NASIYAT.UZ |Рәсмий канал


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Religion
Statistics
Posts filter


УЙҚЫЛАЎДАН АЛДЫН ОҚЫЛАТУҒЫН 4 СҮРЕ

1. Аятүл-күрсий.

بِسْمِ اللهِ الرّحْمَنِ الرّحِيمِ

اللّهُ لاَ إِلَـهَ إِلاَّ هُوَ الْحَيُّ الْقَيُّومُ لاَ تَأْخُذُهُ سِنَةٌ وَلاَ نَوْمٌ لَّهُ مَا فِي السَّمَاوَاتِ وَمَا فِي الأَرْضِ مَن ذَا الَّذِي يَشْفَعُ عِنْدَهُ إِلاَّ بِإِذْنِهِ يَعْلَمُ مَا بَيْنَ أَيْدِيهِمْ وَمَا خَلْفَهُمْ وَلاَ يُحِيطُونَ بِشَيْءٍ مِّنْ عِلْمِهِ إِلاَّ بِمَا شَاء وَسِعَ كُرْسِيُّهُ السَّمَاوَاتِ وَالأَرْضَ وَلاَ يَؤُودُهُ حِفْظُهُمَا وَهُوَ الْعَلِيُّ الْعَظِيمُ

Әлий разыяллаҳу анҳу айтады: "Уйқылаўдан алдын Аятүл-күрсий аятын оқымағанларға таң қаламан. Егер усы аят қәншелли уллы екенин билгенинде, оны оқыўды ҳасла итибарсыз қалдырмайтуғын еди. Бул аят Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға Арш ғәзийнесинен берилген. Аятүл-күрсий Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан алдынғы пайғамбарлардың ҳеш бирине берилмеген. Аятүл-күрсийди жатардан алдын үш рет оқымай бир түнди де өткермегенмен".

2. Иқлас сүреси.
بِسْمِ اللهِ الرّحْمَنِ الرّحِيمِ

قُلْ هُوَ اللَّهُ أَحَدٌ اللَّهُ الصَّمَدُ لَمْ يَلِدْ وَلَمْ يُولَدْ وَلَمْ يَكُنْ لَهُ كُفُوًا أَحَدٌ


3. Фалақ сүреси.
بِسْمِ اللهِ الرّحْمَنِ الرّحِيمِ

قُلْ أَعُوذُ بِرَبِّ الْفَلَقِ مِنْ شَرِّ مَا خَلَقَ وَمِنْ شَرِّ غَاسِقٍ إِذَا وَقَبَ وَمِنْ شَرِّ النَّفَّاثَاتِ فِي الْعُقَدِ وَمِنْ شَرِّ حَاسِدٍ إِذَا حَسَدَ


4. Нас сүреси.
بِسْمِ اللهِ الرّحْمَنِ الرّحِيمِ

قُلْ أَعُوذُ بِرَبِّ النَّاسِ مَلِكِ النَّاسِ  إِلَهِ النَّاسِ مِنْ شَرِّ الْوَسْوَاسِ الْخَنَّاسِ الَّذِي يُوَسْوِسُ فِي صُدُورِ النَّاسِ مِنَ الْجِنَّةِ وَالنَّاسِ


Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде жатарда, еки қолын бирлестирип, оларға дем салып - "Иқлас", "Фалақ", "Нас" сүрелерин қирәәт қылатуғын еди. Кейин еки алақанын денесиниң қолы жететуғын жерине шекем сыйпайтуғын еди. Басынан баслап, бети ҳәм избе-из басқа ағзаларына бул исти үш рет қылатуғын еди" (Имам Бухарий рәўияты).

ДЕРЕК: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Forward from: AHLI SUNNA | Расмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#asl_mohiyat, #juma_suhbati

💬 МАЗҲАБНИ ТУТМАСЛИК ДИНСИЗЛИККА ОЛИБ БОРАДИ

🎙Абдурасул домла АБДУЛЛАЕВ
Тошкент ислом институти катта ўқитувчиси

Улашинг: @AhliSunnaValJamoaUz


#Дуўа

ҚУРАН ТИЛАЎАТЫНАН КЕЙИН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАРДЫҢ БИРИ


اللَّهُمَّ ارْحَمْنَا بِالْقُرْآنِ العظيم، وَاجْعَلْهُ لَنَا إِمَامًا، وَنُورًا، وَهُدًى، وَرَحْمَةً، وَشِفَاءً.

"Аллаҳумма-рҳамнәә билқүрәәнил ъазыйм ўә жәълҳү ләнәә имәәмән, ўә нүўрон, ҳүдән, ўә роҳмәтән, ўә шифәәьн".

Мәниси: "Аллаҳым, Азыйм (уллы) Қуран себебинен бизлерге рейим қыл, оны бизлерге жол басшы, нур, ҳидаят, раҳмет ҳәм (аўырыўларымызға) шыпа қыл".

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Таңғы_сәлемнама

🌺 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌺

🌼 Аманлықта атқан таң берекетли болсын! 🌼

🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

🌙 1. Барлық ҳамд* әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтики,

🌙 2. (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.

🌙 3. Ол – қыямет күниниң ийеси.

🌙 4. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.

🌙 5. Бизлерди туўры жолға басла.

🌙 6. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла)*,

🌙 7. ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес* (Әәмин).

🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️🌙⭐️

КҮНИҢИЗ КЕЎИЛЛИ ӨТСИН !!!

🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃 🌱 🍃

📱http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 5-февраль күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


«СИЗЛЕРДЕН ҲӘР БИРИҢИЗ ЖӘҲӘННЕМГЕ ТҮСИЎШИСИЗ» АЯТЫН ҚАЛАЙ ТҮСИНЕМИЗ?

❓Сораў: Қураны кәриймниң Марьям сүресинде «Сизлерден ҳәр бириңиз оған (жәҳәннемге) кириўшисиз. Бул – Рәббиң Өз қәлеўи менен белгилеп қойған ҳүким», деген аятты Шайх Абдулазиз Мансурдың Қураны кәрийм мәнилер аўдармасында оқып қалдым. Усы аят бойынша мөмин-мусылманлар да дозаққа түседиме? Усы ҳаққында кеңирек түсиндирип берсеңиз.

💬Жуўап:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Аллаҳ таала Марьям сүресиниң 71-72-аятларында айтады:
وَإِنْ مِنْكُمْ إِلَّا وَارِدُهَا كَانَ عَلَى رَبِّكَ حَتْمًا مَقْضِيًّا ثُمَّ نُنَجِّي الَّذِينَ اتَّقَوْا وَنَذَرُ الظَّالِمِينَ فِيهَا جِثِيًّا
«Сизлерден ҳәр бириңиз оған (жәҳәннемге) кириўшисиз. Бул – Рәббиң Өз қәлеўи менен белгилеп қойған ҳүким. Соң, тақўалыларды (оннан) қутқарамыз. Залымларды ол жерде (жәҳәннемде) дизе бүккен ҳалында қалдырамыз»
Усы аяты кәриймадағы: «Сизлерден ҳәр бириңиз оған (жәҳәннемге) кириўшисиз», сөзи муфассирлер тәрепинен ҳәр қыйлы тәфсир қылынған болып, төменде олардың ең кең тарқалғанларын келтирип өтемиз:

1. Мөминлердиң жәҳәннем үстиндеги көпирден өтиўлери нәзерде тутылған.
Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу аятты усылай тәфсир қылған. табеийнлерден Ҳасан Басрий ҳәм Қатада және муфассирлер шайхы Ибн Жәрир Табарий, Шәўкәний киби уламалар усы тәфсирди қоллайды. Муфассирлер буған Сирот көпиринен өтиў ҳаққындағы барлық ҳәдислерди дәлил қылған.

2. Барлық қалайық* дозаққа кириўи, мөминлер ийманы себепли ол жерден азапланбай шығарылыўы нәзерде тутылған.
Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳума аятты усылай тәфсир қылған. Имам Бағаўий, Жалаладдин Сүютий, Исмайыл Ҳаққый, Муҳаммад Әмийн Шинқитий ҳәм басқа көплеген муфассирлер усы тәфсирди үстем көрген. Жәбир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳу усы аяттың тәфсири ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған төмендеги ҳәдис буны қоллайды:
لا يبقى بر ولا فاجر إلا دخلها، فتكون على المؤمن بردًا وسلامًا، كما كانت على إبراهيم، حتى إن للنار ضجيجًا من بردهم، ثم ينجي الله الذين اتقوا، ويذر الظالمين فيها جثيًّا
«Жақсы болсын ҳәм жаман болсын бирде бир адам дозаққа кирмей қалмайды. (Лекин) от Ибраҳим (алайҳиссәләм)ге саламат бир мәкан болғаны киби дозақ та мөминге салқын ҳәм саламат орын болады. Ҳәттеки мөминлердиң салқынынан дозақтың қышқырыўы (күшлирек) болады. Кейин Аллаҳ тақўалы болғанларды дозақтан қутқарады ҳәм залым кимселерди дизерлеген ҳалында жәҳәннемде қалдырады» (Имам Аҳмад рәўияты).

3. Мөминлердиң дозаққа кирмей оның алдында – мәҳшарда топланып турыўлары нәзерде тутылған.
Уллы табеийн Убай ибн Умайр ибн Қатада усылай тәфсир қылған. Усы тәфсирди араб тилиндеги усыл да қоллайды. Мысалы арабларда تَرِدُ الْمَاءَ (тәридүл мәә-ә) дегенде «суўдың алдына келип, сол суўдан ишпеў»ге айтылады. Буннан аятта келген «وَرَدَ» сөзи де дозақ алдына келип, оған кирмеў түсиниледи.
Усы аятты буннан басқа тәфсир қылғанлар да бар, лекин ең тарқалғанлары усылар.
Усы тәфсирлерден қайсы бири туўры болыўына қарамастан, мөминлер Қыямет күни дозақты өз көзлери менен көриўи ҳәм оннан Аллаҳ нәжат бериўи келип шығады. Буның ҳикмети сол, мөмин адам ийманның не деген уллы неъмат екенин сезинеди. Сол ийман оның қолынан жетелеп, жәннетке саў-саламат алып киреди. Соның ушын Аллаҳ таала бизге усы мәселени еслетип, Қуранда мынандай деген:
فَمَنْ زُحْزِحَ عَنِ النَّارِ وَأُدْخِلَ الْجَنَّةَ فَقَدْ فَازَ
«Демек, ким дозақтан узақластырылса ҳәм жәннетке киргизилсе, онда ҳақыйқатында да, жеңиске ерисипти» (Әли Имрон сүреси, 185-аят).
Бирақ кәпир болған адам болса, оған алдын жәҳәннем көрсетиледи. Дозаққа кириўинен алдынғы усы көриў кәпир ушын ҳәсирет, өкиниш ҳәм қорқыў болады. Себеби, ол бираздан кейин сол дозаққа кириўин, оннан қутыла алмаўын биледи. Таўфиқ Аллаҳтан.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


*Қалайық – халық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. III-том. 108 бет». НӨКИС «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» 1988.

📱http://t.me/nasiyatuz


ҲАСЛА ТӘСЛИМ БОЛМАҢ!

Гейде басыңызға аўыр сәтлер келеди. Сол гезде сиз «болды, күшим жетпейди, шаршадым» деп ойлайсыз. Гүресиў, сабыр қылыў ҳәм бәрқулла беккем турыўға тақатыңыз жетпейтуғындай болып көринеди. Бундай сәтте ҳасла тәслим болмаң! Себеби ҳәр бир жанның ығбалы ҳәм ыдыраўы болады. Бул ыдыраў өз артынан ығбалды еритип келсе, таң емес.

Бир гезлери өзиңизде қулаў сезимин түйесиз, исенимсизлик ҳәм кемшиликти сезинесиз, «Мен ҳеш бир иске жарамай қалдым», деп ойлап қаласыз. Бунда да сирә тәслим болмаң! Бәрҳа ядыңызда болсын, ықлас пенен тынымсыз ҳәрекетте болады екенсиз, жығылыў уят болып есапланбайды. Адам баласы жеңилгенин тән алмағанша ҳәм қайтадан урынып көриўден ўаз кешпегенше сәтсизликке ушыраған деп есапланбайды. Буны да есиңизде сақлаң! Қайта-қайта урынып көриң, ҳүжимди, соққыны қайта-қайта бериң. Аллаҳ несип етсе тез арада ойлаған мақсетиңизге жетесиз.

Гейде сизди менменлик ҳәм «япырмай, мен оғада зорман» деген сезимлер де орап алады. Буның артынан сиз өзиңизди «тәнҳа» екениңизди ойлап қаласыз. «Нәсиятгөй, кеңесгөйдиң маған не кереги бар» деген шешимге келесиз. Набада, өзиңизде сондай туйғыларды сезине басласаңыз, оған тәслим болмаң! Өзимшилликтен абайлы болың, ол сизди өлтиретуғын нәрсе. Шайтан сизден алдынғыларды да жолдан азғырған ҳәм оның өзи де, Аллаҳтың дәргайынан қуўып жиберилген. Өзиңиздеги кемшилик ҳәм нуқсанларды естен шығармаң. Таўфиқ тек ғана жалғыз Аллаҳдан.

Айырым ўақытлары уўайым-қайғы сизди қуўып жүреди. «Пүткил өмир усы уўайым-қайғылардың ишинде жасайтуғын шығарман», деген ой менен, алдағы күнлериңиздиң барлығын нурсыз қара түндей болады деп ойлайсыз. Булардың артында улыўма қайыр жоқ деп ойламаң ҳәм бундай қыялларға ҳасла тәслим болмаң! Әлбетте ҳәр бир қыйыншылық пенен бирге жеңиллик бар.

Бәрҳа туўрылыққа умтыласыз, биреўлер туўралы қәтеге жол қоймаўдың изинде боласыз. Ойыққа түсип кетиўден қорқасыз. Пейилиңиздеги бул сыяқлы жағдайлар сизди кәмилликке қарай жетелейди. Лекин гейде бирер гүна иске де қол урасыз. Сонда шайтан: «Жақсылық пенен берекет сеннен узақта, сен бахытсызлыққа буйырылғансаң», деп ишиңизге ўасўаса салады. Сиз бул шайтаный ўасўасаларға тәслим болмаң! Адам баласы қәте қылыўшы екенин ҳәм қәте қылыўшылардың ең жақсысы тәўбе қылыўшылар екенин еслең. Аллаҳ таала Аъроф сүресиниң 201-аятында: «Тақўа қылыўшыларға шайтаннан бир мүсийбет жетсе, (дәрриў Аллаҳты) еслейди, кейин олар (ҳақты) көриўши болады», деген.

Доктор Ҳассон Шәмсий Паша «Жәннет бостанындағы шаңарақ кешелери» китабынан.


Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Дуўа

🔰 ТӨРТ НӘРСЕ 🔰

Даўыд алайҳиссәләм Аллаҳға дуўа қылыпты:

«Аллаҳым, Сеннен төрт нәрсени тилеймем ҳәм төрт нәрседен пана бериўиңди сорайман:
🔸 Сени зикир қылыўшы бир тил;
🔸 Шүкир қылыўшы кеўил;
🔸 Сабырлы дене;
🔸 Дүнья ҳәм ақыретте маған жәрдемши бир өмирлик жолдас.

Пана бериўиңди сорағанларым:
🔸 Өзин үлкен санайтуғын әдепсиз-арсыз перзенттен;
🔸 Ерте қартайтатуғын итаатсыз ҳаялдан;
🔸 Оба сыяқлы жүги бар, жақсылықсыз мал-дүньядан;
🔸 Кемшилигимди жаятуғын жаман қоңсыдан».

«Ески дүнья рәўиятлары»
китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Таңғы_сәлемнама

🌼 Сәлем болсын!

🌸 Кеўили гөззал инсанларға…

🌼 Ишинде кек сақламағанларға…

🌸 Ҳәр бир исин Аллаҳ ушын қылғанларға…

🌼 Узақлардан, «кимнен болса да болсын», деп сәлем күтип атырғанларға…

🌸 «Негизи оған ҳеш киммен», деп сонда да сәлем күткен бирадарыма айтамыз:

🌼 Ассаламў алайкум ҚӘДИРЛИМ!

🌸 Күниңиз берекетли болсын!🌸

🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊

t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 4-февраль күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


ЭЛЕКТР ТОК АРҚАЛЫ БАЛЫҚ АЎЛАЎҒА БОЛАДЫМА?

❓Сораў: Динимизде электр тогы жәрдеминде балық аўлаў дурыспа?

💬Жуўап:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Электр тогы арқалы балық аўлаў шариятта жайыз емес. Бунда токтың күшли ямаса күшсиз болыўының парықы жоқ. Себеби ток арқалы аў қылыў үлкен-киши балықлар ҳәм суўдағы көплеген жәнликлердиң қырылып кетиўине ямаса азапланыўына алып келеди. Бул динимиз көрсетпелерине кери. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳайўанды аўлап атырғанда оған зыян бермей, қыйнамай өлтириўге буйырып мынандай деген:
إنَّ اللَّهَ كَتَبَ الإحْسَانَ علَى كُلِّ شيءٍ، فَإِذَا قَتَلْتُمْ فأحْسِنُوا القِتْلَةَ، وإذَا ذَبَحْتُمْ فأحْسِنُوا الذَّبْحَ، وَلْيُحِدَّ أَحَدُكُمْ شَفْرَتَهُ، فَلْيُرِحْ ذَبِيحَتَهُ.
яғный: «Әлбетте, Аллаҳ ҳәр бир нәрседе жақсылық қылыўды жазған. Егер (ҳайўанды) өлтирежақ болсаңыз, қыйнамай өлтириң. Егер (ҳайўанды) сояжақ болсаңыз, қыйнамай сойың. Сизлерден бириңиз пышағын өткирлеп алсын, сойып атырған ҳайўанын рәҳәтлендирсин!» (Имам Мүслим рәўияты).
Оннан тысқары электр тогы арқалы балық аўлаў балықлардың нәслин де босқа қырады. Себеби электр тогы балықларды үлкен-киши деп ажыратпайды, бирдей зыян келтиреди. Олжаға болса тек ири балықлар сай келеди. Майдалары ҳәм туқымлары қурыдан-қуры набыт болады. Жоқ болғанлардың орны толыўдың орнына азайып кетебереди. Туқымланыў болмағаннан кейин, балықлар көбеймейди, нәсил даўам етпейди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"ما من إنسان يقتل عصفورًا فما فوقها بغير حقها إلا سأله اللّه عنها" (رواه النسائي)
«Қайсы адам шымшықты ямаса оннан үлкенирек нәрсени ҳақсыз өлтирсе, әлбетте, Аллаҳ таала оннан ол ҳаққында сорайды», деген (Имам Насаий рәўияты).
Оннан қалса, динимизде инсан, ҳайўан, ҳәттеки өсимлик нәслин қырыў фасад – бузғыншылық деп аталады. Аллаҳ таала айырым бузғыншы адамларды қаралап мынандай деген:
وَإِذَا تَوَلَّى سَعَى فِي الْأَرْضِ لِيُفْسِدَ فِيهَا وَيُهْلِكَ الْحَرْثَ وَالنَّسْلَ وَاللَّهُ لَا يُحِبُّ الْفَسَادَ
«(Олар алдыңыздан) бурылып кеткенде, Жер бетинде бузғыншылық ушын, егин ҳәм нәсилди жоқ қылыў ушын ҳәрекет етеди. Аллаҳ бузғыншылықты жақсы көрмейди» (Бақара сүреси, 205-аят). Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


ДҮНЬЯ ТАРЛЫҚ ҚЫЛЫП, АЛДЫҢЫЗДАҒЫ БАРЛЫҚ ЖОЛЛАР ЖАБЫҚ БОЛЫП КӨРИНГЕНДЕ

Бәрҳа Аллаҳға тақўа қыл, өйткени бул ең жақсы қор (запас) ҳәм ең керекли нәсият болып табылады. Аллаҳ таала айтады: «Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған (тәшўишлерден) шығыў жолын (пайда) қылады ҳәм оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады». (Талақ сүреси, 2-3-аятлар). Және: «Ким Аллаҳға тақўа қылса, оның жаманлық (гүна)ларын өширеди ҳәм саўабын көбейтип береди». (Талақ сүреси, 5-аят) деп мәрҳамат қылады.
Қәлбиңизди Аллаҳ ҳәм Расулына болған, ата-анаңыз ҳәм дөгерегиңиздеги адамларға болған муҳаббат пенен толтырың! Себеби жақсы көриў инсанды жасартады, өмирин узайтады, қәтережамлық береди. Жаман көриў болса, қәлблерди бахытсызлыққа толтырады. Үйиңизде қәлбиңизди жақтыртыўға ҳәм ысытыўға жетерли шаңарақлық муҳаббат қуяшы нур шашсын! Ең алды, Аллаҳ таалаға исениң, кейин өзиңизге, яғный, өзиңизге болған исенимди Аллаҳға болған исенимнен алдын қоймаң.
Бәримиз өлгеннен кейин Аллаҳға барыўымыз анық. Бирақ бахытлы инсан өмирде гезинде Аллаҳға жүзленген инсан. Ўақыт өтип кетпей турып Аллаҳ тәрепке асығайық!
Дүнья тарлық қылып, алдыңыздағы барлық жоллар жабықтай болып көринген гезде соны есте сақлаң, саадат негизи қолға киргизгенлериңиз, ийе болған утысларыңызда емес екенин, нағыз саадат Аллаҳға жақынлығыңыз муғдары менен өлшенеди!
Үш нәрсени естен шығармаң:
Сизге бир неъмат берилсе Аллаҳға ҳәмд айтың;
Ырысқыңыз азайса истиғфар айтың;
Қандайда бир қыйыншылық жетсе, «Ләә ҳәўләә ўә ләә қүўўәтә иллә билләҳ (Күш-қуўат тек Аллаҳда)», деп айтың.
Ҳәр күни Аллаҳтан әпиў ҳәм қәтережамлық сораўды умытпаң. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтан әпиў ҳәм қәтережамлық сораң, себеби, ҳеш кимге ийманнан кейин қәтережамлықтан жақсырақ неъмат берилмеген», деген (Имам Термизий рәўияты).
Салафлар (Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан кейинги қысқа дәўир) бәрҳа үш гәпти нәсият қылған:
Биринши: Ким өзи ҳәм Аллаҳ арасын дүзесе, Аллаҳ ол менен адамлар арасын дүзейди;
Екинши: Ким ишин, қәлбин дүзесе, Аллаҳ оның сыртын дүзейди;
Үшинши: Ким ақырет иси менен шуғылланса, Аллаҳ оның дүнья ҳәм ақырет исин Өзи оңлап қояды.

Доктор Ҳассон Шәмсий Паша "Темир таслар" китабынан.


Дерек: «
MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Қураный_дуўа

   ӨТКЕНЛЕРДИҢ РУЎҲЫНА БАҒЫШЛАНАТУҒЫН ДУЎА


Бул дуўа ийманда өткен ата-бабалардың руўҳына бағышлаў ғана емес, өзимиздиң ҳәм заманлас бирадарларымыздың гүналарын кешириўин Аллаҳтан сораў ушын да айтылыўы мүмкин.

رَبَّنَا اغْفِرْ لَنَا وَلِإِخْوَانِنَا الَّذِينَ سَبَقُونَا بِالْإِيمَانِ، وَلَا تَجْعَلْ فِي قُلُوبِنَا غِلًّا لِلَّذِينَ آمَنُوا، رَبَّنَا إِنَّكَ رَءُوفٌ رَحِيمٌ

Айтылыўы: "Роббәнәғфирләнәә ўә лий-ихўәәнинәлләзийнә сәбәқуўнәә бил-иймәән, ўә ләә тәжъал фий қүлүўбинәә ғилләллилләзийнә әәмәнүў Роббәнәә иннәкә Роуўфур Роҳийм".

Мәниси:
«Я Рәббимиз! Өзиң бизлерди ҳәм бизлерден алдын ийман менен өткен бирәдарларымызды кешир ҳәм кеўиллеримизде ийман келтиргенлерге деген жек көриўшиликти (пайда) қылма! Я Рәббимиз! Әлбетте, Сен – Меҳрибан, Рейимлисең».


Ҳашр сүреси, 10-аят.

📱http://t.me/nasiyatuz


#Таңғы_сәлемнама

🌸 Assalamu alaykum QÁDIRLIM! 🌸

Allahım, jaqındaǵı hám alıstaǵı barlıq jaqınlarımızǵa qayırlı, iymanlı hám salamat ómir nesip áyle. Ótip ketken jaqınlarımızǵa rahmet hám máǵfirat áyle...

🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷🌱🌷

Qısqa ómirimiz, máńgi jánnetke haqılı bolatuǵın dárejede bereketli bolsın!

🔸 🔹 🔸 🔹 🔸 🔹 🔸 🔹 🔸 🔹 🔸

Atqan tań kewilli bolsın!

💐 💐 💐 💐 💐 💐 💐 💐 💐

👉 t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 3-февраль күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


САТЫП АЛЫНҒАН ҲАЙЎАННЫҢ АЙЫБЫ КЕЙИН МӘЛИМ БОЛСА…

❓Сораў: Базардан қой сатып алдым. Үйге алып келгенимизден кейин өлип қалды. Ишин ашып көргенимизде өпкеси ширип кеткен екен. Усы жағдайда мен сатыўшыдан қойдың ақшасын қайтарып алсам боладыма?

Жуўап:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Усы жағдайда қойдың толық ақшасы емес, бәлким өпкеси шириген қойдың баҳасы менен денсаўлығы жақсы қойдың баҳасы арасындағы муғдар қайтарып алынады. Мысалы, базарда саламат қой 100 мың турса ҳәм өпкеси шириген қой 40 мың турса, сатыўшыдан 60 мыңы қайтарып алынады. Ибн Абидин раҳимаҳуллаҳ усы сыяқлы мәселе ҳаққында мынандай деген:
لَوْ اشْتَرَى بَعِيرًا فَلَمَّا أَدْخَلَهُ دَارِهِ سَقَطَ فَذَبَحَهُ فَظَهَرَ عَيْبُهُ يَرْجِعُ بِنُقْصَانِهِ عِنْدَهُمَا وَبِهِ أَخَذَ الْمَشَايِخ
«Түйе сатып алса ҳәм үйине алып келгенде түйе жығылса ҳәм оны сойып жиберсе, сонда оның айыбы билинсе, еки имам (Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад) пикирине бола нуқсан муғдарын қайтарып алады. Уламалар усы гәпти алған» («Роддул мухтар» китабы). Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


#Зикир

Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады:

"Ким Аллаҳтың оған берген неъматын көрип, "Әлҳамдүлилләҳилләзий биниъмәтиҳи тәтиммүс соолиҳаат" (Берген неъматлары менен салиҳ әмеллер кәмил болатуғын Аллаҳға ҳәмд болсын) десе, Аллаҳ оны бай қылады ҳәм оған неъматын зыяда қылады".

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Таңғы_сәлемнама

🌸 Aссаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ! 🌸

🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊 🕊

🌼 Aллаҳым! Гөззал жүрекли досларымның маған белгисиз, Саған ашық-айдын болған ғам-қайғыларын кетир!

🌺 Meн ҳеш нәрсе қыла алмаған дәртлерине өзиң шыпа бол!

🌼 Ҳәр машақатында мен тута алмаған қолларынан Сен тут!

🌺 Mени ҳәм оларды Сениң разылығың ушын жасайтуғын бенделериңнен қылып қоягөр!

🌼 Саған ең жақын болған сәтимизде жанымызды ал!

🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋 🦋

📱http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 2-февраль күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


ЖӘМӘӘТ ИМАМ ЯМАСА ҚӘЎИМНЕН БОЛҒАН БИР АДАМДЫ КҮТИП ТУРАДЫМА?

❓Сораў: Мешитте жәмәәт намазға таяр болып турғанда имам ямаса жәмәәттен айырым адамлар кеш қалса, оларды күтип турыладыма?

💬Жуўап:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Муўаззин де, имам да жәмәәт жыйналғаннан кейин ҳеш бир адамды күтип турмайды. Имамды болса адамларға мәлел келмейтуғын муғдарда күтиледи. Себеби мешитте имамлық қылыўға оннан ҳақылырақ адам жоқ. Ҳәдиси шәрийфлерде биреў ийе ямаса ҳақылы болған жерлерде басқалар имамлық қылыўдан қайтарылған.
Бул ҳаққында Ибн Нужайм раҳимаҳуллаҳ мынандай дейди:
وَلَا يَنْتَظِرُ الْمُؤَذِّنُ وَلَا الْإِمَامُ لِوَاحِدٍ بِعَيْنِهِ بَعْدَ اجْتِمَاعِ أَهْلِ الْمَحَلَّةِ إلَّا أَنْ يَكُونَ شِرِّيرًا وَفِي الْوَقْتِ سَعَةٌ فَيُعْذَرُ
«Муўаззин де, имам да мәҳәлле әҳли жыйналғаннан кейин бирде бир адамды күтип турмайды. Лекин күтә жаман (зыян бериўши) адам болса ҳәм еле намаз ўақты көп болса, оны күтиў жайыз. Бул жағдай үзирли есапланады» («Баҳрур-роиқ» китабы).
Имам Таҳтаўий бул мәселеде мынандай дейди:
والحاصل أن التأخير اليسير للإعانة على الخير غير مكروه ولا بأس أن ينتظر الإمام إنتظارا وسطا كما في المضمرات قوله ( مع مراعاة الوقت المستحب ) فلا يجوز التأخير عنه إلى المكروه مطلقا
«Бул мәселеде жуўмақ сол, жақсылыққа жәрдем бериў нийетинде иқоматты аз ғана кешиктириў мәкрүҳ емес. Имам да жәмәәт жыйналыўын орташа дәрежеде күтсе, буның зыяны жоқ («Музмарот» китабы). Бул ҳүкимлер мустаҳаб ўақытқа әмел етиў менен болады. Яғный иқоматты мустаҳаб ўақыттан мәкрүҳ ўақытқа шекем кешиктириў де жайыз емес» («Хощиятүт-Таҳтоўий» китабы).
Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўият қылған ҳәдисте, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хуфтанды түнниң үштен бирине кешиктиргени (яғный түн үшке бөлинеди, сонда биринши бөлегиниң ақырғы ўақты), кейин мешитке шыққанында саҳабалар оны күтип турғаны ҳаққында баян қылынады. Буннан жәмәәт имамды күтиўи шәриятта бар екени келип шығады.
Оннан қалса мешитлерде намаз оқып бериўге ең ҳақылы адам – сол жердиң рәсмий имамы болып есапланады. Ол ҳақылы болған жерде басқа адам имамлық қылыўы туўры емес. Соның ушын адамларға мәлел келмейтуғын ўақытқа шекем ол күтиледи. Қәўим, ҳәдиси шәрийфлерде баян қылынғаны киби, намаз оқылыўын күтип отырған ўақытта да намаз оқығанның саўабын алады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz

20 last posts shown.