СҮЙИКЛИМЕ
Қапасаң билемен тур кеўил сезип,
Жүргеннен пайда жоқ өзиңди езип,
Мейли айыпласаң, айыпла мени,
Мен сеннен ҳеш қашан кетпеймен безип.
Жаслықтан мен сени таңладым сүйип,
Ышқыңда өртенип жандым мен күйип,
Безбеймен ҳеш қашан сендей сулыўдан,
Бир өмир жүрекке алғанман түйип.
Ҳәзил сөзлериме берме итибар,
Керек емес маған басқа бир дилбар.
Муҳаббат бағында ашылған гүлим,
Мен саған болғанман мәңги аҳыў-зар.
Өзгелер гүл емес жантақ мен ушын,
Барымды беремен жаным сен ушын.
Мейли исен, мейли маған исенбе.
Жаралған сулыўсаң сен тек мен ушын.
Базыда ойланбай сөйлеген сөзим,
Кеўилиңе батқанлығын билемен.
Айыбым барлығын билемен өзим,
Сүйиклим бәри-бир сени сүйемен.
Муҳаббат бағының талы шайқалып,
Бизлерге қарап тур, ҳайран, таң қалып.
Сени сүйемен деп бақырғым келер,
Сүйиклим, сулыўым менде жар салып.
Муҳаббат өлмейди жасар жүректе,
Сүймейди деп маған сен етпе өкпе.
Баллардың қасында отырабермей,
Шабазым келип кет, мен тәреп бетке.
Қабағың үйилип жаўмасын қардай,
Шийринсең, шекерсең мазалы палдай.
Өкпелеп исинип отыраберсең,
Жарылып кетесең шабазым шардай.
Ансатбай Каражанов
06.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>
Қапасаң билемен тур кеўил сезип,
Жүргеннен пайда жоқ өзиңди езип,
Мейли айыпласаң, айыпла мени,
Мен сеннен ҳеш қашан кетпеймен безип.
Жаслықтан мен сени таңладым сүйип,
Ышқыңда өртенип жандым мен күйип,
Безбеймен ҳеш қашан сендей сулыўдан,
Бир өмир жүрекке алғанман түйип.
Ҳәзил сөзлериме берме итибар,
Керек емес маған басқа бир дилбар.
Муҳаббат бағында ашылған гүлим,
Мен саған болғанман мәңги аҳыў-зар.
Өзгелер гүл емес жантақ мен ушын,
Барымды беремен жаным сен ушын.
Мейли исен, мейли маған исенбе.
Жаралған сулыўсаң сен тек мен ушын.
Базыда ойланбай сөйлеген сөзим,
Кеўилиңе батқанлығын билемен.
Айыбым барлығын билемен өзим,
Сүйиклим бәри-бир сени сүйемен.
Муҳаббат бағының талы шайқалып,
Бизлерге қарап тур, ҳайран, таң қалып.
Сени сүйемен деп бақырғым келер,
Сүйиклим, сулыўым менде жар салып.
Муҳаббат өлмейди жасар жүректе,
Сүймейди деп маған сен етпе өкпе.
Баллардың қасында отырабермей,
Шабазым келип кет, мен тәреп бетке.
Қабағың үйилип жаўмасын қардай,
Шийринсең, шекерсең мазалы палдай.
Өкпелеп исинип отыраберсең,
Жарылып кетесең шабазым шардай.
Ансатбай Каражанов
06.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>