Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
* * *
Дүньяда адамнан күшлирек ямаса әззирек, адамнан батырырақ ямаса қорқағырақ, адамнан ақыллырақ ямаса напәмирек, түсиниўи қыйын қоспалы, өзгермели қайсы мақлуқат бар? Не ҳаққында ойлап, не жөнинде қыял сүр, бәршесиниң баслаўшысы болып көз алдыңда адам турады. Сол ушын шығар, адам ылайдан жаратылған дейди, себеби, ылайдан қай сүреде, қандай нәрсе соға беретуғыны есапқа алынып, сөйделинген болса таажип емес.
Ал, минези ме? Әне, ең қоспалысы, түсиниксизи усы!
Ерназар алакөз Михайловты, оған ерген Теңел менен Қәллибекти узатысып, қайтысын өз жолдасларының үйли-үйине тарқасыўына руқсат берип, тоғайдағы жалғыз қасқырдай бир өзи қайтып киятырғанда тап усы тақлетте ойлап, басқаларды түўе өзин-өзи түсинбей, гейпара демлеринде өзиниң адам ямаса әйтеўир мақлуқат екенин айыра алмай, мийи шыр-шыр. Гә атынан түсип, өзин оннан артық санамай қатарласып пияда жүрди.
Не деген алданыў!
Адамларға не керек?
Өзине не керек?
Ендиги қыял: гә аяғынан жер бастырып, гә ерге мингизип киятырған шым-шытырық ойларын, иске аспаған әрманын, барлық сәтсизликлерин анасына айтып жарылыў. Оннан соң тезирек өле қойыў. Сонда ғана мийин жеген бәрше машқаладан, бас-аяқсыз түсиниксиз ойлардан биротала қутылады.
- Ассалаўма әлейкум, Ерназар аға.
Ол басының ишиндеги көп елестиң бири шығар деген ой менен үндемеди. Даўыс және қайталады. Ерназар иркилди.
- Кимсең?
- Мен Бердақпан, Ғарғабайдың баласыман.
- Сен Қарақум ийшанға қатнап оқып жүргениң жоқпеди?
- Жақында қуўып жиберди.
- Неге?
- Шайырлығымды жақтырмады.
Ерназар оның ойнақшыған көзлеринде шаршағанлықтан көре көп наразылықтың изин аңламай, қабағын үйди.
- Сорлы жетимниң қалтасына теңге салсаң, түби тесик шығады екен-дә, иним. Әкең жарлы, елиң жарлы. Оңлырақ, диянатлырақ билим алып, әкеңе, елиңе пайда тийгизсең болмай ма?
- Ерназар аға, шаршағансыз.
Жалғыз өзи тоғай аралап тәбияттың гөззаллығына мәс болып жүрген жас шайыр және тоғайға сиңип кетти.
Ерназар сол демде-ақ, ким менен ушырасқанын умытты.
"Орысы дийўал"ға және айналып келип, оның гедир-будыр ызғар дийўалын жабадай қоллары менен бир майдан сыйпалады, соңынан ашыў менен түкирип жиберип бир тепти де қайтып көргиси келмей ғырра изине айналды.
- Ҳа, Ерназар, барлық ашыўың сол дийўалдамеди?
Ол өзине таныс Гүлзийбаның даўысын еситсе де, көргиси келмей, ақбоз аты менен қатарласып пияда кете берди.
Гүлзийба атынан түсип жетелеп, оған теңлести.
- Усылай ететуғыныңды билип, ашыў менен тоғайда қалып қоймасын деп келдим.
Алакөз адымларын пәсеңлетип, оны урып жибериў ушын қолын мушлап турды да, өзин басты.
- Неге урмадың?
- Ҳәй, сен, не бәлесең өзиң?
- Адамман, ҳаялман!
Гүлзийбаның сабырлылығы оған түйрелген пышақ болып, енди ғана бас көтерди.
Гүлзийба тойға баратырғандай болып кийинген еди. Алакөз бир шекелеңкиреп қарап, жақтырмай мурнын жыйырды.
- Менде не жумысың бар?
- Сен шаршағансаң. Анаў қосқа жүр, дем ал.
- Онда ҳәзир адам жоқ.
- Билемен. Сол ушын келдим. Жүр.
Ерназардан ерк кетип изине қайтты.
"Орыс дийўал" қасындағы қостың кийиз ғалыларын ҳәр ким бөлисип әкетип, астына төселген сабан тозаңғытып шашылып жатыр еди. Гүлзийба оларды жөнлеп төсестириўге киристи. Алакөз оның қолынан услап тартып жығыўға нийетленип еди, Гүлзийба қағып жиберди.
Ерназар тентиреклеп кетти.
- Ғарры байдың көп дүньясының пуўы көтерип етиң қышып келгениң жоқ па?
- Отыр!
Ерназар оның буйрығына ерксиз бағынып, босағаның алдында үнсиз ғана малдасын қурынды.
- Сени аўыл ағасы деп арзы айтыўға келдим.
- Сөйле.
- Қыз бала басқа үйдиң шырасы дейди, мен болсам жанбадым.
Ерназар кек етип күлди.
- Қыз бала! Енди кимге тиймекшисең? Мәдирейим алмады ма? Жийениң Мәўлен сарыға тий.
- Сен әбден шаршағансаң. Сабанның үстине шығып жат, мен аяқ-қолыңды қысайын.
- Маўыққан пышық!
- Делбе болайын деп турсаң, қәне, жат, - деп ол түргелип, қолынан сабанның үстине қарай тартып еди, гезегине ол қағып жиберди, Гүлзийба жығылса да, көзди ашып-жумғанша түргелип және асылды.
(Даўамы бар)
Канал:
t.me/BaxitliSaribaev24. 03