ЕККЕНИҢДИ ОРАСАҢ
Дәрьяда шомылыўды қәлеген адам алдын жүзиўди билиўи керек. Дәл сондай биз жасап турған әлемниң ɵзине тән нызамлары, қағыйдалары бар. Баланс нызамы бойынша алғаныңа жараса бересең. Мәселен, ɵкпеңди ҳаўаға толтырып дем алсаң, сонша муғдарда дем шығарасаң. Ҳәр биримиз ислеген исимиз, қоллаған әмелимизге қарай «еккенимизди орамыз». Айырым ата-аналар перзентлери ɵспирим дәўирге келип тосаттан ɵзгерип қалғанына ҳайран қалады. Ɵмирде ҳеш нәрсе тосаттан болмайды. Он бес жасқа шекем еркелеп ɵскен бала қалған жағында ɵзи билип жуўапкершиликли болып кетиўи баланс нызамына да логикаға да туўры келмейди. Бул бала ɵтирик сɵйлеўи, ата-анасын алдаўы ɵз ɵзинен емес. Бала әкеден кɵп таяқ жегени ушын ɵтирик сɵйлейди. Себеби, балада «расын айтсам урады» деген түсиник қәлиплесип қалады. Ал, әке балаға қол кɵтериўине себеп анасының баланы ҳәдден тыс еркелетиўинде. Яғный, анасы ҳаял болып әкесине бериў керек болған энергияны балаға берсе еркек ушын бала қарсыласқа айланып баслайды. Буны түсинбеген аналар баласын оннан сайын баўырлап оның тәрбиясын бузып атырғанын билмейди. Бирақ, нызам-бул нызам, «мен билмей қалдым» деген бәнемиз ɵтпейди. Сол ушын ата-баба ɵмирдиң нызамларын жақсы түсинген ҳәм бир мақал менен жеткерип берген. Еккениңди орасаң!