Психолог Нукус


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Psychology


Саўлат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Psychology
Statistics
Posts filter


Бундай адамлар перзент тәрбиясы дегенде тийкарынан материаллық нәрселерди түсинеди «Перзентимди жақсы иширип- жедирсем, жақсы ойыншықларды алып берсем, жақсы кийиндирсем, жақсы бақшаға берсем, таярлықларға берсем, шет тиллерин үйретсем, сертификатларын алып берсем, институтта оқытып дипломлы қылсам, ертең өзиниң тамағын өзи таўып жейтуғын, бала-шағасын өзи асырайтуғын қылсам, биреўге күни қарамаса, қатарынан кем қылмай өсирсем болды»- деп ойлайды, усыдан артығына ақыл-парасаты, билими жетпейди. Сол себепли бундай ата-аналардың перзентлери оқыйды, жумыс ислейди, пул табады, бала-шағасын бағады бирақ ата-аналарына уқсап турмыстың машқалалары менен жасайды, ата-аналарының машқалаларын, бахытсызлықларын қайталап жасайды.

Сизлерге уқсап, өзлериңизде ата-аналарыңыздан усындай тәрбия алғансыз енди перзентлериңизгеде сол тәрбияны берип атырсыз, оннан артығын ойламайсыз, билим алмайсыз, изленбейсиз, өз үстиңизде шуғылланбайсыз. Диний дүньяқарастағы адамлар перзентлерин диний көз-қарас бойынша тәрбиялайды. Бирақ олар ҳеш пикир жүритпейди, анализлемейди, өзиниң ҳәм әтирапындағылардың турмысынан, қәтесинен сабақ алмайды, сондай диний дүньяқарастағы адамлардың перзентлериниң тәрбиясында, турмысында не ушын мынандай машқалалар, бахытсызлықлар болып атыр, деп өзлерине сораў бермейди. Себеби, адамларда нәпс, көкиреклик, менменлик деген иллет бар. Олар «Мен билемен, меники дурыс, мен перзентиме қәйтип тәрбия бериўди билемен, журт перзентлерине қәте тәрбия бериўи мүмкин бирақ мен дурыс тәрбия берип атырман, журттың перзентлеринде машқалалар болыўы мүмкин мениң перзентимде болмайды»- деп ойлайды.

Өзин тәрбиялаўды билмейтуғын, өзиниң нәпсин, көкиреклигин тәрбиялаўды билмейтуғын, өзиниң қәте-кемшиликлерин түсинбейтуғын, айтсаңда мойынламайтуғын, буны дүзетиўди ойламайтуғын адам перзентлерине қандай тәрбия бере алады деп ойлайсыз? Тек ғана перзентине бақырып, урып, тәртипке шақырып, қатты қоллық қылып, перзентине аўзына келгенин айтып, өзиниң мызылдысын «ақыл-нәсият»- деп есаплап тәрбиялай береди. Перзентлерине ақыл-нәсият айта беретуғын ата-аналар перзентлерин қәйтип тәрбиялаўды билмейтуғын ата-аналар тайпасына киреди. Ҳәзирги балаларға ата-аналарының қалақ, тар дүньяқарасынын шығып атырған ақыл-нәсиятлары жақпайды. Сонлықтан олар ата-аналарын тыңлағысы келмейди, гәп қайтарады. Китап оқымайтуғын адам перзетине қәйитседе жақсы тәрбия бере алмайды. Себеби, инсаный ақыл-парасаты, сана-сезими бар адам ғана китап оқыйды, ҳайўанлардың китап оқып перзент тәрбиялап атырғанын көрдиңизбе?


Балалығында ата-анасынан тәрбия алалмағанларды турмыс тәрбиялайды

Балалығында ата-анасынан жақсы тәрбия алалмағанлар турмыста көплеген қыйыншылықларды, машқалаларды, саўдаларды, бахытсызлықларды басынан кеширеди. Себеби, бул өмир ушын, әлем ушын гармониялы инсан керек, гармониялы еркек ҳәм гармониялы ҳаял керек. Адам балалығында гармониялы ата-ананың гармониялы тәрбиясын алып өсепегенликтен өмир оны гармониялы инсан қылыў ушын ҳәр түрли жоллар менен тәрбиялайды. Мен жеке практикамда адамлардың психологиясын, турмысын, тәғдирин үйренгенимде минез-қулқында, турмысында машқаласы көп адамлардың ата-аналарыныңда машқалалары көп болған, көпшилиги балалығында ата-анасынан жақсы тәрбия алалмаған.

Әсиресе, балалығында ата-анасынан таяқ жеп өскенлер (кимдур әкесинен, кимдур анасынан) ер жетседе гәпке түсинбейтуғынының гүўасы боламан. Себеби, олар гәп пенен емес таяқ пенен өскен. Олар ер жетседе айтқан гәпке түсинбегенликтен бәрқулла турмыстан таяқ жеп жүреди, өзин қәдирлеўдиң не екенин улыўма билмейди, жақынларын қәдирлеўдиң не екенин билмейди. Гейбиреўлер анасы яки әкеси тәрепинен сондай аўыр сөзлерди еситип өседи, әсиресе анасы яки әкеси ғарғанып, боқланып сөйлейтуғынлардың перзентлериниң тәғдири бузылады, перзентлери турмыста үлкен саўдаларды басынан кеширеди. Бундай бузғыншы гәп-сөзлер нәсилди бузады, перзентлердиң ҳәм ақлықлардың денсаўлығын бузады, нәсилде бузғыншы программаларды пайда етеди. Ата-анасы, ата-әжеси ғарғанбай, боқланбай сөйлейтуғынлардың нәсилинде үлкен машқалалар, бахытсызлықлар жоқ екенин көремен. Ата-анасы, ата-әжелери усындай сөзлерди айтатуғын адамлардың қәлби балалығынан баслап патасланады ҳәм олардың қәлбин бул патаслықлардан тазалаў аңсат емеслигин көрдим.

Негизинде перзентке тәрбия бериў көпшиликтиң қолынан келмейди. Себеби, перзент тәрбиясы бул руўхый сыпатлар менен байланыслы болғанлықтан тек ғана руўхый жақтан раўажланып атырған, руўхый билим алып атырған, еркеклик ҳәм ҳаяллық сыпатларын ашып- раўажландырып атырғанлар ғана перзентлерине тәрбия бере алады. Қалғанлар болса нәсиллик программасы (өзиниң ата-анасынан алған тәрбиясы) жәмийеттиң пикири менен перзентлерин тәрбиялайды. Жәмийетте адамлар перзентлерин қәйтип тәрбиялап атырса, қайсы бақшаға, қайсы почемучкаға, қайсы мектепке, қандай таярлықларға берип атырса соларды ислейди, жәмийетинде не мода болса соны ислейди.




«Тек пул тапсам болды емеспе?»- деп ойлайтуғын еркеклерде ўақыт өткен сайын шаңарағында, жумысында машқалалар көбейе береди. Сол себепли бундай еркеклердиң көпшилиги жумысынан айрылады, жумыс ислей алмайтуғын, пул таба алмайтуғын жағдайға түсип қалады. Тәғдир бундай еркек пенен ҳаялды қурыдан-қуры бундай жағдайға түсирмейди. Бирақ олар буны түсинбей «Бизлердиң машқаламызға биреўлер себепши»- деп ойлайды. Буны түсинбегенлерде ўақыт өткен сайын денсаўлығында машқалалар көбейеди, перзентлеринде машқалалары көбейеди, жасы үлкейгенсоң перзентлериниң турмыслық машқалаларынан қыйналып жасайды яки перзентлери олардың машқалаларынан қыйналып жасайды.

Жуўапкерсиз әкениң қолында өскен улыда жуўапкершиликли еркектиң қандай болатуғынын билмейди, көпшилиги мамасының баласы болады. Себеби, оның тәрбиясы менен әкеси шуғылланбаған, анасы шуғылланған. Қызы болса әкесине уқсаған жуўапкерсиз еркекке турмысқа шығады. Себеби, бундай еркеклер қызына қәйтип тәрбия бериўди билмейди, қызы менен жақсы мүнәсибет орнатыўды билмейди. Сонлықтан қызы ер жеткен соң еркеклер менен, турмысқа шыққан соң күйеўи менен жақсы мүнәсибет орната алмай жүреди. Сөйтип олда анасының турымысын қайталап жасап атырғанын аңламайды.

Арақ ишетуғын әкениң қолында өскен қызлар арақ ишетуғын еркекке яки сондай жуўапкерсиз, машқалалы еркекке турмысқа шығады. Себеби, ананың шеше алмаған машқалалары қызларына өтеди. Жуўапкерсиз адамлар бундай нәрселерди, билмейди, түсинбейди, усы постымды оқығаны мененде бул машқалаларын шешиўди ойламайды, ҳәрекетте етпейди. Себеби, олар жуўапкерсиз, өз-ара мүнәсибетине жуўапкерсиз, перзентлери тәрбиясына, тәғдирине жуўапкерсиз. Сонлықтан бундай ата-аналар перзентлериниң тәрбиясы бузылса мектепти, муғаллимлерди айыплайды, перзентлери кесел болса шыпакерлерди айыплайды, перзентлери ер жеткен соң турмысы бузылса қуда-қудағайларын айыплайды, тап өзлеринде ҳеш қандай машқала жоқ сыяқлы. Жуўапкершиликли адам айыпты биреўден излемейди. Айыпты биреўлерден излейтуғын адамлар булар жуўапкерсиз адамлар деп айтылады. Жуўапкершилик болса биринши гезекте ҳақыйқый шаңарақтан, ҳақыйқый еркектен басланады.
@psixolog_nukus


Жумыс ислесем, пул тапсам болды емеспе?

Жуўапкерсиз еркеклер «Мен жумыс ислесем, пул тапсам болды емеспе, бул қатынға және не жетпей атыр?»- деп, ойлайды, айтады. Не ушын еркек бул сөзди айтады? Себеби, еркектиң жуўапкершилиги төменлеген сайын оның ҳаялы мызылдаўық болып бара береди, күйеўиниң мийин жеп оған ҳәр түрли нәрселерди айта береди яки ҳаял өзи еркектей жуўапкершиликли болып, қақбас болып күйеўиниң гәпин писент етпейтуғын болады, шаңарағындағы көп нәрсеге өзи жуўапкер болады, бәрше нәрсени өзи билип бежере беретуғын болады. «Еркек адам дүздиң адамы, ол тек жумыс ислесе, бала-шаға бақса болды»- деп олайтуғынлар дүньяқарасы тар, сана-сезими жүдә төмен адамлар.

Адамның өмири тек ишип-жеўден, күн-көристен ибарат емес, бул ҳайўанларға тән өмир, ҳайўанлар бир өмир балалары ушын тамақ таўып оларды үлкейтип, өзиниң тамағын өзи табатуғын қылып жибериўди ғана биледи. Себеби, олар ҳайўанғо адам емесқо, оларда адамларға тән болған сана-сезим жоқ, жеке тәғдир дегени жоқ, раўажланыў, инсаный сыпатлар, мүнәсибетлер, перзент тәрбиясы деген қәдириятлар жоқ. Ешекте жумыс ислеўди биледи, бирақ ол қанша жумыс ислегени менен ешеклигинше қалады, раўажланып кетпейди. Жумыстан басқа нәрсени ойламайтуғын, билмейтуғын, түсинбейтуғын адамды неге теңесек болады? Жуўабыңыз дурыс.

Еркекте жумыс ислеўден, пул табыўдан басқа қанша жуўапкершиликлер бар. Ол шаңарағындағы бәрше нәрсеге жуўапкер. Жуўапкерсиз еркеклердиң өзиндеде, шаңарағындада, жумысындада, қарым-қатнасықларындада машқалалар көп болады. Олар буны түсинбейди, «Машқала ҳаялымда, перзентимде, туўысқанларымда, жумыстағыларда, және биреўлерде»- деп ойлайды. Жуўапкерсиз еркек ҳаялы менен өз-ара мүнәсибетине жуўапкершилик пенен қарамайды. Сонлықтан ол ҳаялы менен жақсы мүнәсибет орната алмайды, ҳаялы менен мүнәсибетиндеги машқаланы шеше алмайды, «Машқала ҳаялымда»- деп ойлайды. Еркек жуўапкерсиз болса оның ҳаялыда машқалалы ҳаялға айланады. Еркек жуўапкерсиз болса перзентлериниң тәрбиясына жуўапкершилик пенен қарамайды, перзентлериниң тәрбиясы менен шуғылланбайды, буны билмейди, түсинбейди. Сонлықтан бундай еркеклердиң перзентлери тәрбиясында машқала болады. Жуўапкерсиз еркек «Машқала перзентимде»- деп ойлайды, «Баламды анасы үсийтип қойыпты, ҳаялым перзентиме тәрбия берип билмейди, қәте тәрбиялап атыр»- деп айтады. Бундай еркектиң жумысындада машқала болады, ол буны түсинбейди, жумысындағы машқаласын шеше алмайды. Сөйтип ол «Машқала ҳаялымда, жумысымда, адамларда»- деп, ашыўланып арақ ишеди, ашыўын я ҳаялынан, я перзентинен, я биреўлерден яки арақтан алады.




Қандай адам менен бирге жасаў қыйын болады?

Эгоист, кɵкирек, менмен, қызғаншақ, қанқызба, ашкɵз, мызылдаўық, ɵтирикши, жалатай, қақбас, кɵкбет адам менен бирге жасаў қыйын. Себеби, бундай адам бирге жасап атырған жақынын манипуляция қыла береди. Бундай адамның қандай белгилери болады? Олар мынандай сɵзлерди кɵп айтады.

«Сен ɵзгермесең болмайды. Сен мени шаршаттың». Негизинде бундай адамның ɵзинде машқала кɵп болады, ол ɵзи ɵзгергиси келмейди. Сонлықтан ол жанындағы адамға наҳақтан жала-жаўып, оның ɵзине болған исенимин, қәдирин сɵндиреди.

«Бәлениң бәри сенде, қәтениң барлығы сенде, бәрине сен айыплысаң». Манипуляторлардың 2 түри болады, тиран манипулятор ҳәм жертва манипулятор. Екеўиде жанындағы адамды бәрқулла айыплайды, онда бәрқулла айыпкерлик сезимин пайда етеди. Сонлықтан бундай адам менен жасайтуғын адам кесел болады яки арақхор, қумарпаз болады яки шет елге қашады, гейбиреўлери ажырасады.

«Сен мени түсинбейсең. Сениң буған ақылың жетпейди. Сен гәпке түсинбейсең». Бундай адам кɵкирек болғанлықтан ɵзин жубайынан үстем қояды. Сол арқалы оған бәрше айтқанларын қылдырғысы келеди. Бәрқулла ɵзиникин дурыс есаплап, оныкин қәтеге шығарады.

«Мениң усы боп-болғаным, мен ɵзи сондайман. Какой привет, такой ответ». Бундай адам эгоист, кɵкирек болғанлықтан жақынына, адамларға қопал мүнәсибетте болады, кɵкбет, қақбас болады. Ол ҳеш қашан ɵзиниң кемшилигин мойынламайды. Кемшилигин мойынламайтуғын адам ҳеш қашан кемшилигин дүзетпейди. Сонлықтан бундайларға қарата халқымызда «Бүкирди гɵр дүзеўлейди»- деп айтады. Тилекке қарсы бундай адамлардың кɵпшилиги ɵлемен дегенше дүзелмей кетеди.

«Егер сен мынандай қылсаң, мен сени кеширмеймен». Бундай адам жақынына бәрқулла талап қояды, одан талапларына әмел етиўди, қәлеўлерин орынлаўды талап етеди. Сонлықтан бундай адамның талапларына кɵнип жасаған адам жертва болады, кесел болады.

Бундай адамлардың кɵпшилиги мамасының баласы, мамасының қызы болады. Себеби, ҳаял адам ҳақыйқый ҳаял болмаса онда эгоизм күшейиўи себепли аса кеткен аналық сезими менен перзентлеринде эгоист қылып тәрбиялайды. Сонлықтан бундай адамлар дәслеп бул қылықларын ɵмирлик жолдасына қылады, соң перзентлерине, келинлерине ҳ.т.б адамларға қылады. Сол себепли бул ɵмирде кɵпшилик ɵмирлик жолдасынан, анасына, әкесинен, енесинен, атасынан, әжапасынан, әжағасынан, қәйин апасынан, абысынынан, қәйин ағасынан, бийкешинен, баслығынан, муғаллиминен, жигитинен, қызынан, достынан жәбир кɵреди. Буның ушын адам дәслеп ɵз самооценкасы үстинде жумыс алып барыўы керек.
@psixolog_nukus




Мен ертең бахытлы боламан…

Адам ақылы сондай ол бүгинги күни менен бахытлы болып жасамай, «Мен ертең бахытлы боламан, бахытым келешекте»- деп ойлайды. Оқыўшы бала «Маған мектеп жақпайды, тезирек метепти питкерсем бахытлы боламан»-деп ойлайды, бирақ мектепти питкергенлердиң барлығыда бахытлы емес. Абитуриентлер «Мен быйыл оқыўға кирсем бахытлы боламан»-деп ойлайды, бирақ оқыўға киргенлердиңде барлығы бахытлы емес. Студентлер «Мен оқыўды тезирек питкерсем яки магистратураға, жумысқа кирсем бахытлы боламан»-деп ойлайды, бирақ оқыўды питкергенлердиңде барлығы бахытлы емес.

Бойдақлар «Мен тезирек үйленсем яки турмысқа шықсам бахытлы боламан»- деп ойлайды, бирақ турмысқа шыққанлардың, үйленгенлердиңде барлығы бахытлы емес. Келиншеклер «Мен бала туўсам бахытлы боламан»-деп ойлайды, бирақ бала туўғанлардыңда барлығы бахытлы емес. Жумыс таба алмай жүргенлер «Мен жақсы жумыс тапсам бахытлы боламан»- деп ойлайды, бирақ жумыс ислеп жүргенлердиң барлығыда бахытлы емес, жумысынан шаршаған, жумысын жақсы кɵрмейди, баслығынан яки жумысындағылардан бийзар болған, айлығым аз, жумыста машқала кɵп деп налынып жүр.

Биреў «Мениң танысларым машын алып атыр, менде ертең машын алсам бахытлы боламан»- деп ойлайды, бирақ машыны барлардың барлығы бахытлы емес, қайтама кредитин, машынның шығынларын тɵлеймен деп қыйналып жүр. Биреў «Мен үйимди танысларымдикиндей қылып ремонтласам, үйиме таза мебеллерди алсам бахытлы боламан»- деп ойлайды, бирақ үйин ремонтланғанлар, таза мебел алғанлардың барлығы бахытлы емес, сондай үйдеде урысып-тɵбелесип, қырылысып, бир-бирин түсинбей, бахытсыз жасап жүргенлар баршылық. Бир ҳаял «Күйеўим мени таслап кетти, күйеўим қашан қайтып келеди, мен сол гезде бахытлы боламан»- деп ойлайды, негизинде ол ҳаял бахытсыз болғаны ушын күйеўи таслап кетти, еркек бахытлы ҳаялды таслап кете алмайды, күйеўи менен бир үйде жасап атырған ҳаяллардың барлығыда бахытлы емес.

Себеби, адамлар ҳақыйқый бахыттың не екенин билмейди, бахытты ойламайды, буған ҳәрекетте етпейди. Сонлықтан адамның ишинде бахытсызлығы, қорқыўлары қанша кɵп болса ол бүгинги күни менен жасай алмайды, бәрқулла бахытты келешектен излейди, келешегин қайғырады, уўайымлайды, тәшўишленип жасайды. Кишкене нәрестелерге қарасаңыз олардың кɵзинде ҳақыйқый бахытты кɵресиз. Себеби, олар ертеңги күнин қайғырып жасамайды, бүгинги күни менен жасайды. Ертеңги тәшўишлерди адамның ақылы ойлап табады. Бүгинги күндеги барыңыз бенен, жаныңыздағылар менен бахытлы болып жасаўды ҳәзир үйренбесеңиз, буның басқа жолы жоқ екенин түсинген шығарсыз.
@psixolog_nukus




Еркек дегени сондай адам болады, еркектиң көкиреклиги, менменлиги күшли болады, ол қаншелли машқалалы еркек болсада өзин ақыллы есаплайды (қаншелли машқалалы болса соншелли ақыллыман деп ойлайды). Бундай еркеклер биреўди тыңлағысы келмейди, биреўден ақыл алғысы келмейди, мәсләҳат алғысы келмейди, «Мен өзим билемен, мен ҳақпан, өзимниң ақылым жетеди»- деп ойлайды. Сонлықтан еркек өзи қәлеп, өзи түсинип келмесе биреўдиң гәпи, зорлығы менен келсе пайдасы жоқ. Бундай еркеклердиң бәршеси психологқа ҳаялының, анасының мәжбүрлеўи менен келген соң, ҳаялына «Мен психологтың айтқанларын өзим билемен, онда бар ақыл мендеде бар»- деп айтады.

Егер ақыллы болса онда неге машқалалы еркек болып жүрипти, өзиниң машқалаларын неге шеше алмай жүрипти деген сораў пайда болады. Олар және бирде-бир китап оқымаған яки турмыслық, шаңарақлық мәселелер бойынша бирде-бир билим алмаған, интернеттен болсада усындай билимлерди тыңламаған болсада өзлерин ақыллы-билгиш есаплайды. Бул ақыл оларда қайдан пайда болды деген сораў пайда болады, өзлери анасынан сондай данышпан болып туўылып қалғанба? Егер еркек арақ, пиво ишетуғын болса онда ҳеш қандай ақыл-парасат жоқ дегени. Азымаз болсада ақыл-парасаты бар еркек арақ ишпейди. Ақыл-парасаты жоқ еркек пенен қандай ҳаял жасайды? Жүрегинде улыўма муҳаббаты жоқ ҳаял ғана усындай еркек пенен жасайды, абыйға-бабый болады.

Бундай ҳаяллар ўақыт өткен сайын өзлери еркектей болып кетеди, еркектей болып жумыс ислейди, еркектей болып сөйлейди, еркектей болып өзин жүдә ақыллы-билгиш есаплайды. Бирақ оларда усы еркеклерге уқсап улыўма китап оқымаған, ҳеш кимнен билим алмаған болады, бирақ өзлерин жүдә ақыллы-билгиш есаплайды. Ҳаял адам еркекке уқсап көкирекликке, менменликке берилип өзин жүдә ақыллы-билгиш есаплап кетсе оның менен жасайтуғын жақынларына қыйын болады. Егер ҳаял қатты күшейип күйеўи менен улының еки аяғын бир етикке тықса бул еркеклер биротала тамам болады, еркеклиги қалмайды, жуўапкершилиги, өзиниң пикири қалмайды, ҳаялы яки анасы, әжапасы не десе солардың гәплери менен жүретуғын өзиниң басы жоқ еркекке айланады. Бундай ҳаяллар басына саўдалар түспегенше «Мен қатырып атырман»- деп ойлайды. Бирақ ўақыт өткен сайын күйеўинде, улында машқалалар көбейе береди. Мине усы жазғанларымнан түсинген шығарсыз, машқалалы еркеклердиң қасында әлбетте машқалалы ҳаяллар болады.
@psixolog_nukus


Машқалалы еркек…

Турмысқа шыға алмай жүрген ҳаял-қызлар,- «Дурыслы жигит жоқ, дурыслы еркек жоқ»-деп айтады. Буның еки себеби бар. 1-себеп. Олардың озлериниң самооценкасында машқала бар, ҳаяллық сыпатларын билмейди, еркек пенен мүнәсибет орнатып билмейди. 2-себеп. Жуўапкершиликли еркекти табыў аңсат емес, жуўапкершиликли еркеклерден көре жуўапкерсиз еркеклер бир неше есеге көп, жуўапкершиликли еркеклер жүдә аз. Не ушын еркеклер бундай болады, не ушын жуўапкерсиз болады? Берекет тапқыр аналар улларын машқалалы, жуўапкерсиз еркек қылып тәрбиялаўға қатты шебер болады. «Мамасының баласы»- дегени, машқалалы, жуўапкерсиз еркек дегени. Ер адам үйленгенсоңда мамасының баласы болып жүре берсе оның менен жасайтуғын ҳаялына қатты қыйын болады.

Бундай ҳаяллар енесинен қатты жәбир көреди, күйеўи оны қорғай алмайды, Себеби, ол еле бала еркек емес, мамасының баласы, мамасының гәпинен, сызған- сызығынан шыға алмайды, өзиниң шаңарағына жуўапкершиликти өз мойнына алалмайды, анасына «Мениң шаңарағыма араласпа»- деп айта алмайды. Не ушын аналар улларын бүйтип тәрбиялайды, ер жеткен улына «еркек»- деп қарамай, «бала»- деп қарап оның турмысына араласа береди? Себеби, өзлериде ҳақыйқый ҳаял бола алмаған. Олар буны аңламай тек аналығына жабысып алып, улына жабысып алып улыныңда еркек болыўына жол қоймайды. Өзлери ҳақыйқый ҳаял бола алмаған ҳаяллар күйеўинде, улында ҳақыйқый еркек қыла алмайды. Қандай қызлар машқалалы еркекке турмысқа шығады? Бундай қызлар өзлериде сондай машқалалы ата-ананың қолында өседи. Балалығында ата-анасы менен мүнәсибетлеринде машқалалар болады.

Балалығынан баслап турмысқа шығаман дегенше әкеси менен жақсы мүнәсибет орната алмаған қызлар машқалалы еркекке турмысқа шығады, бул тәғдир нызамы. Әкеси менен жақсы мүнәсибет қура алмаған ҳаял күйеўи мененде жақсы мүнәсибет қура алмайды. Сонлықтан жыллар өткен сайын оның күйеўи машқалалы еркекке айланып бара береди. Қандай ҳаяллар машқалалы еркек пенен жасайды? Өзин өзгертиўди қәлемейтуғын, ҳақыйқый ҳаял болыўды қәлемейтуғын ҳаяллар машқалалы еркек пенен жасайды. Бундай ҳаяллар күйеўиниң машқалаларынан шаршап күйеўин психологқа алып барғысы келеди. Биреўлери буны күйеўине түсиндире алмай, урысып-қырылысып күйеўин психологқа алып бара алмаса, гейбиреўлери қәйтип болсада күйеўин психологқа барыўға мәжбүрлеп, көндирип, әйтеўир бир жолын таўып алып келеди.






Ҳәзирги ҳаялларға не жетиспей атыр?

Ҳәзирги ҳаяллардың турмыс шәраятын бурынғы замандағы ҳаяллардың, кемпир апаларымыздың турмыс шәраятына салыстырып кɵрсек ҳәзирги ҳаяллардики жәннеттей болып кɵринеди. Бирақ молшылық заманда жасап атырған болсақта бахытлы ҳаяллар кɵп деп айта алмаймыз. Ҳаяллардың денсаўлығында машқала бар, кɵпшилиги «ЕРКЕК» пенен жақсы мүнәсибет қура алмай атыр, перзентлери денсаўлығындағы, тәрбиясындағы, ер жеткен перзентлериниң турмысындағы машқалаларын қайғырып жасайды.

Айырымлары турмысқа шыға алмай атыр, жасы үлкейип 30 дан ɵтип баратыр, еркектей болып азанлы-қара кеш жумыс ислеўден басқасын билмейди, ҳаял болып жасаўдыда билмейди. Турмысқа шыққанларының дәрти ɵз алдына, басындағы тараканлары аздай ене, бай, абысын, қәйин апа сыяқлы машқаласы бар. Бундай жағдайда ҳәзирги ҳаялларға не жетиспей атыр?

Бул ɵмирде ҳаялға ең керекли нәрсе «МУҲАББАТ» жетиспей атыр. Ҳаял «МУҲАББАТТЫ» ɵзинде, жүрегинде жарата алмаса оны сырттан, биреўлерден излейди. Оған муҳаббатты биреў (әке, ана, еркек, перзент, дос, туўысқан) бериў керек деп ойлайды.

Ɵзин жақсы кɵрмейтуғын ҳаял - ҳәр түрли жоллар менен ɵзин қыйнайды. Ɵзин жақсы кɵрмейтуғын ҳаял - муҳаббатты басқадан күтеди, излейди, талпынады. Ɵзин жақсы кɵрмейтуғын ҳаял - сырты жылтырақ, иши қалтырақ ҳаялларға ҳәўес етеди. Ɵзин жақсы кɵрмейтуғын ҳаял - материаллық затларға (пул, тағыншақ, мода, әмел, атақ, абырай ҳ.т.б) ериссем бахытлы боламан деп ойлайды. Енди сизге сораў? Бул сораўға шын жүректен жуўап жазың. Сизиң бахытлы болыўыңыз кимге яки неге байланыслы?
@psixolog_nukus




Ата-аналар қандай болса перзентлериде сондай болады. Сонлықтан қуда-қудағайларда абыйға-бабый болады. Сырғадан басқасына ақылы жетпейтуғын бундай қызлар турмыстың, ене-келин машқаласының не екенин билмейди. Турмыс қурмай турып усындай саўдалар болса, кейини қандай болатуғынын бундайларды басынан кеширген ҳаяллар жүдә жақсы биледи. Қызына ɵзиниң еркек екенин сырға арқалы дәллийиллеймен деп, ойлаған жигит ертең ене-келин машқаласы, одан кейин ҳаялы менен қандай машқалаларға дусласатуғынын билмейди. Мине сол гезде оның еркеклиги сынақтан ɵтеди. Ўақтында әкесиде бундай сынақтан ɵте алмағанлықтан ɵзин араққа жыққанынан хабары жоқ. Шаңарақты муҳаббат, ийман, исеним, ҳүрмет-иззет, меҳир-ақыбетке тийкарланып емес, пәлен миллионлық сырға, 30-50 миллионлық қалың мал, соған ылайық сарпай, пәлен миллионлық дәбдебели той бериў арқалы қурамыз деп ойлап жүргенлердиң ертеңги күни, шаңарағы қандай болатуғынын билиў қыйын емес.

Бундай жарыспақлар бир неше жыл алдын Қазахстанда мода болып еди. Бүгинги күнде Қазахстан шаңарақлардың ажырасыўы бойынша дүньяда алдағы орынларға шықты. Бир неше жыл алдын Ɵзбекстанның басқа областларында турмысқа шыққан қызларына жарыспаққа 30-40 миллионлық сарпай береди дегенде ҳайран қалатуғын едик. Бүгин қарап турсақ бундай бузғыншы дәстүрлер бизлергеде жетип келди. Ата-бабаларымыздың дәстүрлерине садық деп, мақтаған Қарақалпақларда бир шеттен бузылып атыр. Басқа областларда қызларға сарпай бериў 80-100 миллион болып кеткенликтен, шамасы келмейтуғынлар иләжсыздан қызларын ɵзге журтларға берип жиберип атыр. Себеби халықтың дәстүрлери миллеттиң келешегин белгилеп береди. Халық бузылса дәстүрлер бузылып баслайды, дәстүрлер бузыла берсе, миллет бузылып бир-шеттен ыдырап баслайды. Билимсизлиги, илимсизлиги себепли усындай дәстүрлерди ойлап таўып перзентлериниң, миллеттиң келешегине балта урып отырғанлар бул ислери, ойсызлықлары ушын ɵзлериниң бахытсызлықлары, кеселликлери менен жуўап береди. Ҳақыйқый еркек ҳәм ҳаял болғанлар, ҳақыйқый ата-ана болғанлар улын бундай эгоист қылып емес, халқының ғамын, келешегин ойлайтуғын ҳақыйқый азамат қылып тәрбиялайды, қызында халқына ҳақыйқый азаматларды туўып беретуғын ҳаял қылып тәрбиялайды.
@psixolog_nukus


Мен айтқан сырғаны алып бересең

Бир танысымның қурдасы жақында улын үйлендирип той берипти. Оның айтыўынша, қурдасы бир неше жыл квартирада жүрип, күйеўи арақ ишип, қыйналып жасап, перзентлери үлкейген соң жер жайлы болған екен. Улы бир қызды таўып «Тек сол қызға үйленемен» деп, қызын айттырып, сырға салыўға баратуғын болыпты. Үйленетуғын қызы «Мени айттырыўға келсеңиз, Мен айтқан сырғаны алып бересең»- деп, жигитке шәрт қойыпты. Оның айтқан сырғасының баҳасы 5 миллион 200 мың сум екен.

Буны жигиттиң анасы еситип «Ҳаў балам-аў Сизлерди қалай ɵсиргенимди, қанша жыл квартирада жасап, қыйналып, қулағыма пәлен миллионлық сырға түўе дурыслы кɵйлекте киймедимғо, будан сәл арзанлаўын алып берсек болмайма»- деп айтыпты. Жигит- «Мама сол сырғаны алып берейик, кейин ɵзим сағанда алып беремен»- деп, анасының тамырын басып, қызының шәртине кɵндирипти. Бул жигиттиң не ушын буны ислегенин, қандай ой менен ислегенин анализлесең билиў қыйын емес. Ол усылайынша қызына ɵзиниң ЕРКЕК екенин дәллийиллейжақ. Бирақ ол еле турмыстың не екенин билмейтуғын бала екенинен хабары жоқ, ата-анасының турмысынан сабақ алмаған. Әкеси не ушын арақхор болды, не ушын еркек бола алмады? Себеби шаңарағында ол лидер еркек бола алмады, ҳәмме нәрсени ҳаялы шешти. Ҳәзирде улының үйлениўин, сырғасын, қалың малын, тойын анасы шешип отыр. Шаңарақларда еркеклер ақыл-парасатлы, жуўапкершиликли, лидер болмағанлықтан усындай бузғыншы дәстүрлер кɵбейип баратыр. Буларды ҳаяллар кɵбейтип атыр.

Бул жигитте үйленбей турып қызының нағарасына ойнап атырғанын, еркеклик ақыл-парасаты жоқлығын билмейди. Егер шаңарақта еркек лидер, ақыл-парасатлы, жуўапкершиликли болса бундай саўдалар болмайды. Сɵйтип жигиттиң анасы қыздың үйине айттырып барыпты. Қыздың анасы бир районда турғанлықтан оларды танып, «Мен арақхордың улына қызымды бермеймен»- деп, жигиттиң анасының маңлайына урғандай қылып, адамгершилик қылмай, әсте-ақырын сыпайы жол мененде айтпай, кеўлине тийетуғын гәпти айтып жиберген. Буны еситкен қызы «Мен тийсем тек сол жигитке тийемен, болмаса улыўма турмысқа шықпайман»- деп анасына шәрт қойыпты. Анасы не қыларын билмей жигиттиң анасын қайтадан шақырып, ыразы болып, сырғасын, сарпайын алып қалған екен.




Себеби, бул адамлар тәўбеге келиўдиң негизги мәнисин билмейди, түсинбейди, көпшилиги өзиниң көкиреклигине, менменлигине күши жетпейди. Билим алмайтуғын, өз үстинде шуғылланбайтуғын адамда көкиреклик, менменлик деген иллет болады. Сол себепли ол көкирек болады, ол өзин «Мен өзим билемен, мен билгишпен, мен ақыллыман»- деп есаплайды. Интернетте усындай мағлыўматларды тек оқып, еситип қойыў өз үстиңде шуғылланыўға кирмейди. Сол себепли мен тренинглеримди, курсларымды тек офлайн формада өтемен, көпшилик «онлайн курс жоқпа?» деп сорайды. Офлайн тренингке, курсқа келе алмайтуғынлар еле буған таяр емес адамлар, менменлигине күши жетпейтуғын болған соң келе алмайды, биреўди сабыр менен тыңлай алмайды, өзиндей адамлар менен бир қатарда отыра алмайды, өзин олардан ақыллыман, билгишпен, бир жерим артық деп ойлайды.

Адам дегени өзи сондай болады кишене жетискенлигин көтере алмайды, кишкене дипломын, сертификатын, ислеп жүрген жумысын, айлығын, таўып атырған пулларын көтере алмайды, кишкене атағын, абырайын, әмелин көтере алмайды ҳ.т.б. Бирақ өзиниң бахытсызлығын мойынлағысы келмейди, шаңарағындағы машқаласын мойынлағысы келмейди, минез-қулқындағы машқаласын мойынлағысы келмейди. Егер мойынласа өз үстинде шуғылланған болар еди.

Егер сен данышпан, пайғамбар, әўлийе адам болмасаң, бирақ өз үстиңде шуғылланбайтуғын болсаң демек, сен көкирек, менмен адамсаң. Көпишилик өз үстиңде шуғылланыўдың не екенинде билмейди. Тек ғана өз үстинде шуғылланыўды билетуғын адамлар ғана өзиниң көкиреклигине, менменлигине күши жететуғын болады. Қалғанлары басына түскен тәшўишлерде, бахытсызлықларда биреўлерди айыплап, өзин айыплап жүреди яки «Бул бир Алланың сынағы»- деп, өзлериниң көкиреклигин, менменлигин, билимсизлигин, жуўапкерсизлигин, ериншеклигин мойынламай, өзлерин үсийтип ақлап, жубатып, алдап жасай береди.
@psixolog_nukus

20 last posts shown.