⚡️Баладағы қәбилетти жоғалтыўшы нәрселер ҳаққында билесиз бе?1. Бетине урыў. Баланың бетине яки басына урыў мийдеги 300-400 клетканы өлтиреди екен. Басты сыйпаў болса мийде таза клеткаларды пайда етеди;
2. Электрон ойынлар социаллық интеллектти, сөзлик зийреклигин (сөз байлығын, тапқырлығын) жоқ етеди. Ҳәдден зыят итибар қаратылғанынан мийге қан қуйылыўына, мий клеткаларының ертерек набыт болыўына себепши болады. Жасы үлкейгенде онда шеберлик, тәжирийбе жетиспеўшилиги бақланыўы мүмкин;
3. Ананы оның баласының алдында ақыретлеў баланы қорқақ, уялшақ етип қояды, саламат пикирлеўи төменлейди. Себеби изертлеўлерге қарағанда бала қабилетин анасынан алады;
4. Баланың пикирлер үстинен күлиў, ол ислеген ислерин
хошаметлемеў нәтийжесинде ондағы мотивация, умтылыў сезимлери төменлеп кетеди;
5. Бала менен турақлы сөйлесип, ҳал-аўҳалын сорамаў. Бала менен контакт есиклериниң жабық болыўы ондағы сөз байлығын, жәмийетке араласыў қәбилетин (адаптация) ҳәм зийреклигин төменлетип жибереди. Баланың гәпине әҳмийет бермеў, оны тыныш турыўға шақырыў, айырым жағдайларда оған улыўма итибар қаратпаў оның өзине исеними төменлеўине, ишиндеги гәплерин ҳәр дайым жасырып, анық мәселе бойынша пикир айтпайтуғын болып қалыўына алып келиўи мүмкин.
6. Суў ишиўге итибарсызлық. Айырым ата-аналар балаларының суў ишиўине итибар берместен, чай, газлы ишимлик ямаса басқа суйықлықларды ишиўи жеткиликли деп ойлайды. Бирақ, мийдиң 85% суўдан ибират болғаны ушын ҳеш бир суйықлық суўдың орнын баса алмайды. Соның ушын күн даўамында бала суў ишип турыў керек. Оқыўда сабақ ўақтында да ҳәр 45 минуттан 1 стакан суў ишип турыў баладаға қолайсызлықлардың (жөтел, түшкириў, стулды қыймылдатыў, столды ысырыў сыяқлы) алдын алыўға хызмет етеди.
7. Азанғы ҳалқасты жемегени бала ушын зыянлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Изертлеўлерге қарағанда, халқасты жемейтуғын адамларда қандағы шекердиң муғдары төменлеп кетеди екен. Бул болса мий клеткаларына жетерли дәрежеде азықлық жетип бармаўына алып келеди ҳәм клеткалар бөлекленип кетеди.
8. Фаст-футларды илажы барынша балаға алып бермең, себеби олардың қурамында жасалма майлар ҳәм тәбийий емес элементлер бар болып, баланың раўажланыўына кери тәсир етеди. Соның ушын да фаст-сут Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен ең зыянлы аўқатлардың бири деп тән алынған.
9. Баланың қәбилетин ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алмастан оны қандайда таярлық курсларына яки дөгереклерге бериў күтилген нәтийжени бермейди;
10. Балаларға балалардай болып жасаўына имкан берместен, көп жуўапкершилик жүклеў ҳәм оқыўды қатты талап етиў керек емес. Жуўапкершиликли жумыслар ҳәм сабақларын таярлаў ушын белгили ўақыт ажыратып, қалған ўақтын өз қәлегендей етип өткериўге руқсат берген мақсетке муўапық. Сонда оларда креатив пикирлеў, ғәрезсиз шешим қабыл етиў қәбилетлери жақсы раўажланады.
11. Баланы биринши жазыўды үйренип атырғанда ҳәриплерди майдарақ етип жазыўға мәжбүрлемең. Себеби үлкен ҳәриплер менен жазыў балада өзине исеним ҳәм еркинликтиң белгиси болып есапланады. Егер жазыў майда болса, бул баланың өзине исеними ҳәм еркин пикирлеўиниң төменлигинен дәрек береди.
Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:👉 @bala_psixologiyasi