Бизиң Сағын
1977-1982-жыллары
Москвадағы
М.Горький атындағы Әдебият Институтында оқыды.
Ҳәм сол жыллары аўылларынан лимит пенен келип
миллий топарда оқып атырған көплеген қыз-жигитлерди көрген.
Мысалы:
Дағыстаннан
ҳәр 5 жылда бир топар жаслар Әдебият Институтын питкерип, аўылларына кетер еди.
Бул Дағыстанлы талантлы жаслар
Дағыстан Халық шайыры
Расул Ғамзатовтың жеке өзиниң бақлаўында болған.
Т.Қайыпбергенов Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўкамы баслығы болып ислеген жыллары бизиң Сағын
Аўқамда баслықтың орынбасары хызметин атқарды.
Сол ўақта Аўқамның архивин тәртиплестирип отырып,
Москвадағы М.Горький атындағы Әдебият Институтынан
Қарақалпақстанға да
"Талантлы жасларыңызды оқыўға жибериң" - деген хатлар келгенин көрген.
Бирақ, жыллар даўамында ол хатларға ҳеш итибар болмаған...
Соннан Сағын өзи билим алған Институтқа Қарақалпақ топарын ашыў ҳаққында хат жоллайды.
Т.Қайыпбергенов бул исти мақуллап,
хатқа қол қояды.
Институттан "Обком да тастыйықлап, қол қойыўы керек" деген хат келеди.
Сағын Обкомға жолығып, ол жерден де хат алады.
Соң, газета-журнал, телевидениеге дағазалар бериледи.
Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўкамына
50 ден аслам жас жазыўшы-шайырлардың жумыслары келип түседи.
Соннан бизиң Сағын
7-8 жумысты таңлап алып, ҳәм олардың авторлары менен жеке ушырасып, олардың жазба рус тилин қай дәрежеде билетуғынын өзи тексерип болып, сол жумысларды Москваға жибереди.
"Хожелиден бир талантлы жигит болды. Ол келмей қалды.
Аты-жөнин умыттым.
Ол жигитти көп күттик" - дейтуғын еди Сағын .
Солай етип, 1989-жылдың жазында
7 қызды ертип, Сағын
Москваға жол алады.
Бир қыздың,
Гүлпаршын Садықованың әкеси
Турдыбай Садықов бирге барады.
7 қыздың ишинде екеўи онша оқыўға итибарсыз болады.
Биреўи Нәўбәҳәр деген қыз,
5 қыз Әдебият Институтына оқыўға түсип, қысқы каникулға аўылға келгенлеринде,
студент қызларға:
сондай мүмкиншиликти қолдан берип қойғанына өкинетуғынын көп тәкирарлап айта берген.
Бул бес қыз - Москвадағы Әдебият Институты қарақалпақ топары деп аталып, олар аўдарма
(Переводчик) жумыслары менен шуғылланатуғын топары болып тәлим алған.
Қарақалпақ Жазыўшылар Аўқамы -
Қарақалпақ жазыўшы-шайырларының мийнетлерин рус тилине аўдарып, дүнья жүзи китапқумарлаға танытыў мақсетинде
Москвадағы Әдебият Институтында усы топардың ашылыўына жуўырып - жортып еди.
Бул бес қыз -
Бахыт Ғаниева,
Мухаббат Камалова,
Гүлшат Дәниярова,
Амангүл Бекмуратова ҳәм
Гүлпаршын Садықовалар.
Бул қызлардың ишинде
Бахыт көп жыллардан бери
Жоқарғы Кеңесте аўдармашы болып ислейди.
Амангүл жеке буйыртпаларды аўдарады.
Болғаны...
Бул қызлар бир Аўқамның ўақтында оқыўға кирди.
Соның арасында ол Аўқам тарқап кетти.
Институтты питкерген ўақлар
белгисиз ҳәм түсиниксиз жылларға туўры келди...
Сол сапары бизиң Сағын 5 кызды
Москвадағы Әдебият Институтына оқыўға орналастырып үйге келгенинде,
21-киширайондағы бир бөлмели квартирамызға досларымыз жыйналып,
"Сағынбай бир дипломат пул менен келген шығар. Қәне, дипломатты ашың" - деп еди.
5 қыздың ата-анасынан параға мол-молқай пул алды, деген гәп еди бул...
"Өйиппей, ал, пул тапсаңыз, ҳәммеси сизлердики" - деп едим мен.
Сол сапары,
Шымбайлы қызым
Мухаббат Сағынға:
"Апаға апарып берерсиз" - деп мощный киттай ғана болып жыйналатуғын суп-сулыў
япоп зонтигин берген екен.
Бизиң Сағын:
"Яқ. Яқ. Алмайман" - деп таслап кеткен.
Үйге келип, өзи сол ўақыяны айтып отырған ўақлары досларымыз:
"Пулы бар дипломат қәне" - деп кирип келип еди...
Арадан
35 жыл ўақытты өткерип,
Әдебият Институты есиги алдында күлип турып,
усы ўақыяларды еске алдық...
26.10.2024