(Дауамы)
—Сөйтип қыз жеңгелери менен ҳәммемиз шықтық.
Үйге кирип телевизорды қойып та үлгермедик.
—Ўай-ўай, қурып қалдық. Қыз жоқ!—деген ҳаяллардың шаўқымынан жаңалыққа жаны қумар биз де подъездге атлығып шықтық.
—Ийт ширкин, Гүлжан менен Жәнибек пиянщик қызды зорлап әкелгеннен кейин бизлерди алып кетеди, деп басқа жаққа жоқ еткен. Оңбағырлар, сениң! Қашанғы жасырып қояр екен?! Оннанша, сондай-сондай, тасалаў жерге бир түнеп шыққанша бала менен жибердик, десе түсинемиз ғой. «Жоқ, жоқ, бизлер де билмеймиз. Ушты-күйди жоқ болып кетти», деп өтирикке өзлери де ар-сар болып атыр. Жоғалып кететуғын ийне ме өйтип, бизиң қызымыз? Ҳәзир көресең, сен, Гүлжан саллақы. Мәрзия шешем олсыз да пәтке минип отырыпты, —Қыз жеңгелери усылайынша пүткил жайды басларына көтерип Мәрзияның квартирасына кирип кетти. Бизлер де бардық.
Ҳәмме барып, енди Мәрзияға қыз жеңгелери жағдайды айтайын деп атырғанда бөлмениң балкон бетки есиги ашылып, қашып кеткен қызымыз Розахан кирип келип турыпты. Ҳеш нәрсе билмегендей, ҳәмме менен бир бас ийзеп сәлемлести де төрги бөлмеге өтип кетти. Барлығымыз лалмыз. Бираздан соң Мәрзия кемпир:
—Қоңсыларым, рахмет, сизлерге. Бара бериңлер. Мен өзим қыз бенен жеке сөйлесип көрейин, — деп ҳәммемизди шығарып жиберди.
Бул ўақыядан кейин ертеңи-ақ қыз алып қашыўдың сырын билип алдық. Бизиң «дом»лардың ҳаялларын билесиз ғой, ЦРУ дың агентлеринен де тәжирийбели: жер астындағы жыланның жылжығанын биледи. Ўақыя былай болған екен: Розахан түсте сәл ертерек жумысынан киятырса усы қызды алыўды кеўлине түйип жүрген Жәнибектиң баласы өтип баратырған оны подъезде услап алып, үйине сүйрелеклеп киргизеди: сөйлеседи, аймалайды. Қыздан онда да қарсылық болмағаннан соң жигит бийшара: бул — қыздың мениң менен турмыс қурыўға келискени, деп ойлап ағасы-апасына «келин әкелдим» деп айтып салады. Бул гәпти қулағы шалған Розахан жигитке:
—Мен сени бирге отырыўға еки-үш саатқа киргизген шығар, деп ойлап едим. Сениң менен турмыс қурыўға разы емеспен. Сеннен не рәҳәт көремен? Я машының, я бөлек жайың, я жумысың жоқ. Арақтан түскен бес жүз, мың сомың менен мени баға алмайсаң. Өзимниң мошный, ғәрежети көп ойнасым бар: «Нексия» менен күнде келип турады. Жақсылап көзине түсип, кеўлин аўлап, басын айландырып, соның екиншиси болып отыражақпан, — деген. Сонда да бала пақыр айдай Розаханды қолдан шығарғысы келмей, әри-бери жалынған, бөлмеден шығармаған. Сонда сумлық етип, басым аўырып кетти, деп балконға шығып, жасында азы-кем спорт пенен шуғылланған Розахан ап-аңсат ғана жоқарыдағы өзиниң балконына көтерилип кеткен екен.
Алланазар Әбдиев, халық жазыушысы