Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы пидайылары! Сизлерди бүгинги Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады.
Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери ең дәслеп, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған машақатлы ҳəм мақтанышлы кəсип ийелери есапланады.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
—
Ҳурматли Ватандошлар, қадрли Маданият ва санъат соҳаси фидойилари!Сизларни бугунги Маданият ва санъат соҳаси ходимлари куни муносабати билан самимий табриклаймиз.
Ҳар қандай халқнинг маданияти ва санъатига бўлган ҳурмат - бу ўша халқнинг ўтмиш тарихи, миллийлиги, урф-одат ва анъаналарига бўлган ҳурмат ҳисобланади.
Шунинг учун ҳам бугунги байрам илдизи чуқур тарихга эга кўп миллатли халқимизнинг, бутун юртимизнинг байрами, десак адашмаган бўламиз.
Маданият ва санъат соҳаси ходимлари энг аввало, бетакрор санъати билан халқимизнинг маънавий дунёсини бойитиб келаётган машаққатли ва шарафли касб эгалари ҳисобланади.
Ҳурматли соҳа ходимлари!Сизларни бугунги байрам билан табриклаб, барчангизга сиҳат-саломатлик, хонадонларингизга тинчлик-хотиржамлик, машаққатли ва шарафли ишларингизда улкан зафарлар тилаймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube