Психолог Нукус


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Psychology


Саулат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Psychology
Statistics
Posts filter


Күйеўиме қалай түсиндирсем екен?

Бул қәсийет Ҳаяллардың қанына сиңип кеткен. Яғный, олар психолог болып, педагог болып күйеўин тәрбиялағысы келе береди. «Ўай-ўай мениң күйеўим ондай, мениң күйеўим бундай», бири «Мениң күйеўимниң минези шатақ, урысқақ, бақыраўық» десе, және бири «Мениң күйеўим дым арқайын, үш қой бир сум, дәрья тасса тобығына келмейди»- дейди, гейбиреўлери «Мениң күйеўим дым жуўас, мамасының айтқаны менен жүреди»- деп, күйеўлерин ɵзгериткиси, тәрбиялағысы келеди. Бирақ ɵзлериндеде кемшилик барғо, идеальный емесқо?

Бириншиден, Егер сиз күйеўиңизди тәрбияласаңыз оның Ҳаялы емес, Анасы болып қаласыз. Бундай жағдайда Еркек жуўапкерсиз болып, шаңарақтың бәрше жуўапкершилигин ɵз мойныңызға аласыз.
Екиншиден, Еркектиң ақылы-нәпси сондай болады, ол ҳаял адамға бойсынғанды, оннан ақыл алғанды жақтырмайды, Ҳаялынан ақыл алса ол ɵзин ақмақ адамдай сезеди. Соның ушын Ҳаялы оған ақыл үйретсе бийкарлайды, қырсығады, урысады. Бундай гезде Ҳаялдың нәпси иске түседи «Аўа сен сондайсаң мени тыңлағың келмейди, сеники дурыс меники қәте бола береди»- деп, еркекке айтқанын қылдырыўшы стратегиялық тоңқылдыны иске салады.

Үшиншиден, Ҳеш бир еркек оның қәтесин айтқан ҳаялды жақтырмайды. Ҳақыйқый ҳаял еркектиң қәтесин айтпайды, оны тәрбияламайды. Бүгинги күнде бундай ҳаялды табыў қыйын. Соның ушын психологлар ҳаялларға «Сизлер ҳақыйқый ҳаял болыўды үйрениң»- деп айтады ҳәм бүгинги ҳаяллар ушын ҳаял болыўды үйрениў қыйын болып баратыр. Ҳаяллар, биринши гезекте ҳаял болыўды ойламай күйеўине ɵзиниң бәрше айтқанларын қылдырғысы келеди. Буның ушын ҳәр түрли жолларды тутады. Кɵбинесе 2 қарыс тилин иске салады, қабағын үйиўди иске салады, тɵсекти иске салады, аўқат, чай бермеўди ҳ.т.басқаларды иске салады.

Бундай жоллар менен күйеўиңизге айтқаныңызды қылдырыўыңыз мүмкин, бирақ бул ҳалат күйеўиңизде Сизге деген муҳаббатты, ҳүрметти, қәдирлеўди асырмайды. Соның ушын Ҳаялларға Еркек психологиясының бир сырын айтайын. Күйеўиңе «Ɵзиң билесең, Сеники дурыс»- деген сɵзди айтсаңыз Еркек ойланатуғын болады. Себеби, Ҳаялы оған исеним билдирди, сонда Еркек Ҳаялының исенимин ақлаў ушын қәтелеспеўге ҳәрекет етеди. Ҳақыйқый ҳаялдың қасында ғана ҳақыйқый еркек болады, екеўи абыйға- бабый болады.
@psixolog_nukus




Саламат инсан қандай болады?

1- Физикалық жақтан саламат. Физикалық жақтан саламат адам ҳәрекетшең, актив, бир неше километр (5-6 км) пияда жүре алады, жуўыра алады, шынығыў ислей алады, жумыс ислеўге (70-80 жасындада), мийнет етиўге уқыплы, жарамлы болады. Физикалық жақтан ҳәлсиз-кесел адам ериншек, кем ҳәрекетшең, жумыс ислемейди яки аз ислейди, пияда жүрсе яки бир нәрсе ислесе тез шаршап қалады, диңкесиз болады. Денесинде салбырап туратуғын артықша майлары бар адам наўқас адам есапланады. Семизлик бул кеселлик, оның ақыбетинде кɵплеген кеселликлер пайда болады. 70-80 жасқа шыққан семиз адамды кɵрдиңизбе?

2- Эмоциональ жақтан саламат. Эмоциональ жақтан саламат адам позитив эмоцияларға бай болып, кɵтериңки-жақсы кейпиятта жүреди, басық, қәтержам болады. Сонлықтан адамлар менен унамлы мүнәсибет қура алады, пайдалы ислер менен арқайын шуғылланады, жақсылық ислеўге бейим болады. Эмоциональ жақтан кесел адамда- ашыўланыў, урысыў, жаўызлық, қорқытыў, қырсығыў, ɵкпелеў, қорқыў, айыпкерлик сезими, түскинлик, қызғаныў, ɵкиниў, кɵре алмаўшылық, ашкɵзлик, қайғырыў, уўайымлаў сыяқлы негатив эмоциялар болады.

3- Дүньяқарасы жақтан саламат. Дүньяқарасы саламат инсанда ɵзине, тәғдирине, ɵмирге, адамларға деген позитив ҳәм кең кɵз-қарас болады. Ол дүньяқарасын позитив тәрепке ɵзгертиў, кеңейтиў ушын илим-билим алады. Дүньяқарасы кесел адамда- ɵзине, тәғдирине, ɵмирге, адамларға ҳ.т.басқаларға деген негатив кɵз-қарасы күшли болады, кɵз-қарасы ҳәм пикирлеўи жүдә тар-тɵмен болады.

4- Руўхый жақтан саламат. Руўхый жақтан саламат инсан биринши гезекте жуўапкершиликли болады. Ол саламатлығына, турмысына-тәғдирине, адамлар менен ɵз-ара мүнәсибетине, ислеп атырған ислерине жуўапкершилик пенен қарайды. Руўхый жақтан саламат инсанда- адамгершилик, ҳадаллық, кеңпейиллик, муҳаббат, меҳир-ақыбет, обал-саўап сыяқлы инсаный сыпатлар, Еркеклик ҳәм Ҳаяллық сыпатлары болады. Руўхый жақтан кесел адамда Инсаный, Еркеклик ҳәм Ҳаяллық сыпатлары жүдә тɵмен болады. Сонлықтан бундай адам ɵзине, жақынларына ҳәм басқада адамларға зыян жеткизип жасайды.
@psixolog_nukus






Ер адамның раўажланыўы

Ер адамның раўажланыўы ушын тийкарғы 3 сыпат болыўы керек. Егер усылардың биреўи болмай қалса Еркек раўажлана алмай, онда ҳәр түрли машқалалар, арақ ишиўи, кеселликлер, қарыздардық, жумыссызлық ҳ.т.басқалар пайда болады.

1- Жақсы кɵрген жумысы болыўы керек. Ер адам ɵзи ислеп атырған жумысын жақсы кɵрсе ол тынбай мийнет (ақылый яки физикалық) етеди, ɵзине болған исеними артады, жуўапкершилик пайда болады. Еркек мийнет етип физикалық ҳәм ақылый жақтан раўажланады. Тек пул ушын, айлық ушын, кредитлерин тɵлеў ушын, пайда кɵриў ушын жумыс ислейтуғын еркек раўажланбайды, дүньяқарасы дым тар болады.

2- Ҳаял адамға деген (1- гезекте ɵмирлик жолдасына, соң бәрше ҳаялларға, яғный- анасы, қызлары, туўысқанлары ҳ.т.б усыған киреди) Муҳаббаты болыўы керек. Ер адамның жанында әлбетте жақсы кɵрген яры, ɵмирлик жолдасы болыўы керек. Еркек Ҳаялынан руўхый күш алады, илҳам алады. Ҳаял адам оның ушын бул ɵмирдеги ең әҳмийетли инсан екенин түсиниўи, аңлаўы керек. Ҳаялға болған Муҳаббаты себепли Ер адамның қәлби раўажланады, ишки дүньясы бай болады. Егер еркектиң сүйген яры болмай, Ол «Мен анамды жақсы кɵремен»- десе, ол муҳаббат емес, қарамлық яки байланып қалыў деп айтылады. Яғный, ол ер жетседе ҳаял адам менен жақсы мүнәсибет қурыўды билмей, мамасының баласы болып жүре береди.

3- Дүньяқарасы кең болыўы керек. Буның ушын Еркек илим-билим алып, руўхый ҳәм дүньялық илимлерден хабардар болып, ɵз үстинде жумыс алып барып, кең дүньяқарас пенен пикирлеп жасаўы керек. Кең пикирлеўди билетуғын Еркектиң кɵпшиликке пайдасы тийеди. Кɵпшиликке пайдасы (аңлы түрде) тийетуғын, адамлардың бахытлы ҳәм саламат болып жасаўына үлесин қосатуғын Еркекте раўажланыў болады. Бунда гәп еркектиң мағлыўматында, абыройында, пулында, атағында, әмелинде емес. Кɵпшилик еркеклер усылай пикирлейди. Әсиресе, бизиң жәмийетте бундай нәрселерге ерисиў ушын адамларға пайдаң тийиўи, жақсылық қылыўың шәрт емес, таныс-билистиң арқасында, параның арқасында бола бересең. Бундай еркеклер раўажланбайды, деградация болады, шаңарағына, перзентлериниң келешегине, адамларға, халыққа зыяны тийеди.
@psixolog_nukus




Жетиксизлик комплекслери

Жетиксизлик комлексинде адамда қандайда бир кемшилик болады яки ол ɵзинен кемшилик излеп, сол кемшилигине дыққатланып, соны кɵп ойлайды, ɵзин басқалар менен салыстыра береди. Бунда биреў денесинен, сыртқы кɵринисинен кемшилик излеп- бойым кишкене, арықпан, мурным яки қулағым үлкен, қараман, бет-жүзимде дақ бар ҳ.т.б ойлап уялып, қыйналып жүреди. Биреўлер болса минезинен кемишилик излеп уялады, қыйналады, ɵзин айыплайды, жасырады.

Гейбиреўлер керисинше кемшилигин жасырып жүзине маска тағып, ɵзин ақыллы, күшли, билгиш, шаққан қылып кɵрсетеди, мақтаншақ болады, быжық болады, қырсық, кɵкирек болады. Бундай комплекслер адамда неврозды пайда етип, ҳәр түрли машқалалар- кеселлик, арақхорлық, қумарпазлық, қарамлық, байланып қалыў, қызғаншақлық, ериншеклик, ашыўшақлық, урысқақлық, тартыншақлық сыяқлы әдетлер менен жүзеге шығады.

Турмысқа шыға алмай жүрген қызларда ҳәм үйлене алмай жүрген жигитлерде усындай комплекслери кɵп болады. Сол себепли олар ҳәр түрли сылтаўларды айтып шаңарақ қурмай жүре береди. Шаңарақ қурғанлардың кɵпшилигинде усындай комплекслери себепли еркек+ҳаял мүнәсибети машқалалы болады.

Буның бир кызық жери адамлар усындай комплекслеринен жыллар даўамында қыйналып жүре береди, биреўлер ɵмириниң ақырына шекем усындай комплекслери менен жасайды. Адам биринши гезекте ɵзиниң ойларынан, сезимлеринен, характеринен кɵп қыйналады, соң оны әтирапындағы адамлар қыйнайды.
@psixolog_nukus




Ɵмирде мақсетиң барма?

- билимли, талантлы адамлар кɵп, бирақ олардың кɵпшилиги характери себепли ɵз мақсетин әмелге асыра алмайды,

- мақсетиңди әмелге асырыў биринши гезекте ɵзиңе байланыслы, «Мени жақынларым түсинбейди, бизиң жәмийет сондай, қалақ-түсинбейди, адамлар менен ислесиў қыйын»-деп, жүре берсең сɵйтип жүре бересең, ɵмириң ɵте береди. Қартайғанда «Жас гезимде ɵзимди ɵзгериткенимде, басқаша жасағанымда бундай болмас еди»-деп, ɵкинип жасаўдан не пайда?

- мақсетке ерисиў биринши гезекте ɵзиңди ɵзгертиўден басланады, «Яқ, мен идеальныйман, басқалар ɵзгерсин»- деп ойлайтуғынлар ҳеш қашан мақсетине ерисе алмаған. Себеби, адам тек ɵзин ɵзгерте алады, басқаларды ɵзгерте алмайсаң. Биреўди ɵзгертиўге урынсаң нервиң шаршап, кеселликтен басқасына ерисе алмайсаң,

- мақсети бар адам мақсети ушын ҳәр күни ҳәрекет етеди, бир нәрселерди ислейди, оқыйды, үйренеди, изленеди. Мақсети жоқ адам сылтаў айтады, бәне излейди, налынады, биреўлерди айыплайды, ɵкинеди, биреўлерден жәрдем күтип қолын жайып, үмит етип жүре береди,

- мақсет адамды раўажланыўға ийтермелейди, түскинликке түсиўге, кесел болып аяғын созып, дәри ишип жатыўына жол қоймайды,

- мақсети бар адамның кɵпшиликке пайдасы тийеди, мақсети жоқ адам ҳәттеки ɵзине ҳәм жақынларынада пайдасы тиймейди, биреўлери тек зыянын тийгизеди.
@psixolog_nukus




2-Себеп. Шаңарақ қурған соң пайда болатуғын, шаңарақлық турмыста пайда болатуғын себеплер.

1) Жаслардың шаңарағына енениң, ананың, қәйин атаның, әкениң, қәйин апаның, әжапаның, қәйин ағаның, абысынның, бийкештиң, қәйин ининиң араласыўы себепли ерли-зайып ортасында машқалалар кɵбейип, ўақыт ɵтип ажырасыўға шекем алып барады. Жас ерли-зайып шаңарағындағы ҳәр қандай мәселени екеўи биргеликте ойласып шешиўди үйрениўи керек. Егер олардың шаңарағына, мүнәсибетине басқалар араласа берсе, ҳәттеки жәрдем бериў, қарасыўда оларға зыянлы, ҳәр қандай аралысыў зыянлы. Ер жетседе, шаңарақ қурсада мамасының баласы, мамасының қызы болып қалғанлардың кɵпшилигинде ажырасыў болады. Себеби олар ɵз шаңарағына, ɵз-ара мүнәсибетине жуўапкершилик пенен қарамайды, буны түсинбейди. Сол себепли олардың шаңарағына биреўлер араласа береди.

Биреўдиң араласыўы себепли шаңарақларда ажырасыўлардың статистикасына қарайтуғын болсақ 1-орында ене, 2- орында қыздың анасы, 3-орында қәйин апа, 4-орында абысын, бийкеш, қәйин аға, қәйин ини турады. Бизиң халықта бундай машқалалар дым кɵп. Ата-аналар ер жеткен перзентлериниң шаңарағына араласа береди, буның оларға қаншелли зыян екенин түсинбейди. Туўысқанларда бир-бириниң шаңарағына араласа береди, булда ɵзлерине зыян екенин, нәсиллик программасын бузып атырғанын түсинбейди. Ер жеткен адам ɵзине, шаңарағына ɵзи жуўапкер, оған ата-анасы, ата-енеси, туўысқаны жуўапкер бола алмайды, бул тәғдир нызамларына қайшы келеди. Егер ерли-зайып турмысына болған жуўапкершиликти ɵз мойнына алыўды үйренбесе, олардың шаңарағы машқалалы болады, бахытсыз болады.

2) Еркек+Ҳаял мүнәсибети себепли келип шығатуғын ажырасыўлар. Шаңарақ қурған соң ер адам,- еркек болыўды ойламаса, нашар адам,- ҳақыйқый ҳаял болыўды ойламаса олардың ɵз-ара мүнәсибетинде машқалалар, урыслар, келиспеўшиликлер кɵбейеди. Еркек+Ҳаял болыўды ойламайтуғынлар бир-бирин айыплап, айыпты биреўден излеп жүре береди. Олар не ушын бул ɵмирге еркек болып келгенин, не ушын ҳаял болып келгенин аңламайды, шаңарақты не ушын қурғанын билмейди, не ушын бирге жасап атырғанын аңламайды, перзентлерин бул ɵмирге не ушын алып келгенин, олар ертең қандай адам болатуғынын, қандай еркек, қандай ҳаял болатуғынын ойламайды. Егер ерли-зайып ҳақыйқый еркек+ҳаял болып жасамаса, олардың дипломлары, сертификатлары, жумысы, айлығы, пуллары, атағы, абыройы, әмели, жайлары, алтынлары, машынлары ҳ.т.басқа нәрселери олардың бахытлы жасаўына кепиллик бола алмайды. Бүгинги заманда ажырасыўлардың кɵпшилиги жоқшылықтан емес тоқшылықтан болып атыр. Будан 100 жыл алдын ата-бабаларымыз жер тɵледе жасаған заманда ажырасыўлар бүгингидей болмаған. Дүнья жүзи мәмлекетлерин алып қарасақта экономикалық жақтан бай еллерде шаңарақларда ажырасыўлар жүдә кɵп. Буның тийкарғы себеби ҳақыйқый еркеклер менен ҳақыйқый ҳаяллар азайып баратыр.
@psixolog_nukus




Даўамы…

5) Материаллық мәпин ойлап шаңарақ қуратуғынлар. Қыздың яки жигиттиң ата-анасы қуда-қудағайының материаллық жағдайына, атағына, абыройына, әмелине қарап яки сондай жорасы, қурдасы болғанлықтан солар менен қуда болады. Бирақ перзентлери буны қәлемейди, бир-бирине туўры келмейди. Айырым қызлар материаллық мәпин гɵзлеп жигиттиң жайына, машынына, айлығына, жумысына қызығып яки ɵзиниң контрактин, қарызын, кредитлерин жабыў ушын сондай еркекке турмысқа шығып, соң ол еркек машқалалы еркек болып шығып, «Мен оның бундай екенин билмедим, арақ ишетуғынын билмедим, уратуғынын билмедим, қатынпаз, мошенник екенин билмедим»- деп, ɵзин биреўлер алдында ақлап жүреди.

6) Перзентлер шаңарақ қуратуғын ўақтында ата-ананың машқаласы кɵбейеди, бир-бири менен урысып- қырылысып жүреди яки әкесиниң арақ ишиўи кɵбейеди, туўысқанлар менен, адамлар менен мүнәсибетте машқалалар болады, даўлар, судласыўлар болады. Егер перзентлер шаңарақ қуратуғын ўақытта ата-анада машқала кɵбейсе перзентлер туўры жол менен шаңарақ қура алмайды, ата-анасының машқаласын, бахытсызлығын қайталайды. Қыйсық- қыңғыр ислерди ислейтуғын ата-аналар, ҳадал емес жол менен пул табатуғын ата-аналардыңда перзентлери туўры жол менен шаңарақ қура алмайды. Бундай ата-аналардың кɵпшилигиниң перзентлери ажырасады. Ҳадаллық болмаған жерде нәсиллик программа бузылады, ата-ананың қыйсық-қыңғыр ислери перзентлерин мораллық жақтан, руўхый жақтан бузады. Сол себепли олардың дурыслы шаңарақ болыўы, саламат болыўы, перзентли болыўы қыйын болады.

7) Ата-аналардың ɵзлери саўатсыз, машқалалы болып перзентине туўры келетуғын ɵмирлик жолдасты яки ɵзлерине туўры келетуғын қуда-қудағайды таңлаўды билмейди. Бүгин биз жасап атырған заманда адамлар шыдамсыз, эгоист, сабырсыз, кɵкирек анаў-мынаўға шыдамайды, урысады, келиспей қалады. Сол себепли ҳәзирги жаслар бурынғылардай болып қыйыншылыққа, бахытсызлыққа кɵнип, шыдап жасай бермейди. Буны түсинбейтуғын, саўатсыз, машқалалы бахыт пенен бахытсызлықты айыра алмайтуғын ата-аналар «Бизлер кɵнип, шыдап жасадыққо»- деп ойлайды, айтады. Сизлер бахытсызлыққа шыдап, кɵнип жасағанлықтан, бахытлы болыўға, еркек+ҳаял болыўға ҳәрекет етпегениңизден перзентлериңиз шаңарақ қура алмайды, турмысы бузылады, ажырасады. Жәмийеттиң кɵзи елеге шекем ашылмай атыр, «Мениң перзентим менен ондай болмайды, оқыттым, жумыс ислейди ҳ.т.б»-деп, дым тар пикирлейди, аңламайды, бийпәрўалық пенен қарайды. Перзентлериниң турмысы бузылған ата-аналардың бәршеси ўақтында сɵйтип ойлаған. Бүгинги күнде шаңарақты раўажланыў ушын қурыў кереклигин түсинбейтуғынлардың ертеңги күни қандай болатуғыны мәлим. Себеби 90% адам шаңарақ қурыўға таяр емес ҳалда қурады. Солардан 30-40% ти жыллар даўамында ҳәрекет етип, еплеп тәўирлеў шаңарақ болады, қалғанлары ырыл-тырыл шаңарақ болып жасай береди, гейбиреўлери ажырасады.
@psixolog_nukus




3) Шаңарақ қурар ўақтында қуда-қудағайлар ортасында қалың мал, сарпай, жүк үстинде келиспеўшиликлер, саўдаласыўлар, урыслар, даўласыўлар болса бул келешекте перзентлериниң турмысының бузылыўына алып келеди. Әсиресе, қыздың анасы пәлен миллион сум қалың мал бересең деп турып алса, даў шығарса ертең қызының шаңарағы бузылады.Себеби, нәсиллик программаны тасыўшы, сақлаўшы, жаратыўшы адам ҳаял болғанлықтан ол ɵзиниң нәсиллик программасын бузады. Сонлықтан бундай аналардың қызлары турмысқа шыққансоң перзентли болыўы қыйын болады, кɵпшилиги бир яки еки баланы зорға туўады, қыйыншылық пенен туўады, ажырасады. Ата-аналар шаңарақ қурып атырған перзентлерине қанша кɵп қалың мал, сарпай, жүк берсе келешекте перзентлерине сонша кɵп машқала, бахытсызлық жаратқан болады.

Себеби, тәғдир нызамлары бойынша ер жеткен перзентлер ата-анасынан ҳеш қандай материаллық жәрдем алмаўы керек. Бундай бузылған дәстүрлер ата-аналардың ҳәм олардың перзентлериниң эгоизми, ашкɵзлиги, кɵкиреклиги менен байланыслы болып, бундай дәбдебелер қанша кɵбейген сайын оларда бузғыншы иллетлери кɵбейе береди. Буны жәмийетке қарап түсиниў қыйын емес. Бүгинги күнде жәмийетимизде жарыспаққа қалың мал, сарпай, жүк, дәбдебели тойлар кɵбейип атыр, соның менен бирге ажырасып атырған шаңарақларда кɵбейип атыр. Себеби, ата-аналар ҳәм жаслар ушын шаңарақлық қәдириятлардан кɵре материаллық нәрселер үстем болып баратыр.

4) Үйинен қашып турмысқа шығатуғын қызлардың кɵпшилиги ажырасады. Бундай қызлар үйиндеги машқаладан, бахытсызлықтан усындай жол менен қутыламан деп турмысқа шығып, үйиненде беттер машқалалы үйге келин болып түседи. Бундай қызлардың ата-анасындада машқала кɵп болады, сонлықтан қызы анасының турмысын қайталайды. 17-18-19 жаста турмысқа шығатуғын қызлардың кɵпшилиги усындай жол менен турмысқа шығады, бундай қызларда жертва психологиясы болады. Сонлықтан кɵпшилиги күйеўинен таяқ жейди яки күйеўи арақхор, мошенник ҳ.т.б машқалалы еркек болады.
Даўамы бар…
@psixolog_nukus


Ажырасыўлардың қандай себеплери бар?

Бүгинги күнде шаңарақларда ажырасыў жағдайлары кɵбейип атыр? Буның қандай себеплери бар? Ажырасыўлардың кɵплеген себеплери бар. Солардың ишинде ең кɵп ушырасатуғын себеплерин халық билиўи керек ҳәм буннан ɵзлерине жуўмақ шығарыўы керек деп ойлайман. Мен бир неше жыллық практикамда шаңарағы машқалалы, ажырасып атырған, ажырасқан адамлар менен ислесип, ажырасыўға алып келетуғын тийкарғы себеплерди үйренип шықтым. Ажырасып атырған шаңарақлардың кɵпшилиги турмысының дәслепки 10 жыллығында, ең кɵби дәслепки 5 жыллықта ажырасады.

1- Себеп. Шаңарақ қурмастан алдын болатуғын, шаңарақ қурар ўақтында болатуғын себеплер.
1) Қыздың разылығын алмай, ата-анасының разылығын алмай, қызды мәжбүрлеп алып қашып кететуғын жигитлерде шаңараққа деген жуўапкершилик улыўма болмайды, дым машқалалы еркек болады. Сонлықтан бундай жол менен қурылған шаңарақтың келешеги болмайды.

2) Самооценкасы, ақыл-еси, интуициясы тɵмен қызлар турмысқа шығарда ɵзлерине машқалалы еркекти таңлайды. Яғный, бундай қызлардың разылығын алыў аңсат, бир-еки рет сɵйлессе, бир-еки рет ушырасса яки жигити бир-еки аўыз ўәде берсе, дәрриў сол жигитке турмысқа шығып кетеди. Қызға үйлениў, ерисиў аңсат болса бундай қызлар жалқаў, ериншек болып, шаңарақ қурған соң қолынан ҳеш нәрсе келмейтуғыны, шаңараққа таяр емес екени мәлим болады.

Екинши, тәрептен самооценкасы тɵмен жигитлер ɵзине сондай самооценкасы тɵмен қызларды таңлайды, самооценкасы жоқары қызлардың изинен кɵплеў жуўырыў керек, буған баттылығы, еркеклиги жетпейди. Гейбир жигитлер ɵзлери еплей алмай ортаға анасын, әжапасын, жеңгесин салып, олар қыздың үйине қайта-қайта қатнап, қыздың ата-анасының тамырын басып, бир дүнья ўәде берип, жигитти мақтап қызға ериседи. Яғный, жигит үйленетуғын қызына ɵз күши менен ерисиўи керек, ɵзи ҳәрекет етиўи керек, қыздың разылығын ɵзи алыўы керек, биреўлердиң жәрдеми менен ерисетуғын жигит ҳәлсиз, машқалалы еркек болады.






ƟСПИРИМЛЕР КУРСЫ
Бул курс 13-18 жас аралығындағы қызлар ҳәм ул балалар ушын!

Курста тɵмендеги бағдарлар бойынша оқыў ҳәм әмелий кɵнликпелер үйретиледи.
- самооценканы кɵтериўши методлар;
- ɵз пикирин жеткерип билиў (ораторлық қәбилет);
- креатив пикирлеў;
-коммуникатив (қарым-қатнас, коллектив пенен ислесиў) қәбилетин раўажландырыў;
- ɵзине исенимди қәлиплестириў;
- арзыў етиўди үйрениў;
- кәсипке бағдарлаў;
- гаджетлерден (телефон, планшет, ҳ.т.б.) орынлы пайдаланыў;
- үй жумысларын ислеўди үйрениў;
- әдетлер үстинде жумыс алып барыў;
- дɵретиўшилик қәбилетин асырыў;
- мнемотехника;
- минез-қулықтағы ɵзгерислерди үйрениў;
- ата-ана ҳәм перзент ортасындағы ɵз ара мүнәсибетти жақсылаў.
Курс даўамлылығы 2 ай.
Тренер: Мусатдинова Сәрбиназ
Байланыс ушын телефон: 90 724-85-25
@psixolog_nukus

20 last posts shown.