Пүткил әдемде бизлер балалардың қараўсыз қалып атырғанын көрип атырмыз. Балалар 24 саат ана муҳаббатын алыўлары керек. Бирақ, олар басынан баслап таслап қойылған яки балалар бақшасына ҳәм мектеплерге ярым тасланған. Көбинесе балалар үйлерине қайтады, бирақ олар келсе үйде ҳешким жоқ. Сонлықтан «Ҳәзирги баллар, жаслар басқаша, түсиниксиз, айтқанды қылмайды, жасүлкенлерге қулақ салмайды…» деп, оларға таңланыўдың кереги жоқ. Әсиресе ҳәзир бул және кең тарқалмақта… Балалар ана меҳирине, муҳаббатына мүтәж, бирақ заманагөй ҳаял-қызлар аналық әҳмийетли есапланған орталықта тәрбияланбаған.
Ҳәзир аналық – карьера, жумыс, мәртебе арттырыў ушын гедерги болып есапланады, бирақ бул – феминизм. Мүмкин ол айырым ҳаялларға пайда алып келер, бирақ ҳаял-қызлардың басым көпшилиги аўыр жумысларда ислеўине туўра келмекте. «Ҳаў ол жумыс ислеп атыр, пул таўып атыр» деп айтарсыз, лекин ҳаял ушын жумыс – бул жүдә көп стресс ҳәм конкуренцияны аңлатады. Бирақ олар перзент тәрбиялаў, перзентлер менен мүнәсибетте болыў ҳәм перзентлер ушын қурбанлықтың рәҳәтин билмейди, булар болса – ҳаялдың тәбийий физикалық ҳәм психологиялық хызметидур.
«Ҳаял-қызлар тарийх даўамында эксплуатация қылынған, енди ҳаяллардың дәўири келди, енди олар еркеклерди аяқ асты қылыўы ҳәм барлық жағынан бирдей екенлигин көрсетиўи керек» деген феминизмниң жалған идеясы алға сүрилмекте. Бирақ бул ҳақыйқат емес. Ҳаяллар басқаша, болғаны.
Б.В.