👉📖
Егерде адам өзин усы көтерип жүрген дене деп есапласа, өзин материаллық дене менен теңлестирсе (адам буны автоматик рәўиште қабыл етеди, өзинен өзи ҳешким «Мен руўхпан» деп ойламайды), демек, усылайынша ол Қудайтааладан узақласады. Ол өзиниң тиришилигин денеси, туўысқанлары, жумысы, таўып атырған дәраматы, өзиниң ақылы, шаққанлығы… менен байланыстырады. Ҳәм усылардан айырылып қалмағайман деп онда ҚОРҚЫНЫШ пайда болады.
Қашан адам оның тиришилигиниң бирден бир себеби Аллатаала екенлигин түсинсе, оннан қорқыныш, турмыс тәшўишлери ҳәм т.б. кетеди. Өйткени, бәрше тиришиликтиң бирден бир дәреги Аллаҳ! Оннан айырылып қалыўға болмайды. Ол қәлеген жағдайда, қәлеген дүньяда бәрқулла биз бенен бирге!