Бала психологиясы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Семья и дети


Бала (перзент) психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


⚡️Кеселликлерди шақыратуғын сөзлер

❗️Носсрат Пезешкиан биринши болып, анық қандай сөзлер адамда кеселликти келтирип шығаратуғынын дәлиллеген.

1. Барлығы мениң мойнымда - остеохондроз;
2. Ҳәммеси жаныма тийди - онкологиялық кеселликлер;
3. Жүрегиме қатты алдым - жүрек инфаркти;
4. Маған машқалалар бас аўырыўы болды - мигрень;
5. Қанымды ишти - қан кеселликлери;
6. Сабыр кесем толды - гипертония;
7. Еситиўди қәлемеймен, өш - гереңлик;
8. Нервимди сынама - депрессия;
9. Өмиримде қуўаныш жоқ - баўыр, өт қалта кеселликлери, семириў;
10. Өзин-өзи жеў, басқалардың исин қабыл ете алмаў - жара кеселликлери;
11. Өлердей шаршадым - урологиялық кеселликлер раўажланыўын дәлиллеген.

❗️Сонлықтан бундай сөзлерди айтыўдан, әсиресе балаларға өрнек болыўдан тыйылыў керек.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☝️Қытайдағы бағша режими

П/с: Қарақалпақстанда усындай бағша ашылса ата-аналар балаларын бериўге гезекке туратуғын шығар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


❗️Енди Қытайдағы ҳәр бир бала жасалма интеллектти үйрениўи шәрт

Пекин барлық баслаўыш ҳәм орта мектеплерде жасалма интеллект билимлендириўин мәжбүрий етип қойды.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәр бир оқыўшыға, ҳәттеки 6 жасар балаларға да, жылына кеминде сегиз саат жасалма интеллект сабақлары бериледи.

Енди мектеплерде муғаллимлерди оқытыў, сабақ режелерин жаңалаў, илим ҳәм техника сыяқлы пәнлерге жасалма интеллектти енгизиў зәрүр. Бул Қытайдың жаслықтан жасалма интеллект көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм дүняда алдында болыўға қаратылған ҳәрекетиниң бир бөлеги.

Мақсет - балаларды жасалма интеллект пенен ертерек тәмийинлеў, соль арқалы олар жасалма интеллект ҳәр тәреплеме тарқалған дүняда жумысқа таяр болып өсиўи ушын.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Ул балаға керегинен артық ғамхорлық етиў оны күшсиз етип таслайды

✅ Ол машқалаларын өзи шешип үйрениўи керек - сонда келешекте өзине исенген, күшли ҳәм еркин инсан болып жетилиседи.

☝️Бул ең әпиўайы процесслерден басланады. Мысалы, сәл аяғының ушында турса қолы жететуғын жерден затты өзине алдырыў, төсегин өзине жыйнатыў, ойыншықлары менен ойнап болғаннан кейин орынларына тақтайлатыў, дослары менен конфликтте яки биреўден бир нәрсени сораўда қыйналғанда жол жоба көрсетип қыйын жағдайдан өзи шығыўына имкан бериў ҳ.т.б.

🔔 Бул видеоны ул перзенти бар ўатанласларымызға жиберип қойың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бала тығылып қалғанда не ислеў керек?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☝️Балаларға аяқ кийим алыўда пайдалы “лайф хак”

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❓Неге балалар папасын яки мамасын көргенде жылап жибереди?

Психологтың түсиндириўинше, бала оның ең жақын адамлары папасы ҳәм мамасын өзиниң қорғаўшылары деп биледи, олардың қасында өзин қәўипсиз сезеди. Соның ушын бала ата-анасын көргенде өзин тыйып тура алмай жылап жибереди.

Ал бала бағшада ямаса мектепте яки ата-анасынан басқа жерде болғанда өзлерин тыйып күшли болыўға ҳәрекет етип, жыламай, тәрбияшының (муғаллимниң) айтқанын қылып жүреди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi


💖 Бахытлы болыў ушын

🪽 қолларыңызды – ис пенен,
❤️қәлбиңизди - мухаббат пенен,
📈санаңызды - мақсет пенен,
📚ақылыңызды - пайдалы билимлер менен,
🤍 келешекти- үмит пенен толдырың!

©️Жалалиддин Румий

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


❗️Китап балаларға сезимлерин жылаўлаўды үйретеди

Данияда бир класс ханасында балалар шеңбер болып отыр. Бүгин олар ушын әдеттеги сабақ – сезимлер (эмпатия) сабағы.

Муғаллим сораў береди: «Соңғы мәрте қашан ашыўың келген еди? Сол гезде нелерди сезиндиң?» Балалар гезек пенен айтып берди – кимдир инисине ашыўы келген, кимдир ойында утылып қапа болған, және кимдир достысы менен урысып жылаған. Муғаллим олардың сезим-туйғыларын додалайды, оларды түсиниўге ҳәм басқарыўға жәрдем береди.

Бундай сабақлардың мақсети әпиўайы: балаларды өз сезимлерин түсиниўге, басқаларды түсиниўге ҳәм жәмийетте социаллық бейимлесиўди жаратыўға үйретиў.

Илимий изертлеўлер соны көрсетеди, өз сезимлерин түсинип, басқара алатуғын инсанлар руўхый жақтан беккемирек болады, күшли қатнасықлар қура алады ҳәм ҳәттеки билим алыўда әўметлирек болады.

Бизлерде мектепте бундай өз алдына пән жоқ. Бирақ бул ҳаққында улыўма сөйлесип болмайды дегени емес.

Китап оқыў ҳәм әдебият сабақлары сезимлерди түсиниў ушын әжайып имканият! Ҳәр бир гүрриң негизинде сезимлерге бай. Қаҳарман неге бундай жол тутты! Сол ўақытта ол нени сезди! Егер сен оның орнында болсаң, өзиңди қандай  сезер едиң! Неге оған ашынып атырсаң! Усындай сораўлар балаларға китапты тек ғана оқыў емес, оны сезиўге, сол арқалы өз сезимлерин үйрениўге имканият береди.

Ҳәр бир муғаллим, ҳәр бир ата-ана бул «Дания усылы»н китап оқыўына алып кире алады.

Психологлардың айтыўынша, қорқыў, стресс сыяқлы жағдайлардың көбейиўи де мине, усындай сезимлеримизди түсинбегенлигимизден болып есапланады…

Балалықтан сезимлерди түсиниўди балаға үйретиў ҳәр бир педагог ямаса ата-ананың қолында. Оған болса ең үлкен жәрдемши китап оқыў, әдебиятқа қызықтырыў. Үлкенлер балалардың өз сезимлерин түсиниўи ушын да кишкенелер менен китап оқыўды әдетке айландырыўы керек.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Баланың ақыллы болыўы анаға байланыслыма ямаса әкесинеме?

Балалардың интеллекти кимнен өтеди?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Бала не ушын ата-анасының айтқанын қылмайды?

Неге бала айтқанды қылмайды? Бул жағдайды келтирип шығарыўшы ең көп ушырасатуғын 5 себеп ҳаққында тоқталып өтемиз.

1. Сиз сораған нәрсени ислеўди қәлемейди. Бала да басқа үлкен адамлар сыяқлы сезимлерге, пикирлерге, мүтәжликлерге, қәлеўлерге ийе. Ол робот ҳәм солдат емес ҳәр дайым сизиң айтқаныңызды қылаберетуғын. Қәлемейди – болғаны. Буның оған қызық емес, зериктиретуғын, түсинбейтуғын, еринип кететуғын яки басқа себеплери болыўы мүмкин.

2. Сораған нәрсеге емес ал гәпиңиздиң тонына қарсылық көрсетеди. Арасында биз өзимиз сезбеген ҳалда балаларымыздан буйрық ҳәм «яқ» деген жуўапты қабыл етпейтуғын тонында бир нәрсени ислеўди сораймыз. Олар буған жуўап ретинде протест билдирип, өзлерин бундай қатнасықтан қорағайды.

3. Балаңыз бенен араңызда жыллылық ҳәм түсинисиў сезимлери жетиспейди. Егер араңызда жақсы эмоционаллық қатнасық болса, бала айтқанларыңызды булжытпай ислейди, ҳәттеки өзине унамаса да. Алдын жақсы қатнасық кейин айтқанды ислеў.

4. Баланың тапсырманы еле сиз күткендей етип орынлаўға ҳәм нәтийжени көрсетиўге уқыбы жоқ. Баланың еле айырым көнликпелери ҳәм билими жеткиликли болмағаны ушын оған тапсырманы түсиниў, оны орынлаў қыйын болыўы, сизиң күткениңиз еле реал жағдай менен сәйкес келмеўи мүмкин.

5. Бала не қәлесе сол болыўына үйренген. Ата-анаға балаға үйретиўге, қызықтырыўға тәжирийбе, төзим, қатаң пикир ҳәм избе излик жетиспейди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🤱🏻Бала ушын Ананың сүти ең жақсы тәбийий иммунитетти беккемлеўши ҳәм микробларға қарсы гүресиўши азық

Видеода ананың сүти зыянлы микробларды 10 минуттың ишинде жоқ қылғаны көрсетилген.

Соның ушын нәресте илажы барынша көбирек ана сүти менен азықланғаны дурыс.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Баланы ғәрезсизликке үйретиў ең керекли тәрбия

❓Сиз де перзентиңизди усыған уқсаған усыллар менен өз бетинше қарар қабыллаўға үйретип атырсыз ба?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

👤Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☘️Балалардың епшиллигин ҳәм зийреклигин арттырыўшы үй шараятында ислеўге болатуғын ойынлар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мына қыз китаптағы мәселени көрип, оны шешиўден көре китаптан қутылыўды мақул көрди. 😄

☝️Гейде мәселени қурамаластырмай, аңсат жолын табыўда балалар үлкенлерге жақсы өрнек болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


⚡️Баладағы қәбилетти жоғалтыўшы нәрселер ҳаққында билесиз бе?

1. Бетине урыў. Баланың бетине яки басына урыў мийдеги 300-400 клетканы өлтиреди екен. Басты сыйпаў болса мийде таза клеткаларды пайда етеди;

2. Электрон ойынлар социаллық интеллектти, сөзлик зийреклигин (сөз байлығын, тапқырлығын) жоқ етеди. Ҳәдден зыят итибар қаратылғанынан мийге қан қуйылыўына, мий клеткаларының ертерек набыт болыўына себепши болады. Жасы үлкейгенде онда шеберлик, тәжирийбе жетиспеўшилиги бақланыўы мүмкин;

3. Ананы оның баласының алдында ақыретлеў баланы қорқақ, уялшақ етип қояды, саламат пикирлеўи төменлейди. Себеби изертлеўлерге қарағанда бала қабилетин анасынан алады;

4. Баланың пикирлер үстинен күлиў, ол ислеген ислерин хошаметлемеў нәтийжесинде ондағы мотивация, умтылыў сезимлери төменлеп кетеди;

5. Бала менен турақлы сөйлесип, ҳал-аўҳалын сорамаў. Бала менен контакт есиклериниң жабық болыўы ондағы сөз байлығын, жәмийетке араласыў қәбилетин (адаптация) ҳәм зийреклигин төменлетип жибереди. Баланың гәпине әҳмийет бермеў, оны тыныш турыўға шақырыў, айырым жағдайларда оған улыўма итибар қаратпаў оның өзине исеними төменлеўине, ишиндеги гәплерин ҳәр дайым жасырып, анық мәселе бойынша пикир айтпайтуғын болып қалыўына алып келиўи мүмкин.

6. Суў ишиўге итибарсызлық. Айырым ата-аналар балаларының суў ишиўине итибар берместен, чай, газлы ишимлик ямаса басқа суйықлықларды ишиўи жеткиликли деп ойлайды. Бирақ, мийдиң 85% суўдан ибират болғаны ушын ҳеш бир суйықлық суўдың орнын баса алмайды. Соның ушын күн даўамында бала суў ишип турыў керек. Оқыўда сабақ ўақтында да ҳәр 45 минуттан 1 стакан суў ишип турыў баладаға қолайсызлықлардың (жөтел, түшкириў, стулды қыймылдатыў, столды ысырыў сыяқлы) алдын алыўға хызмет етеди.

7. Азанғы ҳалқасты жемегени бала ушын зыянлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Изертлеўлерге қарағанда, халқасты жемейтуғын адамларда қандағы шекердиң муғдары төменлеп кетеди екен. Бул болса мий клеткаларына жетерли дәрежеде азықлық жетип бармаўына алып келеди ҳәм клеткалар бөлекленип кетеди.

8. Фаст-футларды илажы барынша балаға алып бермең, себеби олардың қурамында жасалма майлар ҳәм тәбийий емес элементлер бар болып, баланың раўажланыўына кери тәсир етеди. Соның ушын да фаст-сут Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен ең зыянлы аўқатлардың бири деп тән алынған.

9. Баланың қәбилетин ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алмастан оны қандайда таярлық курсларына яки дөгереклерге бериў күтилген нәтийжени бермейди;

10. Балаларға балалардай болып жасаўына имкан берместен, көп жуўапкершилик жүклеў ҳәм оқыўды қатты талап етиў керек емес. Жуўапкершиликли жумыслар ҳәм сабақларын таярлаў ушын белгили ўақыт ажыратып, қалған ўақтын өз қәлегендей етип өткериўге руқсат берген мақсетке муўапық. Сонда оларда креатив пикирлеў, ғәрезсиз шешим қабыл етиў қәбилетлери жақсы раўажланады.

11. Баланы биринши жазыўды үйренип атырғанда ҳәриплерди майдарақ етип жазыўға мәжбүрлемең. Себеби үлкен ҳәриплер менен жазыў балада өзине исеним ҳәм еркинликтиң белгиси болып есапланады. Егер жазыў майда болса, бул баланың өзине исеними ҳәм еркин пикирлеўиниң төменлигинен дәрек береди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


❓Нәрестениң иши неге желлеседи?

«1 айлық нәрестемниң иши желлесип кете береди. Соның ушын шығар, көп жылайды. 3-4 күнде зорға ҳәжет шығарады. Бул жағдайдан мен де, балам да қатты қыйналып кеттик. Маған не мәсләҳәт бересиз?»

— Бириншиден, баланы емизип болған соң кеминде ярым саат қарнын қарныңызға басып көтерип жүриң. Себеби, бала емип атырғанда оның мурнынан қарнына ҳаўа кирип қалады. Әне, сол ҳаўа шығып кетиўи ушын баланы вертикал ҳалатта көтериў шәрт. Оны емизип бола сала жатқызып қойыў надурыс.

Егер мине усы әпиўайы қағыйданы орынласаңыз, перзентиңиз сол заматта-ақ кекире баслайды, қарнына жыйналып қалған жел де дәрриў шығып кетеди. Аўырыў ҳәм шаншыўлар да жоғалады.

Баланың иши жүрмей атырғанына және неврологик машқалалар себепши болыўы мүмкин. Себеби, мийде қан айланыўы бузылса, бул өз гезегинде асқазан ҳәм ишеклерге тәсир қылады. Нәтийжеде нәрестениң иши жүрмейди. Ҳәм ол тынымсыз иш қаталаўына бейим болып қалыўы мүмкин.

Сонлықтан, егер зәрүрлик болса, баланы невропатолог көригине алып барыў мәсләҳәт етиледи. Қәниге оны зәрүр тексериўлерден өткизип, анық бир жуўмақты айтады.

Сондай-ақ, өзиңиздиң де жеў-ишиўиңизге шынтлап әҳмийет қаратыўыңыз шәрт. Себеби, бәршемизге мәлим, ана тутынатуғын ҳәр қандай азық, әлбетте, балаға тәсир етпестен қалмайды.

Және мына нәрсени айрықша айтып өтиўди қәлер едим: ананың иш қаталаўға бейимлилиги ўақты келип балада да қайталаныўы мүмкин. Демек, бул машқала өзиңизде де болса, оны сапластырыўға кирисиң. Балаңыз күшке толғанға дейин имканы барынша диета сақлаң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Балаларды чеснок жеўге үйретиң!

☝️Бул видео арқалы чесноктың қаншелли дәрежеде пайдалы екенлигин өз көзиңиз бенен көрип билип алыўыңыз мүмкин.

🧄Чеснок адам организминдеги ҳәр түрли паразитлерге қарсы гүресиўши ең жақсы тәбийий қурал.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


🧠Пайдалы лабиринтлер!

Балаңыздың өз бетинше қарар қабыл етиў қәбилетин раўажландырыўшы лабиринтлер.

Лабиринтлер және баланың көзлериниң қатар ҳәм бетлер бойлап әсте ҳәрекетлениўине жуўап бериўши көриў системасының моторлы функциясын раўажаландырады.

Яғный бала дистанциядан турып алжаспай қатар бойлап оқыўды хәм көз бенен “жүриўди” жақсы үйренеди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi

Показано 20 последних публикаций.