🏛НӨКИС 27-МЕКТЕП🏛


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Education


Нөкис қаласы 27-санлы мектеп телеграм тармақ каналы.
👉Дағаза ҳәм хабарландырыўлар
👉Мектеп жаңалықлары
👉Билимлендириў жаңалықлары
👉Онлайн таңлаўлар
👉Қалалық, республикалық ҳәм халықаралық таңлаў дағазалары
👉Видеороликлер

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Education
Statistics
Posts filter


Jádidler izinen hápteligi
"Zamanımız qaharmanları" menen ádebiy keshe shólkemlestiriw;

Nókis qalalıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 27-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń 10-11-klass oqıwshılarına
Arqa-batıs áskeriy okrugi menen burgelikte "Zamanımız qaharmanları" atamasında ádebiy ushırasıw keshesi bolıp ótti.

Bunda:
Veteran keńesi baslıģı, serjant,mayor hámde Avgan urıs qatnasıwshısı Tóreniyazov Ońģarbay Ótebaevich penen sáwbetlesiw bolıp ótti.
Qaharmanımız óziniń basınan ótken waqıyalar, qıyınshılıqlar hámde jazģan qosıqların oqıp berip, oqıwshılarda qızıģıwshılıq oyandı.

https://t.me/nukus_27_mektep


"Jadidler izinen"hápteligi

Nókis qalalıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 27-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń Tárbiya páni muģallimi Djoldasova Gúlbaxar 9-klass oqıwshılarına Jadidler ómiri hám dóretpelerine baylanıslı sáwbetlesiw keshesin ótkerdi.


https://t.me/nukus_27_mektep


Nókis qalalıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 27-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde 22-sentyabr Xalıqaralıq tazalıq kúni múnásibeti menen "Ómir ushın waqıt ajırat" atamasında ekoakciya bolıp ótti.
🔷Bunda oqıwshılar mektep átirapı, Amir Temur dem alıw orayı hámde Jası úlken dóretiwshilik baģına barıp shıģındılardı tazalap óz belsendiliklerin kórsetti.

https://t.me/nukus_27_mektep


Teatr -bul úlgi alatuģın orın hápteligi

Nókis qalalıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 27-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń 5-8-klass oqıwshıları arasında Zamanagóy shayırlar dóretpelerinen úzindiler saxnalastırıw atamasında saxnalıq kórinisler shólkemlestirildi.

https://t.me/nukus_27_mektep


Forward from: Билимлендириў жаңалықлары
Мектеплерде ер балалардың шашының узынлығы қанша болыўы керек?

📑 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар, мектеп оқыўшыларының (ер балалар) шашының узынлығы 2-3 сантиметрден узын болмаўы керек.

💇‍♂ Оқыўшылар (ер балалар) мектепке пирсинг ислеткен ҳалда ямаса татуировка түсирилген ҳалда шашларын ҳәр түрли реңлерге бояп келиўи қатаң түрде қадаған етиледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Forward from: НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
❓ Оқытыўшының оқыўшыға қойған баҳасына ата-ана араласыўға ҳаққысы бар ма?

⛔️ Егер оқытыўшы ямаса басқа шахс сабағыңызға кесент етсе ямаса ол сизиң оқыўшыларды баҳалаўыңызға араласса ҳәкимшилик жуўапкершикке тартылады.

📑 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 197-5-статьясына муўапық, педагог хызметкердиң кәсиплик жумысына тәлим алыўшылар билимин туўры ҳәм қалыс баҳалаўына тәсир көрсетиў менен нызамға қайшы түрде араласыў ямаса педагог хызметкердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў:

👉 пуқараларға — базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 7 есесине шекем;
👉 лаўазымлы шахсларға болса — 7 есесине 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

☑️ Бул жағдайда оқытыўшы ата-ананың ҳәрекетлери үстинен районлық ИИБге мүрәжат етиўи керек.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Maktab o'quvchilari o'rtasida 5 tashabbus olimpiadasi sport musobaqalariga 23-sentabrdan start beriladi.


Bu yil maktab o'quvchilari yoshiga mos bo'lgan 6 ta sport turlariga qatnashishi mumkin.

Sport turlari:
1. Quvnoq startlar
2. Shashka
3. Yengil atletika
4. Stol tennis
5. Mini futbol
6. Voleybol

Mazkur jadvalda sport turlari qaysi yosh toifalarida va qachon bo'lib o'tishi bo'yicha batafsil tanishishingiz mumkin.

Eslatma: sport turlarida ishtirok etish uchun 5tashabbus.uz saytidan ro'yxatdan o'tgan bo'lishingiz kerak, aks holda musobaqalarda ishtirok etmaysiz.

🇺🇿 Sportlashamiz - "Tezroq, balandroq-birgalikda"


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🔊Maktab o'quvchilari diqqatiga...

📆Sentabr oyidan "Besh tashabbus olimpiadasi" doirasida sport musobaqalariga #start berilmoqda.

💪Siz ham ushbu sport musobaqalarida ishtirok etmoqchimisiz? Unda 5tashabbus.uz saytidan yoshingizga mos sport musobaqasidan ro'yxatdan o'ting va olimpiadamizda ishtirok eting.

🤔Ro'yxatdan qanday o'taman deysizmi? Biz sizni qiynalmasligingiz uchun, ro'yxatdan o'tish videoqo'llanmasini yaratdik.


🎥Mazkur videoda ro'yxatdan o'tish ketma-ketligi bilan batafsil tanishishingiz mumkin.

@mat
erial_5tashabbus


Forward from: BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV
Оқыўшылар ушын устазлар жуўапкер емес!

Халық билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 22-февраль күнги 41-санлы буйрығы менен тастыйықланған, класс басшысы ҳаққындағы режеге муўапық, билимлендириў шөлкеминен сыртта, сабақтан кейинги ҳәм демалыс ўақтындағы оқыўшылардың қатты-ҳәрекетлери ушын әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық ата-аналар жуўап береди.

Класс басшылары болса, жуўапкершиликке тартылмайды. Солай екен, бундай жағдайларда тек ғана класс басшысына емес сондай-ақ, директор орынбасарларына да интизамый жаза шаралары қолланылмайды.

Соны да естен шығармаў керек, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 73-статьясында ата-аналар перзентлерин тәрбиялаўға жуўапкер екенлиги айтылған. Олар перзентлериниң саламат, интеллектуал, физикалық, руўхый ҳәм саналы раўажланыўы ушын ғамхорлық етиўлери шәрт!


Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress


Forward from: BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV
#Хошхабар

❗Жақсы оқыған студентлерге пайызсыз тәлим кредити бериледи


🟣Жоқары оқыў орны, колледж ҳәм техникум студентлериниң өзлестириў көрсеткиши кеминде 80 пайыз болса, оларға кейинги оқыў жылы ушын пайызсыз тәлим кредити ажыратылады;

✔️Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев кәмбағал шаңарақлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилисинде мәлим етти.

Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress


🔢 Математика для школьников 4-11 классов 🔢

Ищете профессионального репетитора по математике, который поможет вашему ребенку достичь высоких результатов? Мы предлагаем качественную подготовку для учеников с 4 по 11 класс. Специализируемся на:

✅ Объяснении сложных тем простым и понятным языком 
✅ Помощи в выполнении домашних заданий и подготовке к контрольным 
✅ Подготовке к вступительным экзаменам в Президентскую школу

Наши занятия помогут вашему ребенку не только улучшить оценки, но и заложить прочную основу для будущих успехов в учебе!

📍 Место занятий: 27 Школа

📅 Звоните с 18:00 до 21:00 по номеру: +998913952702 
📲 Связь через Telegram: @Wrestler_r1 
👥 Присоединяйтесь к нашей группе в Telegram: @Tayarliq_qabillaw

Ваш результат — наш приоритет!

11 last posts shown.