Тез арада қала көшелеринде 70 км/саатта ҳәрекетлениў мүмкин болады
Нызам жойбары менен тезлик
пенен байланыслы қағыйдабузарлықлар бойынша радар ҳәм спидометрлер көрсеткишлериниң қәтеликлеринен келип шығып, дизимге алынған тезликтен 10 км/саат шегирилген ҳалда ҳәкимшилик жаза қолланылыўы нәзерде тутылмақта.
Бүгинги күнде әмелиятта тезликти өлшейтуғын арнаўлы үскенелер ҳәм транспорт қуралларының спидометрлери көрсеткишлериндеги жол қойылыўы мүмкин болған жәми қәтелер есапқа алынып, олар атап өткен тезликтен саатына 5 километр шегирилген ҳалда ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылып келинбекте.
Мәселен, ҳәрекетлениў тезлиги 60 км/саат белгиленген аймақта радар тәрепинен 69 км/саат тезлик пенен ҳәрекетленген деп табылған айдаўшыға итималлы қәтелик пенен 64 км/саат (-5 км/саат) тезлик ушын жәрийма қолланылады. Белгиленген қағыйдалар бундай жағдайлардың алдын алыўға, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.
️@Nizamshiliq — Нызамшылыққа байланыслы жаңалықлар