кеше ядлаған сөзлигин бүгин еслей алмайды. Негизинде умытшақлық үлкен жаслы адамларда көбирек ушырасады.
Ал, ҳәзирги күнде киши мектеп жасындағы оқыўшылар спорт кийимлерин, папкасын, китапларын, оқыў қуралларын тез-тез жойтып яки умытып жүреди. Бул жағдайға әпиўайы қарап үйренгенбиз.
Алымлардың изертлеў жуўмағы бойынша компьютер ойынлары бас мийдиң еслеп қалыў функциясының искерлигине кери тәсир етеди екен. Яғный, бас мий раўажланыў дәўиринде визуал әлемде отырған өспиримлер реал турмыста көп нәрселерге итибарсыз болып қалады. Себеби, бир ўақыттың өзинде еки түрли орталықта болыў қыйын.




Ата-ана перзентине 3 түрли мийрас қалдыра алады.
1- Жақсы тәрбия бериў. Бунда бала гезинен жақсы тәрбия алып ɵскен адамның минез-қулқы жақсы болады. Минез-қулқы жақсы адам ɵмирде ɵз орнын табыўы, әрман-мақсетлерине ерисиўи аңсат болады. Себеби адамның характери қандай болса оның тәғдири сондай болады. Характери жақсы адам биринши гезекте бахытлы-татыў шаңарақ қурады. Шаңарағы беккем адам күшли инсанға айланып, ɵмирде ɵз мақсетлерин әмелге асырып жасайды.
2- Илим-билим, ɵнер үйретиў, ɵз кәсибин табыўына жол кɵрсетиў. Балалығынан илимге-билимге қызыққан бала келешекте кɵп нәрсеге ерисе алады, буған ата-анасы тосқынлық қылмай, туўры жолды кɵрсетип, перзентиниң қызығыўшылықларын, талант-қәбилетин есапқа алып ɵнерге, кәсипке бағдарласа болды. Балада ɵз әрман-мақсети болып, балалығынан әрманы менен байланыслы талантын, қәбилетин, билимин асырып, раўажландырып барыўы лазым. Буның ушын баланы ҳәр қыйлы таярлықларға, курсларға қатнастырып барыў керек.
3- Ата-ананың адамларға қылған жақсылықлары, саўаплары, алған алғыслары перзентлерине мол несийбе, дәўлет болып ɵтеди. Бүгинги күнде кɵпшилик ата-аналар адамларға пайда тийгизиў, халыққа хызмет етиўдиң орнына перзентлерине қымбат машина, дәбдебели той, мебель, жай алып берип атыр. Егер ата-ана перзентлерине усындай материаллық нәрселерди алып бере берсе олардың тәғдири бузылады. Әсиресе, ул балалар еркек болыўы ушын ҳәмме нәрсеге ɵз күши менен ерисиўи керек. Оған ата-анасы материаллық жақтан жәрдем бере берсе ол еркек бола алмайды, алдына мақсет қоймайды, жуўапкерсиз болады. Сонлықтан оны ҳаялы сыйламай баслайды. Ҳаялы сыйламаған еркек ҳәлсирейди, арақ ишеди, қаңғырады, қумарға-ойынға бериледи, қатынпаз, мошенник, бийталап болып кетеди.


ӨСПИРИМЛЕРДЕГИ НАТЫҚЛЫҚ
Баланы еркин сɵйлеўге, ɵз пикирин қорықпай, тартынбай айтыўға үйретиў ата-ананың жуўапкершилигинде.
Егер ата-ана перзентиниң пикирин, гәпин тыңлаўды билмесе, баласы, қызы менен ҳәр күни тыныш отырып сɵйлеспесе, олар менен сɵйлесиўге ўақыт ажыратпаса, дәстүрхан басында отырып баланың аўзына қакпақ баса берсе, «сен сɵйлемей тыныш отыр, аўзыңды жап, сɵйлемеген сен қалып едиң, сен еле баласаң ҳеш нәрсени түсинбейсең, араласпай тыныш отыр»- деп, кемсите берсе бала натық болып қалады.
Екиншиден, ата-ана баланың кемшиликлерин бетине баса берсе, бир нәрсе ислесе бақыра берсе, урса, қорқытса, бала «ата-анам (папам яки мамам) мени жақсы кɵрмейди, мени түсинбейди, айтсам бақырады деп, ата-анасы менен сɵйлескиси келмейди яки ата-анасын алдайтуғын болады. Баланың ɵтирик сɵйлеўи, ата-анасын алдаўы қорқыўдан, таяқ жеўден басланады. Бала ата-анасына исенбейтуғын болады. Яғный, бунда биринши гезекте ата-ана перзентине исенбейди. Ата-ананың перзентине исенбеўи бала ушын аўыр жарақат, бала бул жағдайдан қатты қыйналады. Себеби исеним бул муҳаббат. Ата-ана перзентине исенбей атырма демек, ата-ана перзентине шәртсиз муҳаббат бере алмай атыр (перзентине байланып қалған, ишинде қорқыўы кɵп болады). Ата-ананың перзентине исенимсизлиги перзент тәрбиясын бузатуғын ең кɵп тарқалған жағдай.


«Перзентлерим бахытлы болса болды...»

Көпшилик ата-аналар ушын перзентлери биринши орында турады. Оларды қәдирлейди, барлық қәлеўлерин әмелге асырыўға ҳәрекет етеди. Әсиресе, аналар өзлерин умытып барын балаларына бағышлайды. Бул жағдай бизиң жәмийетимизде «норма» жағдайға келип қалған. Тилекке қарсы, бул Әлем нызамларын қопал рәўиште бузыўға алып келеди. Не ушын? Себеби, Әлем нызамы бойынша «Ата-ана перзентлерине өзинде барын береди». Егер ата-анада саламатлық, бахыт, муҳаббат болса онда жақсы. Бирақ, көпшилик ата-аналар өзлерин перзентлери ушын отқа-шоққа урып, қатарынан қалмай оқытыў ушын, турмыс қурыўы ушын өзин қурбан етеди. Бундай ата-ана өзиниң бахыты, өзиниң саламатлығы ҳаққында ойлаўға ўақыты ҳәм энергиясы қалмайды. Перзентлери ушын жасайды. Оларға жақсы болыўын ойлап өзи кейинги орынға түсип кетеди. Әлем нызамына қарсы жасағаны ушын ўақыт өтип денсаўлығында ҳәм турмысында машқалалар көбейеди.
Өзи кейинги орында турып биринши орынға қойған перзентлерин қалайынша бахытлы қылыўы мүмкин?
Негизинде перзентлериниң бахытлы болыўын қәлеген ата-ана биринши орында өзи бахытлы болыўы керек. Сонда ғана перзентлерине жәрдем бере алады. Айырым ата-аналар сәўбетке келгенде «Мен көрмедим, енди перзентлерим көрсин»,-дейди. Яғный ата-аналар өзлери көрмеген бахытлы турмысты жаратыўды аңсыз рәўиште перзентлерине «жүклеп атыр», үйретип атырған жоқ. Бундай жағдайда перзентлерге аңсат болмайды. Себеби, олар тек өзлери емес, ата-аналары ушында ҳәрекет етиўге туўры келеди. Сол ушын ата-ана өзлери бахытлы болыўды ойласа перзентлердиң бахытлы болыўы аңсат болады.


Анаға қарап қыз ɵсер

Қыз бала ҳаял адам образын анасынан алады. Бунда ҳаялларда қандай образлар кɵп ушырасады? «Жертва Ҳаял», «Темир қатын», «Золушка Ҳаял», «Ана Ҳаял», «Робот Ҳаял», «Нервный Ҳаял» сыяқлы образларды қызлар анасынан кɵрип ɵседи. Сɵйтип олардың санасы астында усындай образлар қәлиплесип ɵзлериде ер жеткен соң анасындай болып жасайды. Және қыз бала анасынан Еркек+Ҳаял мүнәсибетин кɵрип ɵседи. Ол анасы менен әкеси арасында унамлы мүнәсибетти кɵрмесе, ɵзиде ер жеткен соң қалайынша Еркек+Ҳаял мүнәсибетин қурыў кереклигин билмейди. Ана ɵзиндеги Ҳаяллық сыпатларды тәрбия арқалы, үлги болыў арқалы қызына ɵткереди. Буның ушын анада ҳаяллық сыпатлары ашылған, қәлиплескен болыўы керек. Егер анада ҳаяллық сыпатлары аз болса қызының тәрбиясында машқалалар пайда болады, ер жеткен соң турмысында машқалалар болады. Ҳаялдың турмысы аўыр, машқалалы болса, демек онда ҳаяллық сыпатлары жетиспей атырған болады.


ƟСПИРИМЛЕРДЕ ДҮНЬҚАРАС

Ҳәр бир баланың ɵзиниң ɵскен шаңарағында, орталығында дүньяқарасы қәлиплеседи. Ɵзиниң ата-анасынан, жақынларынан кɵрген-еситкенлерине қарап пикирлейди. Ҳәр күни шаңарақта дастурхан басында айтылатуғын темалар, ата-анасының мүнәсибети ҳәм басқаларға қарап ɵмирге кɵз қарасы пайда бола баслайды. Буны түсиниўге бир ɵмир қудықта жасап, әлем тек усы жерден ибарат деп ойлаған қурбақа ҳаққындағы аңыз мысал бола алады. Тилекке қарсы, айырым ата-аналар ɵспирим перзентине ɵзиниң «қалақ» дүньяқарасын сиңдиреди. Келешекте ким болыўы ҳаққындағы сәўбетте оқыўшыларымнан бири «Бир күн мийнет етпесең аш қаласаң» деген пикир билдирди. Не ушын ондай пикирге келгенин сорастырсам әкеси күнлик жумыста ислеп ҳәр күнги тапқанына шаңарағына азық-аўқат алып келеди екен. Карантин ўақтында тарығып қалған ҳәм перзентлерине ɵзиниң «аш қалыў» ҳаққындағы қорқыўларын сиңдирип күни-түни мийнет етиў кереклигин уқтырған. Мен оған дүньяға белгили миллионерлер күнине 3-4 сааттан артық жумыс ислемейтуғынын, байлық тек физикалық мийнет пенен байланыслы емеслигин, билим алып қәлеген шоққыны ийелеўге болатуғынын түсиндиргенимде ақылына сыйдыра алмады. Ата-ана ɵзиниң дүньяқарасын дурыс деп биледи ҳәм перзентлерине үйретеди. Сол ушын олар ата-анасының ɵмирин қайталайды. Егер ɵзиңиздиң ɵмир ҳаққындағы дүньяқарасыңыз ҳәм әўметсизликлериңизди перзентлериңизде кɵриўди қәлемесеңиз, оларға «ɵмир тек қарын тойдырыўдан ибарат емес»лигин уқтырыў, мақсет қойып жасаўға үйретиў ҳәм дүньяқарасын дурыс раўажландырыў ушын ɵспирим ўақтынан баслап жақсы устазға шәкиртликке берген мақул.


Аш бала тоқ бала менен ойнамайды,
Тоқ бала ҳеш нәрсени ойламайды

Ата-бабаларымыз бул гәпти қуры айтпаған. Қәлеген тараўда табысқа-жетискенликке ерискен адамлардың балалығын үйренип кɵрсеңиз, олар балалығында жетиспеўшилик, қыйыншылықтың не екенин кɵрип ɵскен болады. Гений жазыўшы-шайырлар И.Юсупов, Ш.Айтматов ҳ.т.басқалардың балалығы ашаршылық ҳәм урыс жылларына туўры келген. Себеби жетиспеўшиликти кɵрип ɵскен балада әрман пайда болады. Ол әрманына, қәлеўине, мақсетине ɵзим ерисиўим керек деп пикирлейди. Себеби ата-анасы оны толық тәмийинлей алмайтуғынын биледи. Екиншиден, бундай адамлардың кɵпшилиги аўылда туўылып ɵскен болады. Себеби, аўыл баласы қара мийнеттиң не екенин биледи, ислеп кɵреди.
Енди бүгинги заманға қарайық. Бүгин шаңарақларда бала саны аз ҳәм тоқшылық заманы болғанлықтан ата-аналар балаларын әширеплей береди, бәрше қәлеўлерин әмелге асыра береди, сорағанларын бәржай келтире береди. Нәтийжеде тоқ бала ҳеш нәрсени ойламайды, әрман етпейди, алдына мақсет қойып ɵзим ерисиўим керек деп ойламайды. Екиншиден, комфорт адамды ериншек қылып қояды. Егер адам бала гезинен үй жумысларын, қара мийнеттиң не екенин билмесе ол ериншек-эгоист болып ɵседи. Әсиресе қалада жасаўшы ата-аналар буған итибарлы болыў керек, иләжы барынша балаға бәрше қолайлықларды жаратып бере бермеў керек, қара мийнетти ислетип кɵриў керек. Ɵзлериңиздиң балалығыңызды еслең. Адам балалығында қыйыншылық кɵрмесе, үлкейгенде басына қыйыншылық түссе кɵтере алмай қалады. Бүгинги шаңарақлардың кɵпшилигинде ул балалар ҳеш қандай мийнет кɵрмей (ата-аналары ул баласын жумсамайды, әширеплеп қойыпты) ɵсип атыр. Усындай тәрбия менен ɵскенликтен олар еркек бола алмайды, ɵзи қандай эгоист болса ɵзине уқсаған эгоист қызға үйленеди. Сонлықтан бүгинги келип Европада, Қубла Кореяда, Японияда жаслар шаңарақ қурғысы келмейди, қурғанларының кɵпшилиги ажырасып атыр, бизиң елдеде усындай машқалалар кɵбейип атыр. Себеби олар балалығында ҳеш қандай қыйыншылық, мийнет кɵрмей, эгоист болып ɵскен.


Перзентлер қәлбин жарақатлаўшы сɵзлер

Бахытсыз ата-аналар перзентиниң қәлбинде аўыр жарақат пайда етиўши сɵзлерди айтады.
- сени туўмаўым керек еди, сен туўылмаўың керек еди яки сени туўыўды қәлемеген едим,
- мен қыз емес ул бала болыўын қәлеп едим яки ул емес қыз болыўын қәлеп едим,
- сен себепли мен яки бизлер бахытсыз болып қалдық, сен себепли мен кесел болып қалдым,
- сен келе болмайсаң, сен адам болмайсаң, сен мына минезиң менен 10 байға тийетуғын шығарсаң яки 10 қатын алатуғын шығарсаң,
- сен жинлисең, ҳайўансаң, ийт, мал ешек, ақмақ, мәңгүр, терис путақ,
- сен мени ɵлтиретуғын болдың, маған, анаңа яки әкеңе бир нәрсе болса сен айыпкер боласаң,
- сениң әкең жаман адам еди яки сениң анаң жаман адам еди,
- маған сендей перзент керек емес, жақсы болмасаң, айтқанымды қылмасаң маған керек емессең яки сени жақсы кɵрмеймен,
- тек сени деп жасап атырман, сен болмағаныңда әкең менен жасамаған болар едим,
- бәрше үмитим сеннен, егер мени таслап кетсең ɵзимди ɵлтиремен,
Бундай сɵзлерден пайда болған қәлб жарақаты адамның тәғдирине унамсыз тәсир етеди. Адам балалықта пайда болған усындай қәлб жарақатларын психолог қәнийге жәрдеминде емлеўди үйрениўи керек.


Репост из: ҲАЯЛ ҳәм ШАҢАРАҚ
ШЕКЛЕЎ ҚЫЗЫFЫЎШЫЛЫҚТЫ КҮШЕЙТЕДИ

Адам тәбиятында зыянлы нәрселерге мейиллик күшли болады. Жасы үлкенлер балаларды зыянлы әдетлерден сақлайман деп оның керисин қылады. Яғный, балаға қанша шеклеў қойсақ сол нәрсеге қызығыўшылық күшейеди. Балаларға ҳәр күни қутырма, секирме, минбе, бақырма, қой, урыспа, ɵтирик сɵйлеме, урма, ылақтырма ҳ.т.б. айтамыз. Бирақ, балалар буның керисин ислейди. Себеби, биз «шеклеў – қызығыўшылықты күшейтеди» деген сана асты нызамын билмеймиз. Жас өспиримге сигарет шекпе, тәртипсиз балаларға қосылма деп тез-тез айта берсек буның керисин көремиз. Өспирим қызға телефонда көп сөйлеспе деген сайын ол жасырын сөйлеседи. Себеби биз ата-анамыз, жәмийеттен усындай тәрбия алғанбыз ҳәм буны перзентлеримизге қолланамыз. Және бир нызамды «тәбиятта бослық болмайды». Яғный, балада я пайдалы яки зыянлы әдет болады. Сонлықтан зыянлы әдетти шеклеў нәтийже бермейди. Буның орнына балада қалайынша пайдалы (китап оқыў, спорт, дөретиўшилик, мийнет етиў, үй ҳайўанларын бағыў) әдетлерди қәлиплестириў мүмкинлиги ҳаққында ойланып кɵрген мақул. Егер бала ата-ана тәрепинен кемситиўши, шеклеўши, қорқытыўшы сɵзлерди есите берсе, баланың қызығыўшылығы сɵнип қалады. Буның ушын перзентиңиздиң күшли тәреплерине (қызығыўшылығына) дыққатланып, сол тәрепин раўажландырыў керек.


Репост из: ҲАЯЛ ҳәм ШАҢАРАҚ


«Балалар психологы» болмайды
Балалар педагогы болады

Психолог қандай адамлар ушын? Ɵзиниң машқаласын түсинетуғын, шеше алатуғын, жуўапкершиликти ɵз мойнына ала алатуғын адамлар психолог пенен ислеседи. Яғный, белгили дәрежеде ер жеткен, руўхый жақтан саламат адамлар ушын. Руўхый жақтан кесел адамларды психиатр-шыпакер емлейди. Егер балада машқала болса профессионал психолог оның ата-анасы менен ислеседи. Себеби бала ɵзиниң психологиялық машқаласын түсинбейди, шеше алмайды, жуўапкершиликти ɵз мойнына ала алмайды. Баланың машқаласы тийкарынан ата-анасы менен байланыслы болады яки ата-анасы арқалы шешиледи. Егер ата-ана перзентиниң машқаласына, тәрбиясына, саламатлығына жуўапкершиликти ɵзине алғысы келмесе, бул жуўапкершиликти биреўдиң (шыпакер, палкер, тәўип, мақсым, муғаллим) мойнына жүклейди. Бундай жағдайда баланың машқаласы шешилмейди, ўақты келип (ер жеткен соң, ер жеткен адамлар машқаласы балалықта пайда болған) ҳәр түрли формада жүзеге шығады.

Балам тутлығып сɵйлейди

Баланың тутлығып сɵйлеўи- логоневроз деп аталады. Невроз- адамда руўхый жарақат (психотравма) себепли пайда болады. Балалардағы логоневроз кɵбинесе 3-5 жас аралығында пайда болады. Мине усы жаста бала ата-анасынан (ɵз-ара урысыўы, қорқыўы себепли) руўхый жарақат алады. Балының негатив эмоциялары (бас мийде) оның даўыс аппаратына тәсир етеди. Ал, бул негатив эмоциялар (образлар) ата-анасы менен байланыслы болады. Бул байланыс (синхронизация) унамлы тәрепке ɵзгериўи ушын, ата-ана ɵзгериўи (ɵз-ара мүнәсибети), балаға болған мүнәсибети ɵзгериўи керек. Жуўапкершиликли ата-аналардың перзентлери саламат болып ɵседи.


АТА-АНАДАН МИЙРАС

Ата-ана перзентине 3 түрли мийрас қалдыра алады.
1- Жақсы тәрбия бериў.
Бала гезинен жақсы тәрбия алып ɵскен адамның минез-қулқы жақсы болады. Минез-қулқы жақсы адам ɵмирде ɵз орнын табыўы, әрман-мақсетлерине ерисиўи аңсат. Себеби адамның характери қандай болса оның тәғдириде сондай. Характери жақсы адам биринши гезекте бахытлы-татыў шаңарақ қурады. Шаңарағы беккем адам күшли инсанға айланып, ɵмирде ɵз мақсетлерин әмелге асырып жасайды.
2. Илим-билим, ɵнер үйретиў, ɵз кәсибин табыўына жол кɵрсетиў. Балалығынан илимге-билимге қызыққан бала келешекте кɵп нәрсеге ерисе алады, буған ата-анасы тосқынлық қылмай, туўры жолды кɵрсетип, перзентиниң қызығыўшылықларын, талант-қәбилетин есапқа алып ɵнерге, кәсипке бағдарласа болды. Буның ушын баланы ҳәр қыйлы таярлықларға, курсларға қатнастырып барыў керек.
3. Ата-ананың адамларға қылған жақсылықлары, саўаплары, алған алғыслары перзентлерине мол несийбе, дәўлет болып ɵтеди. Бүгинги күнде кɵпшилик ата-аналар адамларға пайда тийгизиў, халыққа хызмет етиўдиң орнына перзентлерине қымбат машина, дәбдебели той, мебель, жай алып берип атыр. Егер ата-ана перзентлерине усындай материаллық нәрселерди алып бере берсе олардың тәғдири бузылады. Әсиресе, ул балалар еркек болыўы ушын ҳәмме нәрсеге ɵз күши менен ерисиўи керек. Оған ата-анасы материаллық жақтан жәрдем бере берсе ол еркек бола алмайды, алдына мақсет қоймайды, жуўапкерсиз болады.


УЯДА НЕ КƟРСЕҢ…

- егер балалар критика еситип өссе, олар өсек айтыўды үйренеди,
- егер балалар жәнжеллесиўди көрип өссе, олар жәнжеллесиўди үйренеди,
- егер балалар қорқытып тәрбияланса, олар ҳәмме нәрседен қорқатуғын болады,
- егер балалар әширеплеп өсирилсе, олар иләнәзик болып өседи,
- егер балалар қызғаншақлықты көрип өссе, оларда қызғаншақ болады,
- егер балалар уялтырыла берсе, өзлерин айыплаў сезими менен өседи,
- егер балалар қоллап-қуўатланса, өзлерине исеним менен өседи,
- егер балалар мийнети ушын мақтап турылса, олар өз қәдирин билетуғын болады,
- егер балалар мухаббат орталығында өссе, олар өмирди сүйетуғын болады,
- егер балалар қәдирленсе, оларда өмирлик мақсети қәлиплеседи,
- егер балаларға бөлисиў үйретилсе, олар сақый болады,
- егер балалар ҳаддаллық орталығында өссе, олар ҳақыйқатты билетуғын болады,
- егер балалар бахытлы шаңарақта өссе, олар бахытлы инсанлар болып жетилиседи.

Показано 20 последних публикаций.