Дослық қосығы
Гитарада қосық жоллапсаң достым,
Көтерилип қалды кеўлимниң хошы,
Маған болған шексиз сый-ҳүрметиңнен,
Дәрҳал жүрегимде оянды йошым.
Ишки мазмунына аўдарып дыққат,
Дослық қосығыңды уйып тыңладым.
Оқығандай мисли сағынышлы хат,
Қәдирданлық сезимиңди аңладым.
Жүректен сырласып қосық арқалы,
Жоллап қойдың сәлемиңди жалынлы.
Кеўил бөлиў шын дослықтың арқаўы,
Алыстан уққандай болдың жанымды.
Ғалма-ғалын ойлап қысқа өмирдиң,
Ҳәр ким көмешине жүрер күл тартып.
Достын ойлар дос сыйлады тәңирим,
Бул дүньяда бахыт бармекен артық.
Нәр алып гитара таратқан сестен,
Кем-кемнен көркейди жүрек жағысым.
Ардақлап алғаның ушын да еске,
Садық достым, саған шексиз алғысым.
Кеўилди толқытып қосық ҳәм нама,
Жақын етер екен дослар жүрегин.
Меҳриңнен өзимди бахытлы санап,
Дослығымыз мәңгилигин тиледим.
Меҳир көзде, меҳир кеўил бөлиўде,
Есленбесе қатнасықлар үзилер.
Көзге ысық дийдарыңды көриўден,
Кеўлимди безеди дослық сезимлер.
27-март, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Гитарада қосық жоллапсаң достым,
Көтерилип қалды кеўлимниң хошы,
Маған болған шексиз сый-ҳүрметиңнен,
Дәрҳал жүрегимде оянды йошым.
Ишки мазмунына аўдарып дыққат,
Дослық қосығыңды уйып тыңладым.
Оқығандай мисли сағынышлы хат,
Қәдирданлық сезимиңди аңладым.
Жүректен сырласып қосық арқалы,
Жоллап қойдың сәлемиңди жалынлы.
Кеўил бөлиў шын дослықтың арқаўы,
Алыстан уққандай болдың жанымды.
Ғалма-ғалын ойлап қысқа өмирдиң,
Ҳәр ким көмешине жүрер күл тартып.
Достын ойлар дос сыйлады тәңирим,
Бул дүньяда бахыт бармекен артық.
Нәр алып гитара таратқан сестен,
Кем-кемнен көркейди жүрек жағысым.
Ардақлап алғаның ушын да еске,
Садық достым, саған шексиз алғысым.
Кеўилди толқытып қосық ҳәм нама,
Жақын етер екен дослар жүрегин.
Меҳриңнен өзимди бахытлы санап,
Дослығымыз мәңгилигин тиледим.
Меҳир көзде, меҳир кеўил бөлиўде,
Есленбесе қатнасықлар үзилер.
Көзге ысық дийдарыңды көриўден,
Кеўлимди безеди дослық сезимлер.
27-март, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev