Ҳаял
Пазыйлетиң мийрас Ҳаўа Енеден,
Ким гүлге, ким қуяш, нурға теңеген,
Пийриң Бийпатмадан алып өнеге,
Өмирди көркейтип жасайсаң, ҳаял!
Әзелден сабақлас қустың тәғдири,
Ҳәмири жат журтлық етиў тәңирдиң,
Дүньяға келгели бийик қәдириң,
Меҳир-муҳаббаттың сағасы, ҳаял.
Тулымшағы салбыраған қыз болдың,
Қәстерленер қылдан жиңишке жолың,
Ержетип он сегиз көклемге толып,
Бахытлы жигитке қол бердиң, ҳаял.
Өмирдиң гүлтажы, сәни, өзеги,
Шаңарақтың уйытқысы, безеги,
Қара түн бергенде таңға гезегин,
Қарсыладың бесик тербетип, ҳаял.
Аңызды еситип шынтлап таң қалдым,
Сөзден жеңип шығып жумсапсыз ханды,
Тәрийпиңди жырлаў ушын ғамландым,
Ақыл-парасатың сүйсинтер, ҳаял.
Ийинлесип ерлер менен бир сапта,
Перзент, жумыс деп өрден-ыққа шаптың,
Билсем, өмир атлы қалың китаптың,
Тийкарғы мазмуны боларсаң, ҳаял.
Еркек патша болса, боларсыз ўәзир,
Көзқарас, санаңыз кеңейген ҳәзир,
Кең қанат жайыўға жол ашты әсир,
Жаңа дәўирге сай жетилдиң, ҳаял!
8-март, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev
Пазыйлетиң мийрас Ҳаўа Енеден,
Ким гүлге, ким қуяш, нурға теңеген,
Пийриң Бийпатмадан алып өнеге,
Өмирди көркейтип жасайсаң, ҳаял!
Әзелден сабақлас қустың тәғдири,
Ҳәмири жат журтлық етиў тәңирдиң,
Дүньяға келгели бийик қәдириң,
Меҳир-муҳаббаттың сағасы, ҳаял.
Тулымшағы салбыраған қыз болдың,
Қәстерленер қылдан жиңишке жолың,
Ержетип он сегиз көклемге толып,
Бахытлы жигитке қол бердиң, ҳаял.
Өмирдиң гүлтажы, сәни, өзеги,
Шаңарақтың уйытқысы, безеги,
Қара түн бергенде таңға гезегин,
Қарсыладың бесик тербетип, ҳаял.
Аңызды еситип шынтлап таң қалдым,
Сөзден жеңип шығып жумсапсыз ханды,
Тәрийпиңди жырлаў ушын ғамландым,
Ақыл-парасатың сүйсинтер, ҳаял.
Ийинлесип ерлер менен бир сапта,
Перзент, жумыс деп өрден-ыққа шаптың,
Билсем, өмир атлы қалың китаптың,
Тийкарғы мазмуны боларсаң, ҳаял.
Еркек патша болса, боларсыз ўәзир,
Көзқарас, санаңыз кеңейген ҳәзир,
Кең қанат жайыўға жол ашты әсир,
Жаңа дәўирге сай жетилдиң, ҳаял!
8-март, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev