Posts filter




Forward from: ЛАБИРИНТ
Живи для тех, кому нужен.
Дружи с теми, в ком уверен. Общайся с теми, кто приятен.
И благодари тех, кто ценит.


Сағын ҳәм Бобико


Forward from: Өмир сабақлары.☘
#Китапқумарлар


Кабулда китап сататуғын бир қыз дүканына сүйиклиси келгенин көреди. Усы ўақытта қыздың әкесиде қасында еди. Қыз жигитке қарап:
- Немис жазыўшысы Уорг Даниелдың "Әкең үйдеме?" китабын алажақсыз ба? - деп сорайды.
Жигит:
- Жоқ, мен инглиз жазыўшысыТомас Мунистың "Сени қай жерде көриўим мүмкин? китабын алыўға келген едим.
Қыз:
- Ол китап қалмаған, лекин америкалық жазыўшы Патрисе Олфердиң "Алма дарақларының астында" китабын усыныс етиўим мүмкин.
Жигит:
- Жүдә жақсы. Бельгиялық жазыўшы Жеан Барнердың
" 5 минуттан соң қоңыраў етемен" китабы да керек еди, алып келе аласыз ба?
Қыз:
- Әлбетте. Буннан басқа сизге француз жазыўшысы Мишель Даниелдың "Сирә жалғызлатпайман" китабында оқыўды усыныс етемен.
Бул сәўбетти еситип турған қыздың әкеси:
- Бунша китап көплик етпеспе екен, ҳәммесин оқыйма екен бул бала?-деп қызынан сорайды.
Қыз:
- Аўа, әке. Ол жүдә ақыллы бала, ҳәммесин оқыйды.
Әкеси:
- Мениң гөззал қызым, ондай болса, оған Голландиялық жазыўшы Франк Мартинистиң "Мен ақмақ емеспен" китабында бер. Кейин , өзиңде рус жазыўшысы Мурис Истанковичтиң "Әмекиңниң баласына турмысқа шығыўға таярлан" китабын оқып шық...


***
Новый год я встретила одна.
Я, богатая, была бедна,
Я, крылатая, была проклятой.
Где-то было много-много сжатых
Рук — и много старого вина.
А крылатая была — проклятой!
А единая была — одна!
Как луна — одна, в глазу окна.     
               
Марина ЦВЕТАЕВА
1917 год




Мақсым менен Кәрамат жигитлердиң мамасы,
қызымыз:
"Қуда қәлесе Мақсым 14 жылдан,
Кәрамат 18 жылдан орта мектепти питкереди.
Бизлер олардың
Гарвард Университети студентлери болыўларын қәлеймиз.
Соның ушын бизлер
усы күннен баслап оларға ғәрежет жыйнап баслаўымыз керек екенлигин мойынлап отырмыз" - деди.
"Ҳәм және тапқан табысымыздың бир бөлегин өзлеримиздиң қандай да бир қуўанышларымыз ушын жумсаў - деген бөлимимиз де бар" деп қосып қойды.
Мине, баллардың финансларының
"Қуўаныш" деген бөлиминен пайдаланып, бизлер тәбият қушағында тып-тыныш ғана жерде
мәс болып дем алып атырмыз.
Кишкенелери менен айқасып жүрип,
қызымыз бир күни онлайн,
және бир күни оффлайн ҳүкиметтиң жумыслары менен
бәрҳа шаба-шапта болады.
Жанында болайық,
аўылда болайық, бәрҳа
баллардан еситетуғынымыз
бир гәп:
"Ўақыт жоқ".
Бизлер де оларға:
"Жас ўақлары жуўырғаныңыз,
шапқаныңыз келешегиңизге жәрдем" - деп айтып отырамыз.
Бизлер Сағын екеўмиз ҳәммеге тилеримиз:
не нийет еткен болсаңыз,
кеўлиңизде қандай әрманлар бар, ойлар бар - қуўатлаўшы бир алла, бәри де иске аса берсин.


Январь, 2021.
Сынақтағы күнлер еди ол күнлер...




Мақсым жигит
Мамасы ҳәм Зийба әжапасы менен
ойыншық жасырып ойын ойнады.
Ойыншықларын жасырыў
гезеги Мақсымға келди.
Соң, жасырылған ойыншықларды излеп жүрген мамасына:
"Мама, әне, ана жерде тур,
және мына жерге жасырдым" - деп
өзи жәрдемлесип жүрди...
Ойыншықларды табыў гезеги
Мақсымға келгенинде,
мен әсте ымлап көрсетип едим,
"Таптым. Таптым.
Апа жәрдемлести" - деп
мени "сатып" қойды...


Жаўынлы Голландиядан жалынлы сәлемлер болсын!
02.01.2025


СемьЯ
Нөкис
2012




Голландия
02.01.2025


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Канада
Виктория
Август, 2024


МОНОЛОГ

Мен өзгердім...
Кезіккендер танымады мені шын,
Жоғалтқандар таппады!
Жақынымның жат екені – жеңісім,
Жаныма сол батқаны.

Сүйетін ем бөліп-жармай бəрін мен,
Аппақ дегем əлемді.
Сырқатыма етіп жүрмін əр Уды ем,
Түсініп көр ал енді!

Ұғынбасаң, ұға алмасаң кеше алам,
Шырқап келем мен бір əн.
Сенбеуші едім өзгереді десе адам,
Сене көрме сен бұған!

Тартып кетсе тұңғиыққа ой терең,
Шарықтатты аспаным.
Сен танымай өте шықсаң қайтер ем,
Бəрін қойшы басқаның...
Басқамын!

Әлия Іңкәрбек


Бул күнлер де тарийх!!!
Бул күнлер, өткен күнлер,
әжайып күнлер!!!


Баллардың
Жаңа жыл саўғасы
ҳәммемиз қаланың сыртында жайласқан
Дем алыў үйиндемиз.
Байрам себеп
Канададан келген қызымыз да
аэропорттан туўры усы
Дем алыс үйине келди.
Баллар ушын тийкарғы қуўаныш
бассейн болды.
Күн бойы суўда шомылған, ҳәрекетте болған кишкенелер түнде ҳәз етип тым-тырыс уйықлап атыр.
Сағын екеўмиз
есаплап қарасақ,
Нидерландыда усындай компаниялардың
Дем алыў үйлеринде бизлер төртинши рет болып атыр екенбиз.
Бир қапталымыз тоғайлық, екинши жағымыз дәрья.
Әжайып тәбият қушағы.
Тыныш ғана жер.

Нидерландыда бир жасар баланың да туўылған күнине шақырылсаңыз, саўғалар мәселеси бойынша
үйдиң ийеси менен ойласық болады.
Бир сапары қызымыздың қайынатасы кемпиринен
туўылған күнине қандай саўға алғысы келетуғыны ҳаққында сорастырған.
Сонда қызымыздың енеси:
"Дем алыс күнлери
Баллар менен бирге дем алатуғын жерге барайық" - деген саўға сораған.
"Өзиңниң жеке меншик көлигиңсиз,
Пароход пенен жетип алатуғын атаўда жайласқан
Дем алыс үйинде
ҳәммемиз бирге
2 күн болдық.
Атамның саўғасы,
Енемниң сол сапарғы әжайып туўылған күни ҳәр дайым ядымызда турады" деп еслейди қызымыз.
Сол ўақта мен:
бири-бирине
халықты тамашагөй етип,
олардың таңлайларын тықылдататуғын саўғалар усынатуғын,
дүньяның ғәрежети менен
ресторанларда өтетуғын
аўылымның туўылған күнлери туўралы ойлап отырдым.


Голландия
01.01.2025


Это самое трудное,
что тебе когда-либо придётся сделать,
но и самое важное:
перестань дарить свою любовь тем,
кто не готов любить тебя.

Перестань вести тяжёлые разговоры с людьми,
которые не хотят меняться.

Перестань приходить к тем,
кто равнодушен
к твоему присутствию.

Перестань отдавать предпочтение людям,
для которых ты лишь
один из вариантов.

Перестань любить тех,
кто не готов любить тебя.

Энтони ХОПКИНС

20 last posts shown.