Yurist Kalbaev


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Право


Каналда юридикалық мағлыўматлар, жаңалықлар ҳәмде юристтың жеке пикирлери жазылады.
Ҳуқықый сорауларыңыз болса @Salamat_Kalbaev

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Tez kúnde úlken jańalıq

👉https://t.me/Yurist_Kalbaev


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


❗️Оқыўды "перевод етиў" бойынша арзалар 15-июлдан қабылланып басланады

📑 Министрлер Кабинетиниң 20.06.2017-жылдағы 393-санлы қарарына муўапық, 15-июлдан баслап жоқары оқыў орынларында (ЖОО) оқыўды көшириў процесслери басланады.

☑️ Оқыўды көшириў ушын арзалар Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайты арқалы 5-августқа шекем қабыл етиледи.

💡 Өзбекстан аймағындағы сырт ел ҳәм жеке жоқары оқыў (ЖОО) орынлары студентлери мәмлекетлик ЖООға өтиў ушын 5-30-август күнлери имтихан тапсырады.

💰 Өтиў балын топлай алмағанлар «супер-контракт» пенен қабыл етилиўи мүмкин.

🪧 Абитуриентлерге оқыўға кириўде берилетуғын жеңилликлер оқыўын көширип атырғанлар ушын əмел етпейди.

Студенттиң оқыўын көшириў ушын арза бериў тәртиби қандай? – Толық
Қандай жағдайларда студенттиң оқыўы көширилмейди? – Толық

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Қарекеңше ҳуқықый канал
👉 @xaliq_ushin


⚡️Студент контрактқа қабыл етилсе де, грант тийкарында оқыўы мүмкин

◾️Күндизги тәлим формасында ең жоқары балл топлаған 200 студент Президент грантын алады. Топлаў мүмкин болған максимал балл - 189. Егер студент контрактқа қабыл етилген болса, бирақ Президент грантына ылайық көрилсе, грант тийкарында окыйды

Президент гранты стипендиясы 1-курстан айма-ай төленеди. Бирақ студент бир пәнин "жоқары" баҳаға жаўалмай қалса да, кейинги сесместрде президент гранты стипендиясын емес, әпиўайы стипендия алады. Кейинги семестрден "жоқары" баҳаға өтсе, және грант стипендиясын алыўда даўам етеди. Бул стипендия муғдары Президент стипендиясы менен бирдей.

Оқыўды тамамлайман дегенше грант стипендиясын үзликсиз алған студентлер өз тараўы бойынша магистратураға грант тийкарында имтихансыз қабыл етиледи. https://t.me/maman_advokat


⚡️ Жоқары оқыў орнына кириўде кимлерге жеңиллик берилген?

1.
Зулфия атындағы сыйлықтың лауреатлары (ПП-2326-санлы Пәрман) бакалавриат ҳәм магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи.

2. Усынысқа (тавсиянома) ийе болған әскерий хызметти атқарып келген абитуриентлер (ПҚ-1765-санлы қарар) тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 50% муғдарында қосымша баллға ийе болады.

3. Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлериниң ҳәм оның қурамына кириўши министрлик және мәкемелердиң хызметкерлериниң перзентлерине (462-санлы қарар) квота тийкарында оқыўға кириўге усыныс бериледи. Усыныс мүддети 3 жыл.

4. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелери бакалавриат ҳәм магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи (ПҚ-3402-санлы қарар).

5. Жас әскерий хызметкер арасынан жоқары нәтийжелерди көрсеткенлерге әскерий бөлим командирлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми тәрепинен берилетуғын усыныс ийелери оқыў орынларына мәмлекетлик грант квотасына қосымша түрде имтихансыз қабыл етиледи (393-санлы қарар).

6. Майыплығы болған пуқаралар айрықша квоталар шеңберинде тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша таңлаўда қатнасады (393-санлы қарар).

7. Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына берилген усыныс олардың турақлы жасаў жериндеги жоқары оқыў орнының педагогика бағдарына таңлаўдан тысқары кириў имтиханларысыз грант тийкарында қабыл етиледи (914-санлы қарар).

8. «Темурбеклер мектеби» питкериўшилери жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген және қәнигелестирилген оқыў орынларына оқыўға кириў тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 30% муғдарында қосымша баллға, ал басқа жоқары оқыў орынларына тапсырғанда болса – 15% муғдарында қосымша баллға ийе болады (393-санлы қарар).

9. Әскерий музыка академиялық лицейи питкериўшилерине жоқары әскерий оқыў орынларына оқыўға кириў тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 30% муғдарында қосымша баллға, ал басқа жоқары оқыў орынларына тапсырғанда болса – 15% муғдарында қосымша баллға ийе болады (393-санлы қарар).

10. «Тәрбияшы» республика таңлаўы жеңимпазы, медициналық мәкемелер мийрибийкелериниң «Мийрибийке» (Ҳамшира) республика таңлаўы жеңимпазы, «Ниҳол» сыйлығы жеңимпазлары тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм фондлардың усынысларына муўапық бағдары туўры келетуғын жоқары оқыў орынларына таңлаўдан тысқары кириў имтиханларысыз грант тийкарында қабыл етиледи (393-санлы қарар).

11. Мәденият министрлигиниң музыка, аяқ ойыны, театр, фольклор, сондай-ақ Көркем-өнер академиясының сүўретлеў және әмелий көркем-өнер ҳәм дизайн бағдарлары бойынша республика ҳәм халықаралы таңлаўлар жеңимпазларына Мәмлекетлик комиссияның қарары менен тийисли жоқары оқыў орынларының кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларында тараў бойынша ең жоқары балл, белгиленген пәннен максимал балл бериледи (393-санлы қарар).

12. Халықаралық ҳәм республика олимпиадалары, таңлаўлар, жарыслар, танымалы стипендиалар жеңимпазлары болған питкериўшилер тест сынақларысыз ҳәм имтиханларсыз тийисли бағдарлар бойынша жоқары оқыў орынларына қабыл етиледи. Президент ҳәм басқа мәмлекетлик стипендиялар жеңимпазлары болған студентлер тийисли қәнигелиги бойынша магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи (393-санлы қарар).

13. «Мехрийбанлық үйи», Балалар поселкалары питкериўшилери, SOS – балалар мәканлары, шаңарақлық балалар үйлери питкериўшилери, сондай-ақ, қайырқомлыққа, қәўендерликке ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балалар (25 жасқа толмаған) ушын қосымша 1% ке шекем грант тийкарындағы қабыллаў квоталары ажыратылады (ПҚ-5216-санлы қарар).

14. Шет тили бойынша В1 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе болған абитуриентлер шет тилинен тест сынақларында максимал балл бериледи ҳәм шет тили бойынша тест және имтихан тапсырмайды (393-санлы қарар).

15. Халықаралық имтихан сертификатларына (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳ.т.б.) ийе абитуриентлер шет тилинен тест сынақларында максимал балл бериледи ҳәм шет тили бойынша тест және имтихан тапсырмайды (468-санлы қарар).

Дерек

https://t.me/maman_advokat


⚡️Қарақалпақстанға инвестиция киргизген исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер бериледи

Президенттиң Пәрманына муўапық:

👉 исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен 5 млрд сумға шекемги кредит ушын кепиллик шәртнамасын бир тәреплеме бийкар етпеў шәрти менен кепиллик бериледи. Бунда кредит инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәм айланба қаржыларды қәлиплестириў ушын алынған болыўы керек.

👉 киши ҳәм жаслар санаат және исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкасын, имарат ҳәм қурылысларды меншиклестириўге русхат бериледи;

👉 ғалабалық саўдаларда 3 ай даўамында сатылмаған мәмлекетлик объектлерди электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс берген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериледи.

👉 саўда, улыўма аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобиллерге жанылғы қуйыў және электр қуўатландырыў станцияларын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылатуғын кредитлердиң бир бөлеги Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды есабынан қаплап бериледи.

🔔 Постты исбилерменлерге жибериң.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @XALIQ_USHIN


Баланы сырт елге алып шығыў тәртиби қандай?

🪪 Бала 18 жасқа толғанға шекем мәмлекеттен сыртқа алып шығыў ушын оған сырт елге шығыў биометрикалық паспортын алыў керек.

❗️Бала басқа мәмлекетке турақлы жасаў ушын шығып баратырғанда ата-анасының екеўиниң де разылығы талап етиледи. Бунда егер ата-ананың биреўи разылық бермесе ямаса баланы алып шығыўға қадаған қойылған болса, балаға паспортты берилмеўи ушын тийкар болады.

☑️ Баланы сырт елге алып шығыўға қойылған қадаған үстинен судқа шағым етиў мүмкин.

🛃 Сырт елге шығыўға биометрикалық паспортты алыў ушын төмендеги ҳүжжетлерди тийисли Ишки ислер уйымының Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине (паспорт стол) тапсырыў керек:

· белгиленген формадағы арза-анкета;
· биометрикалық паспорт ямаса ID-карта яки 16 жасқа толмаған пуқаралар ушын туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық;
· алдын берилген шет елге шығыў паспорты (егер бар болса);
· ўәкилликли уйымның қарары (шет елге шығыў паспорты дәлил ретинде алып қойылғанда);
· мәмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққындағы квитанция;
· ата-ананың (қәўендер (қайырқомның) баланың сырт елге шығыўына нотариал тастыйықланған разылығы;
· бала менен бирге шет елге шығыўшы пуқараның нотариал тастыйықланған миннетлемеси.

💰 Биометрикалық паспорт ушын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 1 есеси (340 мың сум), ал 16 жасқа толмағанлар ушын БЕМның 80% (272 мың сум) қурайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉 @Xaliq_ushin


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мəмлекет мүлкин ижараға бериў саласындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик күшейтирилди


Президент тəрепинен имзаланған Нызам (ӨРН-933-санлы, 19. 06. 2024 ж.) менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымшалар киргизилди

🔰Оған көре:

🔹Мəмлекет мүлкин белгиленген тəртипте ижара шəртнамасын дүзбестен ижараға бериў, ижараға алынған мəмлекет мүлкин қабыл етип алыўда, ижара қатнасықларының объекти аймағына кириўде ҳəм оннан пайдаланыўда ижараға алыўшыға тийкарсыз түрде тосқынлық етиў ямаса ижараға берилип атырған мəмлекет мүлкиниң параметрлери ҳəм санын ижара шəртнамасында надурыс көрсеткен ҳалда мəмлекет мүлкин ижараға бериў:

➖лаўазымлы шахсларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 700 мың сўмнан 3 млн 400 мың сўмға шекем) муғдарда жəрийма салыўға себеп болыўы;

🔹Тап сондай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тəкирар əмелге асырылған болса:

➖лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем (3 млн 400 мың сўмнан 5 млн 100 мың сўмға шекем) муғдарда жəрийма салыўға себеп болыўы белгиленди.

📌Нызам рəсмий дағазаланған күннен баслап күшке киреди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Renessans podcast.
Pikirlerińizdi jazıp ketiń


Assalawma aleykum bárshege. Húrmetli kanal aǵzaları
Men Quday qalese iyul ayında bilimlendiriw tarawı boyınsha jańa joybar podcast baslayjaq edim. Bul podcasttıń atın ne dep qoysaq boladı?
Usınıs hám pikirlerińizdi kútip qalaman.😊

👉https://t.me/Yurist_Kalbaev


⚡️Енди пуқаралар ҳәм исбилерменлер ҳәкимшилик судларға арза бергенде олардан бажы төлеў талап етилмейди

✅ Президенттиң 08.05.2023-жылдағы ПП–67-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-январдан баслап ҳәкимшилик судларға шағым етиўде пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

💰Бунда бажы суд исин қарап шығыў нәтийжесине қарап айыплы деп табылған тәрептен өндириледи.

☝️Яғный, пуқара ямаса исбилермен қандайда бир мәмлекетлик уйымның қарары үстинен ҳәкимшилик судқа шағым еткенде оннан алдын ала бажы төлеў талап етилмейди.

❗️Егер пуқараның ямаса исбилерменниң шағымы қанаатландырылмаса, бажы оннан өндириледи, ал егер қанаатландырылса айыплы мәмлекетлик уйымынан өндириледи.

☝️Бул жаңалық мәмлекетлик уйымлардың қарарлары ямаса лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлеринен наразы болған пуқаралар ямаса исбилерменлер бажы пулы ҳаққында ойламастан судқа шағым етиў имканын береди.

📌Басқа тәрептен бул норманың енгизилиўи ҳәкимшилик судларда жумыс көлеминиң артыўына да алып келиўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉@Xaliq_ush
in👈🏻


❗️14-июннан баслап Onix ҳәм Tracker машиналары процентсиз бөлип бериўге сатылып баслапты

💵 UzAuto Motors компаниясы Chevrolet Onix ҳәм Chevrolet Tracker автомобиллерин төмендеги шәртлерде процентсиз бөлип төлеўге сатып баслаған:

🚘 Chevrolet Onix:
- 50% басланғыш төлем;
- 24 айға айлық төлеми 3,7 млн сумнан басланады.

🚙 Chevrolet Tracker:
- 60% басланғыш төлем;
- 18 айға айлық төлеми 4,9 млн сумнан басланады.

- 70% басланғыш төлем;
- 24 айға айлық төлеми 2,7 млн сумнан басланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


❗️Көше бийлерин ҳәм “домком”ларды сайлаў тәртиби тастыйықланды

🔰Министрлер Кабинетиниң қарары менен Көше бийлери хәм үй бийлериниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.

🙋🏻‍♂️ Бул режеге тийкар, бийлер сол аймақта турақлы ямаса ўақытша жасаўшы пуқаралардың пуқаралар жыйыны баслығы басшылығындағы жыйналыста ашық даўыс бериў жолы менен сайланады.

📣 Сайлаўға талабанлар ҳәм сайлаў ўақты ҳаққында сол аймақтың пуқараларына сайлаў күнине кеминде 5 күн қалғанда хабар бериледи.

✅ Сайлаўда қатнасыўшылардың ярымнан көбиниң даўысын топлаған талабан бий етип сайланған есапланады.

⏳Бийлер 5 жыллық мүддетке сайланады.

💰Бийлердиң жумысын хошаметлеў төмендеги формаларда әмелге асырылады:

✅Министрлер Кабинетиниң 23.02.2021-жылдағы қарарға тийкар коммунал төлемлер бойынша компенсациялар бериў;

✅ҳәкимликлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары белсенди бийлерге пул сыйлықлары ҳәм естелик саўғаларын бериўи, мәмлекетлик сыйлықларға усыныўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


Қурбан ҳайыты мүбәрек болсын әзиз заманласлар!

👉https://t.me/Yurist_Kalbaev


Respect👍👍


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жәмийетлик саламат пикир қәлиплесиўинде жасларымызға жасүлкенлеримиз өрнек болыўы керек ! Жаслардың күш - жигерин саўаплы ислерге бағдарлаў бизлерге ҳәм қарыз, ҳәм парыз !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Siziń ruqsatıńızsız foto yáki videolarıńızdı sociallıq tarmaqlar arqalı tarqatqan shaxslarǵa qanday shara kóriledi?

Tolıq maǵlıwmat videoda

https://www.instagram.com/reel/C7UJtIbNMKW/?igsh=MWRmODRtcTMwOHNwOQ==

👉@Yurist_Kalbaev


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Durıs👍👍

Jası úlken aǵamızdıń bir sózi bar
Haq tilep gezseńdaǵı, elden bezbe

👉https://t.me/Yurist_Kalbaev

Показано 20 последних публикаций.