ШАХАМАН
Әскербай шайырға
Ғаррысында болмас нәлети,
Жигитлери айтпас ғәлети,
Қызлары бар-Аққуў балети,
Жазы әптап, қысы қақаман,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Шымбайдың дәл арқа жағында,
Шоқ тереклик уқсар сағымға,
Мейли сағын, мейли сағынба
Шайырларға болған атаман-
Әскербайдың журты-Шахаман.
Нурланып тур бағы-ағашы,
Татыў жасар жийен-нағашы,
Жаслайынан болған падашы,
Бул кәсиби мийрас атадан,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Шабандозы сайлар арғымақ,
Шабыў ушын жолда алдырақ,
Палўанлары тутса ар, бирақ.
Жаўырынын таўға тақаған,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Жүреклери кең гүзар екен,
Ўағырласып гилең қаракең,
Демес, сирә жайы тар екен,
Олар ушын болмас жат адам,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Даласында шеңгел, жантағы,
Жыңғыллықлар көзди тартады.
Бардым талай, барарман тағы,
Жазы әптап, қысы қақаман
Әскербайдың журты, Шақаман.
Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov
Әскербай шайырға
Ғаррысында болмас нәлети,
Жигитлери айтпас ғәлети,
Қызлары бар-Аққуў балети,
Жазы әптап, қысы қақаман,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Шымбайдың дәл арқа жағында,
Шоқ тереклик уқсар сағымға,
Мейли сағын, мейли сағынба
Шайырларға болған атаман-
Әскербайдың журты-Шахаман.
Нурланып тур бағы-ағашы,
Татыў жасар жийен-нағашы,
Жаслайынан болған падашы,
Бул кәсиби мийрас атадан,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Шабандозы сайлар арғымақ,
Шабыў ушын жолда алдырақ,
Палўанлары тутса ар, бирақ.
Жаўырынын таўға тақаған,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Жүреклери кең гүзар екен,
Ўағырласып гилең қаракең,
Демес, сирә жайы тар екен,
Олар ушын болмас жат адам,
Әскербайдың журты-Шахаман.
Даласында шеңгел, жантағы,
Жыңғыллықлар көзди тартады.
Бардым талай, барарман тағы,
Жазы әптап, қысы қақаман
Әскербайдың журты, Шақаман.
Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov