Жертва психологиясы
Адамлар турмысында ҳәр түрли жертва ҳалатлары гүзетиледи.
- биреўден жәбирлениўши (әкеси, анасы, күйеўи, енеси, қәйин апасы, баслығы, мүғәллими, жигити ҳ.т.б)
- еркектен жәбирлениўши (қызғаншақ, қаттықол, тиран, қатынпаз, альфонс, қумарпаз, мошенник)
- жалғызлықтан жәбирлениўши (турмысқа шыға алмай жүргенлер, ажырасқанлар)
- бахытсыз мухаббат қурбаны (жетисе алмаған мухаббаты деп, бир өмир қыйналып жасаў)
- семизликтен жәбирлениўши (бәрқулла өзиниң семизлиги менен гүресип жасайтуғын ҳаялларға тән)
- ажырасыўдан жәбирлениўши (ажырасқанлығы ушын бир өмир азапланып жасаў)
- жумыстан жәбирлениўши (қанша көп жумыс ислесе де табысы көбеймейди, жақсы гәп еситпейди, жазаланады)
- арақхорлықтан жәбирлениўши (өмирлик жолдасы, әкеси, туўысқаны, перзенти)
- анасынан яки ҳаялынан жәбирлениўши (анасы яки ҳаялы тәрепинен қадағалаўда жүретуғын еркеклер)
Жертва- бул тек минез-хулық пенен байланыслы болмай, адамның өмирлик позициясы ҳәмде жасаў тәризине айланып қалады. Жертва психологиясындағы адам тɵмендегише пикирлейди.
- мениң қолымнан келмейди,
- мен ҳеш нәрсени шеше алмайман,
- мен қатты илажсыз жағдайдаман,
- қәтелесиўден қорқаман,
- кɵниўден басқа иләжим болмай тур,
- бахытсызлық маңлайыма жазылған,
- тек ғана шыдап жасаўым керек,
- негедур мениң талабым келиспейди,
- мени ҳеш ким түсинбейди,
- мениң бахытсызлығыма биреў себепши ҳ.т.б.
Не ушын адам жертва ҳалатынан шыға алмайды? Себеби бул қолай позиция, жуўапкершиликти мойныңа алмайсаң, жәмийет пикири жертва адамды қоллап-қуўатлайды.
- жертваны айыпламайды, себеби ол жәбирлениўши,
- жертва ҳәмме ўақытта ҳақ, оны қыйнағанлар жаман,
- ол өзиниң машқалалары менен адамлардың дыққат орайында, адамлар оны жубатады, сен жақсысаңғо деген гәплерди айтады, себеби жетртва ɵзин жақсы кɵрмегенликтен адамлардың аянышы арқалы ɵзин жақсы кɵреди,
- оған аяўшылық пенен қарайды,
- ол сонша қыйыншылықларға шыдап жүргени ушын қаҳарман, «қандай шыдамлы, беккем нашар»,
- оның образы «бийшара жақсы адамғо»,
- оның машқаласын басқалар шешиўин күтеди,
- ол ɵзгермеўи ушын ҳәмме ўақыт қандай да бир бәнелер табады.