Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Тыңла, саған бир шынлықты айтайын,
Билип-билмей, бәримизде ҳәр дайым,
Айланғанбыз телефонның қулына,
Ғәлет айтсам пикиримнен қайтайын.
Мойын еңкиш тартып бойлар бүгилип.
Дыққат пенен қарап көзлер сүзилип,
Бүгинги ис, қалса дағы ертеңге,
Отырамыз азанлы-кеш үңилип.
Үлкен түўе нәрестелер ойнайды,
Ғыр изиңнен бермегенше қоймайды,
Жөргегинен “нурланған” бул жаслардың,
Айтың! Келешегин кимлер ойлайды.
Зыян деймиз бирақ әмел қылмаймыз,
Телефонсыз ҳасла үйге сыймаймыз,
Бели қатып, бесигинен шықпаған,
Нәрестениң гүл өмирин уўлаймыз.
Ҳәтте түнде қойып бастың ушына,
Айланғандай тап бир бахыт қусына,
Уйқы қашар, көзи түсип турмаса,
Айланғанлар телефонның қулына.
Қәлбиңизден ийман, инсап кетпесин,
Сақлап жүриң бес ўақ намаз кестесин,
Китап оқып суўғарып жүр руўхыңды,
Болмағаннан болған жақсы кеш десин.
Шын айтаман деп сыр айттым яранлар,
Шын өмирден, үзиледи наданлар,
Телефонның қулы болмай бәрҳама,
Тәнҳа қулы болың жалғыз Аллаҳтың!
✍Ақшолпан Аманияз
👉https://t.me/karanakilmakal
Билип-билмей, бәримизде ҳәр дайым,
Айланғанбыз телефонның қулына,
Ғәлет айтсам пикиримнен қайтайын.
Мойын еңкиш тартып бойлар бүгилип.
Дыққат пенен қарап көзлер сүзилип,
Бүгинги ис, қалса дағы ертеңге,
Отырамыз азанлы-кеш үңилип.
Үлкен түўе нәрестелер ойнайды,
Ғыр изиңнен бермегенше қоймайды,
Жөргегинен “нурланған” бул жаслардың,
Айтың! Келешегин кимлер ойлайды.
Зыян деймиз бирақ әмел қылмаймыз,
Телефонсыз ҳасла үйге сыймаймыз,
Бели қатып, бесигинен шықпаған,
Нәрестениң гүл өмирин уўлаймыз.
Ҳәтте түнде қойып бастың ушына,
Айланғандай тап бир бахыт қусына,
Уйқы қашар, көзи түсип турмаса,
Айланғанлар телефонның қулына.
Қәлбиңизден ийман, инсап кетпесин,
Сақлап жүриң бес ўақ намаз кестесин,
Китап оқып суўғарып жүр руўхыңды,
Болмағаннан болған жақсы кеш десин.
Шын айтаман деп сыр айттым яранлар,
Шын өмирден, үзиледи наданлар,
Телефонның қулы болмай бәрҳама,
Тәнҳа қулы болың жалғыз Аллаҳтың!
✍Ақшолпан Аманияз
👉https://t.me/karanakilmakal