Кешеги күннен қысқаша
Биз қайырқомшылық командамыз еле бир-биримизди танымасақда, жыйналған сумманы өз ийелерине жеткериў мақсетинде Нөкис дийхан базарына жыйналдық. Сол жерде азық-аўқатты бөлисип, базарлық ислеўге киристик. Саўдагерлерде қайырқомшылық ушын дегенимизге көп өнимниң баҳасын түсирип берди, және көп нәрсеге ақшамыз жетти. Жыйналған сумма 2 220 000 сум, биз бул суммаға 6 шаңарақтың азығын ала алдық🙂, ендиги нәўбет тарқатыўға👉
Орайлық базарда отырып сумкаларды бөлистирип тақладық, хәр үйге 2 сумкиден тийди, шүкир, бирақ ең үлкен машқаламыз бул көлик табыў болды(( Биздиң әўметимизбе, арамызда кимниңдур танысы дамас айдайды екен, сол келди) Машинаға сумкилерди саларын салыппызда бирак оларды санамаппыз🤦♀, хәм содан үйлерге үлесиўди баслап жибердик✅
Мен мүтаж шаңарақларды каналға сорап жазғанымда маған бир атаны (жалғыз өзи туратуғын ) усыныс етти, мен ол атаның жағдайын еситкен соң, оған қалай болмасын барыў керек дедим, лекин оның үйи Нөкистиң аржақлаўы болған соң, оған ең соңында барыўды нийет еттик.
Сол затларымызды үйлерге тарқатып жүргенде, адамлардың сезимлерин көрип бир жеңил тартаааасаң🫠.
Ең аянышлы момент 5-үйге келгенде қарасақ, машинада тек 3 сумки қалған оныңда бир сумкисинда тек порошок-сабын бар, сонда хәммемиз шокда болдық 2 сумка қаяқта деп???
Биз бастан баслап ойландық, видеолардыда көрип шығып атырмыз, сондада тәўекел базарға барып көрейик деп шештик(( ең қыйыны мениң қатты барғым кеп турған атаға келгенде сондай болды😭 Сөйтип, базардың артына жақынлаўдан көзимиз 2 ак сеткиге түсти, Алланың мейрими шығар бизлердин сумканы бир ағалар алып қойган екен😊
Ендиги қызығымыз былай, ол 2 сумкада бирдей затлар бар😐 ягный биз бир үйге бирдей 2 сумка берип жибергенбиз, оданда беттер 1сумка порошок-сабынды не қыламыз??? Ақыры сабын-соданы алған жеримизге барып, ең қурмағанда 4еўиниң ақшасын қайтып алдық ҳәм ол пулға ана сумкада жоқ затларды алып келдик. Ендиги нәўбет мен айтып атырған атаға барыў)
Ол атаның мәнзилиде бираз алыс екен, бардық, барсақ атаның жүзинде күлки, тек қолы көксинде рахмет айтабереди☺️, еки сумканың бирдейлигиде атаның несийбеси шығар, себеби жақында кемпириниң садақасын бериўи керек боп тур екен.
Бәлким Аллада аманатты жеткере аламекен деп бизди сынаған шығар, дурыс азмаз албырадық, қәтелер бизден өтти хәм буның ушын бәршеден кеширим сораймыз 🙏 хәм бәршеге, барлығыңызға үлкен рахметлер айтамыз, миннетдармыз🫶 шүкир епледик!
Берип атырған садақаларыңыз, қосып атырған үлеслериңиз Алла дәргәйында қабыл болсын🤲.