Ҳаялдың тәбийий жәмийетлик роли – ана ҳәм ҳаял болыў. Бирақ заманагөй жәмийетте бул роль кемситиледи, ол туўралы жийи менсинбей айтылады: «Ол әйтеўир үй бийкеси, үйинде бала бағып отырыпты». Тап үйде отырған қәте ҳәм уят нәрседей. Ҳәр бир ҳаял жәмийетте көтерилиўи тийис, олар еркектен кем емес, еркек ислеген барлық нәрселерди олда ислеўге тырысыўы керек дейиледи. «Гендер теңлиги» идеясы усыған қаратылған. Бирақ буның ақыбетлериниң бири – балалардың қараўсыз қалыўы.