‼️
"Прописка" системасы бийкар етиледи.Сенаттың үшинши жалпы мәжилисинде пуқараларды жасаў ҳәм турыў орны
бойынша дизимге алыўды
жетилистириўши нызам мақулланды.
Бул Нызам менен әмелдеги «Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етилиўи керек болған шахслардың категориялардың дизими ҳаққында»ғы Нызам бийкар етиледи.
🚨 Енди әмелдеги прописка талаплары бийкар етилип,
"Е-хабар бериў" системасы енгизиледи. Ол арқалы пуқараларды
дизимге алыў ҳәм есапқа алыў электрон түрде әмелге асырылады.
📰 Пуқаралар дизимнен өтпей жасаў мүддети
15 күннен 10 жумыс күнине қысқартылады.
➕ Сондай-ақ, паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын
18 жасқа толмаған ҳәм 60 жастан асқанлар жуўапкершиликке тартылмайды. Яғный, усы жастағылар паспорт (ID-карта) мүддети өткени, жойтып яки жарамсыз ҳалға келтиргени ҳәм усы сыяқлы ҳуқықбузыўшылықлар ушын жазаға
тартылмайды.
❕Нызам еле қабыл етилмеди, қабыл етилсе каналымызда толық мағлыўмат бериледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉
@Yuristler_akademiyasi