Charjau_Elmuratov


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Образование


Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Образование
Статистика
Фильтр публикаций


Буннан бир неше жыл алдын жазылған "Мецанат ямаса жомартлық" атамасындағы публицистикалық мақаламыз Дөретиўшилик мектеплери ушын арналған 8-класс, "Ана тили" сабақлығына киргизилипти.

Мақала баспасөзде - Қарақалпақ әдебияты газетасында және социаллық тармақларда толығы менен жәрияланды.

Канал: @charjau_elmuratov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Канал @charjau_elmuratov


#Архив

Қарақалпақ көркем өнери ҳәм мәдениятының бир топар пидайылары баспасөз бетлеринде


Канал: @charjau_elmuratov


#Архив

Қызыл Қарақалпақстан газетасының 1970-жылдағы санларының бири

Сүўретте: Отелла ролиндеги Қуўатбай Әбдиреймов

Канал: @charjau_elmuratov


#Архив

Әмиўдәрья журналы

Канал: @charjau_elmuratov


#Бүгин

Бүгин елимизде мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни.

Сәне мүнәсибети менен барлық тараў пидайыларын кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз!

Канал: @charjau_elmuratov


Мақтымқулы

ПАШ ЕТЕР СЕНИ

Ишки сырың айтпа ҳешбир нәмәртке–
Сырың елге жайып, паш етер сени!
Уры-гәззап пенен аўыллас болма,
Малыңнан айырып,  аш етер сени!

Самсам  адам менен отырма-турма,
Зинҳар, нәмәрт пенен сен сәўбет қурма,
Қәдирдан достыңнан жүзиңди бурма,
Барсаң – төбесине таж етер сени!

Бир ғош жигит нәзелимге йар болса,
Жамалыны бир көрмеге зар болса,
Арасында бир сум рәқиб  бар болса –
Жақсы достың меннен өш етер сени.

Суўфылар жаңылып айтпас сәнаны,
Сәҳәр турсаң, кешгей бәрше гүнаны,
Айтпағыл ғыйбат сөз, етпе  зинаны,
Дозақтың отына дус етер сени!

Мақтымқулы елге жайдың нәсийҳат,
Зинҳар,  жаман менен болмағыл үлпет,
Қуда берсе саадатлы бир перзент –
Қартайған шағыңда жас етер сени!

Қарақалпақшалаған Сағынбай ИБРАГИМОВ


Үлкен-киши бәрше теңдей жүгинип,
Арзы-ҳалын айтып, тыңлап, уғынып,
Журтынан кɵз алмай бағар тигилип,
Қылды қақ айырған әдил Нызамым!

Еркин өмиримиздиң нәўпир сағасы,
Ығбал дәрьямыздың нурлы жағасы,
Елдиң кәтқудасы, халықтың ағасы,
Мәсләҳәт-кеңесши мениң Нызамым!

Ҳеш кимге бас ийип, я ойлап сумлық,
Мәртебе дәмем жоқ бир қара пуллық,
Саған қол қаўсырып әйледим қуллық,
Мәрдана ҳүким сүр мениң Нызамым!

Та, Адам-Атадан халқымның жасы,
Ҳаўа-Ене туўған арғы анасы,
Ҳақыйқаттың гәўҳар тәрезиси-тасы,
Қалтқысыз сɵйлейди мениң Нызамым!

Оңланып өмирдиң қәте-кемиси,
Наҳақлық үстинен мудам жеңиси,
Бул бағдың ада болмас жемиси,
Сарқылмас нур киби мениң Нызамым!

Тили жәўҳар киби, өткир жанары,
Жүректе ақыл-ой, белде мәдары,
Ўатанымның буўған алтын Кәмары,
Мениң дин-ийманым, Мениң Нызамым!

Халила Дәўлетназаров

Канал @charjau_elmuratov


#Архив

Республикалық «Жеткиншек» газетасының 2024-жылдағы 1-2-санлары


Канал @charjau_elmuratov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Аралым_қайт

🌊 Жаслама интеллект Арал теңизи суўға толса қандай болыўы мүмкин екенлигин сүўретлеп берди.

Канал @charjau_elmuratov


#Архив

Республикалық «Жеткиншек» газетасының 2023-жылдағы 45-46-санлары


Канал @charjau_elmuratov




Ҳүрметли Ўатанласлар!

Сизлерди руўхый пәклениў, сабыр-тақаат, шүкиршилик ҳәм қайыр-сақаўат сыяқлы жоқары инсаныйлық пазийлетлерди өзинде жәмлеген әйям - Рамазан ҳайыты менен шын-кеўилден қутлықлайман!

Усы мүнәсибет пенен Сизлердиң ҳәр бириңизге ҳәм шаңарағыңызға аманлық, ығбал-бахыт ҳәм қут-берекет тилеймен.

Рамазан айында еткен нийетлериңиздиң бәри қабыл болсын!

Ҳүрмет пенен,

@charjau_elmuratov


Қарақалпақ миллий балалар ойынлары.

"Тоғыз қумалақ
"

Республикалық "Жеткиншек" газетасының 08.05.2012-жылдағы 19-саны (6-бет).

Канал @charjau_elmuratov


ҲЕШ КИМ СЕНИҢ КӨЗ-ЖАСЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ,ҲЕШ КИМ СЕНИҢ ҚАЙҒЫЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ,ҲЕШ КИМ СЕНИҢ АЗАПЛАРЫҢДЫ БАЙҚАМАЙДЫ.БИРАҚ,ҲӘММЕ СЕНИҢ ҚӘТЕЛЕРИҢДИ БАЙҚАЙДЫ.

ХАРУКИ МУРАКАМИ.

*****

Ҳақыйқатында да, кесел адамның аўырыў азабын өзинен басқа ҳеш ким сезине алмағанындай, сениң дәртиңди өзиңнен басқа ҳеш ким жақсы сезе алмайды.

Мүмкин ондай түсимпаз адамлар табылып та қалады. Егер ондай адам бар болғанда, ол ҳақыйқый инсан болады.

Канал @charjau_elmuratov


Конференция_хаты_15.04.2025ж.pdf
248.0Кб
🌐 «Абай ҳәм Қарақалпақ әдебияты» атамасындағы халықаралық онлайн илимий конференциясына бәршеңизди мирәт етемиз!

🗓 Әнжуман 2025-жыл 15-апрель күни болып өтеди.

🛫 Мақалалар 2025-жылдың 1-апрель сәнесине шекем қабыл етиледи.

🌐 Конференцияға материаллар қарақалпақ, қазақ, өзбек, рус, инглис тиллеринде қабыл етиледи.

⚡️ Конференция материаллары топламы электрон тәризинде шығарылады. Бәрше қатнасыўшыларға сертификатлар (электрон) бериледи.

Шөлкемлестириўшилер: Қазақстан Республикасы Абайдың «Жидебай-Бөрили» мәмлекетлик тарийхый-мәдений ҳәм әдебий-мемориаллық музей-қорықханасы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи.

👉 https://t.me/adebiyatmuzeyi


2025-жыл №1-сан-1 (2).pdf
3.2Мб
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Көркем өнер ҳәм мәденият хабаршысы» илимий-методикалық журналының  2025-жылдағы 1-саны

Журналдың 105-110-бетлеринде бизиң авторлығымыздағы гезектеги илимий мақала жәрияланды

Канал @charjau_elmuratov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан Республикасы телерадиоканалының «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниң 22.03.2025-жылғы саны.

Спорт министрлигиниң қәнигеси Дилшад инимиз бенен бирге баслаўшылар – Дәстан ҳәм Мийригүл менен соңғы жылларда елимизде этноспорт ҳәм миллий ойынларды раўажландырыў бағдарында әмелге асылып атырған илажлар, миллий ойынлардың жас әўладлар тәрбиясындағы әҳмийети ҳаққында сәўбетлестик.

Сәўбет даўамында баслаўшылар тәрепинен орынлы пикир-усыныслар да берилди.

Канал: @charjau_elmuratov


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Қыз Сағынышы" Ферял Башел Түзүнниң атқарыўында

Дерек: Қосықты ютупта тыңлаў ушын...

@charjau_elmuratov


Ҳүрметли Ўатанласлар!

Бәриңизди миллий қәдриятларымыздың тымсалы болған, ең уллы байрамымыз – Наўрыз әййямы менен шын-жүректен қутлықлайман!

Наўрыз бул жаңаланыў, жасарыў, тәбияттың қысқы уйқыдан ояныўы және мийрим-шәпәәт ҳәм гөззаллық әййямы. Миллий өзлигимизди аңлаўдың руўхый суўсыны болып табылады.

Байрам мүнәсибети менен ҳәр бирииңиздиң шаңарағыңызға аманлық, қут-берекет, ығбал-бахыт ҳәм алдағы ийгиликли ислериңизде бәрқулла әўмет яр болыўын тилеймен.

Аспанымыз ашық, елимиз тыныш болсын!

Ҳүрмет пенен,
Ч.Елмуратов


@charjau_elmuratov

Показано 20 последних публикаций.