Кешеги күниңди умытпа
Қайдан шықты бунша көкирек?
Инсан көрки болыў кеңирек,
Жаўлады ма дүнья көбирек?
Кешеги күниңди умытпа!
Мурныңызда бир батпан самал,
Бенде табар кемликтен камал,
Ел үмити болмасын обал,
Кешеги күниңди умытпа.
Зорға әлик алдың қол ушы,
Шертиспейик, мейли, ол ушын,
Жақынларға керек оңысық,
Кешеги күниңди умытпа.
Әззилерди тутпадың мисе,
Демиңизге бүгин нан пискен,
Асқынламаң, түсиң сәл пәске,
Қыйналған демиңди умытпа.
Турғандайсаң дүньяны тиреп,
Кеткен жоқ па кеўилиң кирлеп?
Жүрмиз инсап дарыўын тилеп,
Қоллаған жанларды умытпа.
Баҳалайды, халық - тәрези,
Жоқдур сизде қастым - ғәрезим,
Кетпесин-әў жақын жан безип,
Басқан жолларыңды умытпа.
Әшкар болар жүздеги нықап,
Нәкаслықты болар ма ақлап,
Баратырсаң кимлерге уқсап?
Әлпайым болыўды умытпа.
Кемтарлықта данышпанлық бар,
Жан болайық ел-журтқа унар,
Шақырса да қол жетпес шыңлар,
Минилген таўыңды умытпа.
Көтерилгил көкке, аспанға,
Сүйсиндирер дәрья тасқанда,
Қанша асыўлардан ассаң да,
Кешеги күниңди умытпа!
15-март, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev
Қайдан шықты бунша көкирек?
Инсан көрки болыў кеңирек,
Жаўлады ма дүнья көбирек?
Кешеги күниңди умытпа!
Мурныңызда бир батпан самал,
Бенде табар кемликтен камал,
Ел үмити болмасын обал,
Кешеги күниңди умытпа.
Зорға әлик алдың қол ушы,
Шертиспейик, мейли, ол ушын,
Жақынларға керек оңысық,
Кешеги күниңди умытпа.
Әззилерди тутпадың мисе,
Демиңизге бүгин нан пискен,
Асқынламаң, түсиң сәл пәске,
Қыйналған демиңди умытпа.
Турғандайсаң дүньяны тиреп,
Кеткен жоқ па кеўилиң кирлеп?
Жүрмиз инсап дарыўын тилеп,
Қоллаған жанларды умытпа.
Баҳалайды, халық - тәрези,
Жоқдур сизде қастым - ғәрезим,
Кетпесин-әў жақын жан безип,
Басқан жолларыңды умытпа.
Әшкар болар жүздеги нықап,
Нәкаслықты болар ма ақлап,
Баратырсаң кимлерге уқсап?
Әлпайым болыўды умытпа.
Кемтарлықта данышпанлық бар,
Жан болайық ел-журтқа унар,
Шақырса да қол жетпес шыңлар,
Минилген таўыңды умытпа.
Көтерилгил көкке, аспанға,
Сүйсиндирер дәрья тасқанда,
Қанша асыўлардан ассаң да,
Кешеги күниңди умытпа!
15-март, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev