ШЕКЛЕЎ ҚЫЗЫFЫЎШЫЛЫҚТЫ КҮШЕЙТЕДИ
Адам тәбиятында зыянлы нәрселерге мейиллик күшли болады. Жасы үлкенлер балаларды зыянлы әдетлерден сақлайман деп оның керисин қылады. Яғный, балаға қанша шеклеў қойсақ сол нәрсеге қызығыўшылық күшейеди. Балаларға ҳәр күни қутырма, секирме, минбе, бақырма, қой, урыспа, ɵтирик сɵйлеме, урма, ылақтырма ҳ.т.б. айтамыз. Бирақ, балалар буның керисин ислейди. Себеби, биз «шеклеў – қызығыўшылықты күшейтеди» деген сана асты нызамын билмеймиз. Жас өспиримге сигарет шекпе, тәртипсиз балаларға қосылма деп тез-тез айта берсек буның керисин көремиз. Өспирим қызға телефонда көп сөйлеспе деген сайын ол жасырын сөйлеседи. Себеби биз ата-анамыз, жәмийеттен усындай тәрбия алғанбыз ҳәм буны перзентлеримизге қолланамыз. Және бир нызамды «тәбиятта бослық болмайды». Яғный, балада я пайдалы яки зыянлы әдет болады. Сонлықтан зыянлы әдетти шеклеў нәтийже бермейди. Буның орнына балада қалайынша пайдалы (китап оқыў, спорт, дөретиўшилик, мийнет етиў, үй ҳайўанларын бағыў) әдетлерди қәлиплестириў мүмкинлиги ҳаққында ойланып кɵрген мақул. Егер бала ата-ана тәрепинен кемситиўши, шеклеўши, қорқытыўшы сɵзлерди есите берсе, баланың қызығыўшылығы сɵнип қалады. Буның ушын перзентиңиздиң күшли тәреплерине (қызығыўшылығына) дыққатланып, сол тәрепин раўажландырыў керек.