Imam Iyshan.uz KANALI


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нөкис районы "Имам ийшан" жаме мешитиниң рәсмий Telegram каналы!

Related channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Religion
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
⚡️ "Қабыллаў-2024" басланды !!!

🗣 "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтына 2024-2025 оқыў жылы ушын ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 20-июньнан басланды.

📆Қабыллаў процесси 20-июньнан 20-июльға шекем OFFLAYN FORMADA (Екшемби ҳәм байрам күнлеринен тысқары) саат 09:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди.

🗂 Керекли ҳүжжетлер:

📝билим журты директоры атына арза;
🪪 паспорт яки ID карта нусқасы (түп нусқа көрсетиледи);
📚 мағлыўматы ҳаққында аттестат яки диплом (түп нусқасы)
👤 3,5 х 4,5 көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет (ақырғы үш айда алынған ҳәм арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи)
✅ шет тилин билиўи ҳаққындағы сертификат (мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген шет тилинен басқа шет тил бойынша тест тапсырыўшылар ушын) түп нусқасы.

‼️ Билимлендириў мәкемелерин алдыңғы жылларда питкерген абитуриентлер тестке кириў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси яғный 170.000 сум төлем төлеў керек болады. Усы жылда оқыўды тамамлаған абитуриентлерден болса төлем өндирилмейди.

📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гузары көшеси, 1а-жай.

☎️ Телефон номер:
+998(55)101-55-12

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz


#Ҳайыт_намазы
#еслетпе

ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БОЙЛАП ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ УСЫ ЖЫЛДЫҢ 16-ИЮНЬ КҮНИ, АЗАНҒЫ СААТ 05:50 ДЕ ОҚЫЛАДЫ.
    
Ҳайыт күни егер кеселлик, узақлық ҳәм қар-жаўын сыяқлы себеп болмаса намаз оқылатуғын жерге пияда жүрип барыў сүннет есапланады.

Көлик пенен келген жағдайда да, машинамызды ҳеш кимге кесент етпейтуғын, алыслаў жерде қалдырыў мақсетке муўапық болады.

@imamiyshan.uz


#Қурбан_ҳайыты
#Қутлықлаў

🙄 ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ҳүрметли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды тынышлық, меҳир-ақыбет ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлеринен барған сайын абат ҳәм мунаўўар болып атырған елимизге кирип келген Қурбан ҳайыты менен шын кеўилден қутлықлайман.

👉 ТОЛЫҚ...

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Еслетпе #Қурбан_ҳайыты

Қарақалпақстан бойлап ҳәмме мешитлерде ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ НАМАЗЫ 16.06.2024 күни саат 05:50 де оқылады.

http://t.me/imamiyshanuz


#Сораў_жуўап #Қурбанлық

ҚАЙСЫ КҮНИ ҚУРБАНЛЫҚ ҚЫЛЫЎ АБЗАЛ?

СОРАЎ: Қурбанлық қылыў мүмкин болған күнлердиң қайсы биринде қурбанлық қылыў абзал?

ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнийр Роҳийм
Қурбанлық күнлериниң биринши яғный, әдетте Қурбан ҳайыты намазы оқылатуғын (Зүлҳижжаның оныншы) күни қурбанлық сойыў абзал. Бул ҳаққында "Әл-Фәтәўә әл-ҳиндия" китабында мынандай делинген:

أَوَّلُهَا أَفْضَلُهَا وَآخِرُهَا أَدْوَنُهَا ، وَيَجُوزُ فِي نَهَارِهَا وَلَيْلِهَا بَعْدَ طُلُوعِ الْفَجْرِ مِنْ يَوْمِ النَّحْرِ إلَى غُرُوبِ الشَّمْسِ مِنْ الْيَوْمِ الثَّانِي عَشَرَ ، إلَّا أَنَّهُ يُكْرَهُ الذَّبْحُ فِي اللَّيْلِ

"Қурбанлық күнлериниң биринши күни (нде қурбанлық қылыў) ақырында қылғаннан абзал. Қурбан ҳайыты (Зүлҳижжаның оныншы) күни таң атқаннан баслап Зүлҳижжәның он екинши күни қуяш батаман дегенше күндизи де, түнде де қурбанлық қылыўға болады. Лекин түнде сойыўдың мәкрүҳлығы бар". Ўаллаҳ әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.

📱http://t.me/imamiyshanuz


ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ 16-ИЮНЬ КҮНИ БЕЛГИЛЕНЕДИ

Өзбекстан Республикаси Президенти "Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында"ғы қарарға қол қойды.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы баспа сөз хызмети

@imamiyshan.uz


#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

  2-МӘСЕЛЕ:
  Қурбанлықтың ҳүкими - бул дүньяда ўәжибти бежериў ҳәм ақыретте Аллаҳ тааланың кеңшилиги менен үлкен әжир-саўапларға ийе болыў.
  ("Ғиясийя").

Қурбанлық, егер барлық шәртлери табылса, еркекке де, ҳаялға да ўәжиб. (жоқарыда биринши мәселеге қараң)
  ("Бадаеъ").

Дерек: Fatvo.uz телеграм каналы.

📱http://t.me/imamiyshanuz


#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

  1-МӘСЕЛЕ:

  "Қурбанлық күнлеринде бай, муқим (өз елинде болған адам), мусылман, ҳүр-азат болған ҳәр бир адамға қунбанлық қылыў ўәжиб".
  ("Мухтасарул Қудурий" китабы).

Қурбанлықты ўәжиб қылатуғын байлық - күнделик турмыс ушын зәрүр болған нәрселеринен басқа 85 грамм алтын ямаса оның қунындағы мал-мүликке ийе болыў.
Дерек: Fatvo.uz телеграм каналы.

📱http://t.me/imamiyshanuz


#Таңғы_сәлемнама

🌞 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! ☺️

🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿

🍃🌱 Жаңадан атқан таң! 🌱🍃

🌸 Жаңадан басланған ҳәпте! 🌺

🌺 Жаңадан дүзген жобалар! 🌸

🌸 Жаңадан баслайжақ ислер! 🌺

🌺 Жаңадан болатуғын дослар! 🌸

🌸 Жаңадан алатуғын илимлер! - қутлы ҳәм берекетли болсын! 🌺

🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼

🌹 Жаңа күн, жаңа ҳәпте, жаңа жобалар сизге жаңа бахытлы сәтлерди алып келсин! 🌹

☘ Аллаҳ таала сизиң жаңадан болатуғын ислериңизде сизге күш-ғайрат берсин! ☘

🍀 Жаңа күн сәтли болсын! 🍀

🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹

📱http://t.me/imamiyshanuz


#Дуўа

📚Сабақ оқыў (таярлаў)дан алдын мына дуўа оқылады:

اَللَّهُمَّ ارْزُقْنَا عِلْمًا نَافِعًا وَ حِفْظًا كَامِلًا وَ ذِهْنًا شَامِلًا وَ فَهْمًا ذَكِيًّا وَ تَوْفِيْقًا لِتَحْصِيْلِ الْعُلُومِ، اَللَّهُمَّ أَخْرِجْنِا مِنَ الظُّلُمَاتِ الْجَهْلِ وَ الْوَهْمِ وَ أَكْرِمْنَا بِنُورِ الْعِلْمِ وَ الْفَهْمِ، اَللَّهُمَّ افْتَحْ لَنَا أَبْوَابَ عِلْمِكَ وَ انْشُرْ عَلَيْنَا خَزَائِنَ رَحْمَتِكَ بِرَحمَتِكَ يَا أَرْحَمَ الرَّحِمِينَ💎

Айтылыўы: «Аллооҳуммарзуқнәә ъилмән нәфиъан ўә ҳифзон кәәмилән ўә зиҳнән шәәмиләў ўә фәҳмән зәкиййән ўә тәўфийқон литаҳсийлил ъулуўми. Аллооҳуммә әхрижнәә мин зулумәәтил жәҳли ўәл ўәҳми ўә әкримнәә би нуўрил ъилми ўәл фәҳми. Аллооҳуммәфтәҳ ләнәә әбўәбә ъилмикә ўәңшур аләйнәә хозәәинә роҳмәтик. Бироҳмәтикә йәә арҳамар роҳимийн».

Мәниси: «Аллаҳым, бизди пайдалы илим, пысық ядлаў қәбилети, кең зейин, өткир түсиник ҳәм илим алыў ушын таўфийқ пенен ырысқыландырагөр. Аллаҳым, бизди наданлық, саўатсызлық ҳәм гүман қараңғылығынан шығарагөр, илим-мәрипат пенен ҳүрметли етегөр. Аллаҳым, бизге илим есиклерин ашқайсаң. Ҳәй рейим етиўши Аллаҳ, бизге мийримиң ғәзийнелерин тарқатагөр».

"Ибадати Исламия" китабынан

📱http://t.me/imamiyshanuz


Имам Жаъфар Садық раҳимаҳуллаҳ айтады:

Атам маған мынандай нәсиятларды қылды:
1. Балам! Ғапыл ҳәм пасық дослар менен бирге болған (дини, итиқады) саламат болмайды.
2. Гүна ислер қылынған жерлерге кирип-шығып жүргенниң басы жалаға қалады.
3. Тилин абайламаған пушайман болады.

«Сырлар ғәзийнеси» жазыўларынан.

«« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »»

t.me/imam href='iyshanuz' rel='nofollow'>iyshanuz


Гүнә қылыўдан алдын Аллаҳтың қүдиретин есле.

- Аллаҳ гүнә қылғаныңызды көрип турғанын, гүнәның жазасын ҳәм ақыбетин есле.
- Ҳәр бир ҳарам ләззет демде умытылып кететуғынын, бирақ гүнәсы ҳәм шерменделиги мәңги қалатуғынын есле.
- Өлимди ҳәм оның қорқынышын еске ал, себеби өлим ҳәр қандай ләззетти кеседи, ол ҳәр қандай басланыўдың ақыры.
- Қәбирди ҳәм ондағы қараңғылықты еске ал, себеби қәбирде бул дүньяда қылған әмеллериңнен басқа ҳеш нәрсе болмайды.
- Есап-китап ҳәм оның қыйыншылықларын еске ал, себеби Аллаҳға Қыямет күни көрсетилетуғын тарийхың, әмел дәптериң ҳәм барлық дене ағзаларың ашылған ҳалында келесең. Аллаҳ таала бул ҳаққында былай дейди: « Сол Күни (есап-санақ ушын Аллаҳға) жүзлестирилесиз, бир нәрсеңиз де жасырын қалмайды» (Ҳааққоҳ сүреси,18-аят).

https://t.me/imamiyshanuz


Зулҳижжа айы кирип келмекте. Бул айда қандай әмеллер қылынады?

• Зулҳижжа сѳзи қандай мәнини аңлатады?
• “Ҳаж ийеси” деген мәнини билдиреди.
• Зулҳижжа айы қандай ай?
• Бул ай Аллаҳ таала урыс, қан тѳгиўди ҳарам қылған (Зулҳижжа, Зулқаъда, Муҳаррам, Ражаб) тѳрт айдың бири, ҳижрий-қамарий календардың ақырғы айы.
• Зулҳижжа айы қандай пазыйлетлерге ийе?
• Ҳаж ибадаты ада қылынатуғын, қурбанлық қылынатуғын, Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты белгиленетуғын ай. Бул айда, әсиресе оның дәслепки он күнинде ибадатлар Аллаҳ таала ушын ең сүйикли әмеллерден саналады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Зулҳижжа айының он күниндеги әмелден кѳре абзалрақ әмел жоқ”, деген (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

Бул айда тутылған ораза еки жыллық гүналарға каффарат болады.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Арафа күниниң оразасы ѳзинен алдынғы бир жыл ҳәм ѳзинен кейинги бир жылдың гүналарына каффарат болыўынАллаҳтан үмит етемен”, деген (Имам Муслим рәўияты).

Зулҳижжа айын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қалай ѳткизер еди?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Зулҳижжа айының дәслепки тоғыз күнинде, Ашура күнинде ҳәм ҳәр айдан үш күнде – айдың дәслепки дүйшембиси менен еки пийшембисинде – ораза тутар еди (Имам Аҳмад рәўияты).
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жәнеде кѳбирек зикир қылар еди ҳәм: “...Бул күнлерде таҳлил (Ләә иләәҳа иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбар) ҳәм таҳмид (Әлҳамдулиллаҳ) айтыўды кѳбейтиңлер!” дейтуғын еди (Имам Аҳмад, Имам Байҳақий рәўияты).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мына дуўаны кѳп айтар еди: "Ләә иләәҳа иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийка ләҳу, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамду ўә ҳуўа ъаләә кулли шай’ин қодийр" (Имам Термизий рәўияты).

Telegram каналымыз:👉 t.me/imamiyshanuz


#Қараң

   Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума айтады:

   Ҳәй гүнаға қол урыўшы қол! Сен оның (қылған гүнаңның) ақыбетинен ҳәргиз аманда емессең!
   Гүна қылып турып, қасыңдағы адамлардан уялмаўың қылған гүнаңнан да үлкен.
   Аллаҳ таала сол гүнаңды не қылыўын (кеширедиме кеширмейдиме) билмей турып күлиўиң гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қылыў имканиятын қолға киргизгениң ушын қуўаныўың қылынған гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қыла алмағаныңа қайғырыўың сол гүнаны қылғаннан да үлкен.
   Гүна қылып турып, пердени қыймылдатқан самалдан қорқыўың, бирақ Аллаҳ көрип турғанынан жүрегиң қалтырамаўы сол гүнадан да үлкен.

   Аллаҳ таала Айюб алайҳиссәләмды қайсы гүнасы ушын денеси ҳәм малына соншелли мүсийбет жеткергенин билесеңбе?

   Айюб алайҳиссәләмның бар-жоқ гүнасы сол, бир мискин оннан басына түскен зулымды кеткизиўде жәрдем сораған, ол болса оған жәрдем бермеген, залымға нәсият қылмаған ҳәм оны мискинге зулым қылыўдан қайтармаған еди. Сол себептен Аллаҳ таала оны бәлелерге батырып жиберди.

🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

t.me/imamiyshanuz


#Қараң

   Еркек адам ҳаялынан кеширим сораўы қыйын. Еркеклер көбинесе ҳеш нәрсе болмағандай сөйлесип кетеди. Бул иси «Өткен исти умытайық, болары болды» дегени. Ҳаялы да усындай жағдайда жарасып кетсе, кеўил қалыспа болмайды.


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

t.me/imamiyshanuz


#Есте_сақлаң

ҚУРАННАН БИР АЯТ

قُلْ إِنِّي أَخَافُ إِنْ عَصَيْتُ رَبِّي عَذَابَ يَوْمٍ عَظِيمٍ.💎

🌸 Сен: «Әлбетте, мен егер Рәббиме бойсынбасам, уллы күн азабынан қорқаман», – деп айт.🌸

(Анъам сүреси, 15-аят).

📱http://t.me/imamiyshanuz


НЕЪМАТЛАРҒА ШҮКИРЛИК ҚЫЛЫҢ!

Әке - намыс!
Ана - меҳир!
Аға - мақтаныш!
Үке - үмит!
Апа - ар!
Сиңли - ғамқор!
Әмеки - қанлас!
Әжапа - дәрман!
Ҳаял - сынаў
Перзент - сыйлық!
Келин - қарыз!
Күйеў - парыз!
Қудағай - сабыр!
Қоңсы - сырлас
Қәйинлер - қарындас!
Мийман - ырысқы
Устаз - пәрўана!
Дос - дыянат!
Душпан - қыянет!
Шаңарақ - әўмет!
Руўзыгершилик - дәрамат!
Турмыс - имканият!
Өмир - имтиҳан!
Муҳаббат - айқулақ!
Уйқы - ермек!
Түс - қыял!
Ўақыт - мәҳәл!
Күн - жәбир!
Түн - сабыр!
Өлим- хақ!
Жасаў - бул бахыт!
Машинада баратырсыз ба? Изинизге қараң велосипетте баратырғанлар да бар! Шүкирлик етиң автомобилигиз бар!
Велосипедте баратырсыз ба? Изинизге қараң пияда жүргенлер де бар!
Шүкирлик етиң велосипедиңиз бар!
Пияда баратырсыз ба? Әтирапқа нәзер салың, арбашада отырғанлар да бар! Шүкирлик етиң бир өмир төсекте жатырғанлар да бар!

Усы қатарларды оқып атырсыз ба? Шүкирлик етиң, көзи әззилер де бар!

Тарқатың: http://t.me/imamiyshanuz


#Қараң

ЗЫЯНЛЫ НӘРСЕЛЕР

🌿 1 – Әмелсиз илим.

🌿 2 – Ықлассыз әмел.

🌿 3 – Жумсалмайтуғын мал-дүнья.

🌿 4 – Аллаҳтың муҳаббатынан бос қәлб.

🌿 5 – Аллаҳтың таатынан бос қалған дене.

🌿 6 – Ийги ис қылынбай өткерилген ўақыт.

🌿 7 – Пайдасыз нәрсе ҳаққында жүргизилген пикир.

  🌿 8 – Хызмети Аллаҳқа да, дүньялық пайдаға да жақынластырмайтуғын адамлардың хызметин қылыў.

🌿 9 – Иқтыяры Аллаҳтың қолында болған кимседен үмит қылыў ҳәм қорқыў.

✍ Ибн Қаййум раҳимаҳуллаҳ

📱http://t.me/imamiyshanuz


#Дуўа

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳудың дуўасы:

   «Аллаҳым, сөйлегенде илим менен сөйлеўши, үндемегенде ҳикмет пенен үндемей турыўшы бенделериңнен қыл..!»

   «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »» «« »»

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 t.me/imamiyshanuz


#Таңғы_сәлемнама

🌺 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌺


  🌼  Аманлықта атқан таң берекетли болсын! 🌼


🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

🌙 1. Барлық ҳамд* әлемлердиң  Рәббиси – Аллаҳтики,

🌙 2. (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.

🌙 3. Ол – қыямет күниниң ийеси.

🌙 4. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.

🌙 5. Бизлерди туўры жолға басла.

🌙 6. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла)*,

🌙 7. ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес* (Әәмин).

🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️

КҮНИҢИЗ КЕЎИЛЛИ ӨТСИН !!!


🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃

📱http://t.me/imamiyshanuz

20 last posts shown.