Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Биреўлери ылайдан, екиншилери тас гербиштен, үшиншилери ағаштан, ҳәтте, тастан салынған еки-үш қабатлы бийик жайлардан ибарат Оренбург, оларды әдеўир жанландырды.
- Тырнағы, дийўалы мәңгиге тозбайтуғын қандай беккем жайлар, - деди Теңел.
- Дийўалы беккем жай тек мазар.
- Қәллибек, - деди Михайлов кеўилсизлеў ашыў менен. - Неге өйдейсең? Ертеңин ойлаған киси жайды мазарға теңгермейди.
Қәллибек өзине питкен минези бойынша бирден пәсине қайтып сыйқырлы күлди де қойды.
Көшелерди толтырып олай-булай жүрген атлы солдатларды көргенде олар бир-бирине бас ийзесип, көз қысысып, Михайловқа еситтирмей, "әне, жеңилмес көп күш!" дести.
Михайлов әскерий казармаға жақын салынған гербиш жайлардың биринде туратуғын еди. Бет-аўзының жыйрығы қалта-қалта болып кеткен бир кемпир оған гилт әкелип берди де, әлле нәрселерди айтып, тоңқылданып кетти. Еки бала және ымласып, бул кемпир оның анасы емеслигин сезди.
- Мен бул жесир графиньяның жайында кирейге тураман, - деди Михайлов. - Тар минезлеў, аш көз кемпир.
- Бизлерди жақтырмаса керек.
- Итибар бермеңлер.
Михайловтың бөлмесинде бир кәт пенен стол ҳәм үш гүрси тур еди, ол балаларды гүрсилерге қустай қонақлатып отырғызып, кемпир берген гилт пенен қоңсы бөлмениң есигин ашып, бир майданнан кейин балаларды соған ертип апарды. Онда еки кәт төсеўли тур еди.
- Мине, сизлердиң жатақ орынларыңыз, - деди Михайлов жүдә кеўилли. - Кемпирдиң бул жайы кеңлеў, кирейшилер кетип қалыпты. Мен де сизлерге қосыламан.
Балалар бул жағдайларға онша түсинбесе де, кәтлерге салынған таза төсеклерге шығып қуўаныса-қуўаныса отырысты.
Михайлов өзиниң бөлмесинен қасық-табақлар әкелип, ортадағы столдың үстине қойды. Аўылдан алып шыққан қатты нанлар, қалталы нанлар, қалталы сөклер шығарылды. Соның арасында Михайлов кемпирдиң жайынан үлкен бир чайнекке шай демлеп әкелди.
Бөлмениң еденине қағылған тахталардың арасы жарық-жарық болса да, балаларға күтә әжайып төсек яңлы, екеўиниң де шаршағанлығы әлле қашан басылған секилли. Қаланы бастан ақырына аралаўға асығысып, шайларын ишип болғанша тақат етисе алмай, әйнектен сыртқа нәзер таслады. Әйнек алдында өскен сийрек ағашлардың аржағынан биреўлер өтип турыпты, базда тым-тырыс болып ҳештеңе көринбей қалады да, аздан кейин және бир топ солдат киши әскербасының әлле нәрселерди бақырып айтқаны бойынша тең аяқ қосысып, дүрс-дүрс өтип кетеди.
Шайдан кейин олар Михайлавтың кәтин көтерисип әкелиў ушын оның бөлмесине қайта кирди. Жайдың ишки дийўалы ҳәр қыйлы нағыс пенен боялғанын енди абайлап, бир мүйештеги текшели сандықшада толып турған китапларды көрип, қасына дәпинин барып қалды, бирақ қол ура алмады.
Михайлов оларды не қызықтырып, неге кеўил аўдарғанын аңғарса да, ҳеш нәрсе сезбеген болып, әўели кәтиниң үстиндеги төсегин апарып келди.
- Григорий аға, - деди Теңел Михайловты аты менен атап. - Бизде, қағаз қудайдың бир исми, оған тек қудайдың сөзлери жазылады дейтуғын еди...
Михайлов олардың ортасына келип екеўиниң басынан еки қолы менен тең сыйпалады да, китаплардың биреўин алды.
- Жаңағы гәплер қағазға ҳүрмет болдырыў ушын айтылған. Себеби, қағаз соғыў сизиң жақта жүдә қыйын. Ҳақыйқатында, қағазға қуданың аты ғана емес, қудайға қарсы сөзлер-әм жазылады.
Балалар аң-таң болса да ҳеш нәрсе деспей, Михайлов текшеден алып берген китапларды көтерисип жайға апарысты.
Барлық нәрсе-қараларын тасып, жайды сазлап болғаннан кейин Михайлов оларға қала ҳаққында, қалада жасайтуғын, келип кететуғын ҳәр қандай миллет адамлары ҳаққында бираз әңгиме қылып, келеси күни азан менен жумыс орнына барып келди де, балаларды ҳәзирше әскерий казарманың қурылысына жумысқа пайдаланыўға басшысы менен келискенин айтты. Ертеңи жөнинде түсиниги кем балалар Михайлов не десе бәрине көнди.
Михайлов олар жөнинде барлық ғамхорлықтың жуўапкершилигин алып, қаладағы тийисли орынларға сөйлесип, қанша жалынса да еки баланы әлле қайсы оқыўға киргизиўине мүмкиншилик таппады.
Сол ушын, оларды жумысқа ертип барып тийисли адамларына таныстырғаннан кейин қаланы пияда аралатып, жайына қайтып келди де, столдың үстине ақ қағаз жайып, екеўине еки қәлем услатты.
@BaxitliSaribaev
28. 03