Қараөзек районында полиэтилен труба ислеп шығарыў жолға қойылды
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында елимизде исбилерменлер саны артып, жаңа қуўатлықлар иске түсирилип атыр.
Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Mang’it polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен полиэтилен труба ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылып, жаңа кәрхана иске түсирилди.
Жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында улыўма баҳасы 377 мың доллар болған жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.
—
Қораўзак туманида полиэтилен қувур ишлаб чиқариш йўлга қўйилди
Сўнгги йилларда ҳурматли Президентимизнинг тадбиркорликни ривожлантириш ва инвестицион жозибадорликни ошириш борасида Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида юртимизда тадбиркорлар сони ортиб, янги қувватлар ишга туширилмоқда.
Қораўзак тумани «Қойбақ» овул фуқаролар йиғини ҳудудида «Mang’it polimer» масъулияти чекланган жамияти томонидан полиэтилен қувур ишлаб чиқариш лойиҳаси амалга оширилиб, янги корхона ишга туширилди.
Имтиёзли кредит маблағлари асосида умумий қиймати 377 минг доллар бўлган лойиҳа ишга туширилиши натижасида 10 та янги иш ўрни яратилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube