ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫМ МЕНЕН БАС ҚОСҚАНЫМА ОН ҮШ ЖЫЛ ТОЛҒАНЫ МҮНӘСИЙБЕТИ МЕНЕН
ЖАЗЫЛҒАН ҚАТАРЛАР.
Екеўмиз бас қостық он үш алдын,
Өмир базарына қойып қәдемди.
Есиңдеме жаным астында талдың,
Орынладым саған берген ўәдемди.
Өмир соқпағына қойылған қәдем,
Қыйсық басылмады, дурыс басылды.
Сеннен илҳамланып жазады қәлем,
Саған жағып қойман бәрҳә жасылды.
Шабазым он үш жыл өтипти демде,
Сениң кеўлиң менде меники сенде.
Еслесем азырақ өтмишке қайтып,
Болған екенмен мен ышқыңда делбе.
Бахыт мәканымның жағып шырасын,
Кеўлимди жаз етип жиберген дилбар.
Айтайын мен саған гәптиң ырасын,
Сүйилип, сүйиўши тек сенсең дилбар.
Ансатбай Каражанов
12.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
ЖАЗЫЛҒАН ҚАТАРЛАР.
Екеўмиз бас қостық он үш алдын,
Өмир базарына қойып қәдемди.
Есиңдеме жаным астында талдың,
Орынладым саған берген ўәдемди.
Өмир соқпағына қойылған қәдем,
Қыйсық басылмады, дурыс басылды.
Сеннен илҳамланып жазады қәлем,
Саған жағып қойман бәрҳә жасылды.
Шабазым он үш жыл өтипти демде,
Сениң кеўлиң менде меники сенде.
Еслесем азырақ өтмишке қайтып,
Болған екенмен мен ышқыңда делбе.
Бахыт мәканымның жағып шырасын,
Кеўлимди жаз етип жиберген дилбар.
Айтайын мен саған гәптиң ырасын,
Сүйилип, сүйиўши тек сенсең дилбар.
Ансатбай Каражанов
12.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai