Онкологиялық кеселликке шалынған ҳаяллар бийпул даўаланады-Президент қарары
"Ҳаяллар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, медицинаның бирлемши буўынында 30-65 жастағы ҳаяллардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық көрикке мирәт етиў системасы жаратылады.
Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаялларда жатыр мойны саратаны скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлы реакция тексериўи усылы арқалы анықлаў ҳәм суйықлық цитологиясы усылында тексериў жолы менен әмелге асырылады.
30-65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир мәртебе медицина хызметкерлери тәрепинен бирлемши саралаўдан өткериледи.
Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шалынғанлығы анықланған наўқасларды диагнозлаў ҳәм емлеў менен байланыслы барлық қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.
Ағзa болың:
https://t.me/taxta_tani