Taхтакөпир таңы газетасы


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh


Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Statistics
Posts filter


#Kóshpeli_qabıllaw

Búgin Taxtakópir rayonı hákimi J.Adilov, “Taxtakópir” PPJ aymaǵındaǵı 3-sanlı mektepte aymaq turǵınları menen ushırasıp, olardıń múrájatların, pikir hám usınısların tıńlaw maqsetinde gezektegi kóshpeli qabıllawın ótkerdi.

Kóshpeli qabıllaw dawamında aymaq turǵınlarınıń túrli tarawlarǵa baylanıslı múrájatları, pikir hám usınısları tıńlanıp, bar mashqalalar ornında úyrenildi hám olardı saplastırıw boyınsha juwapkerlerge tiyisli tapsırmalar berildi.

Sonday-aq, ushırasıw dawamında húrmetli Prezidentimizdiń baslaması menen elimizde ámelge asırılıp atırǵan reformalar, rayon aymaǵında alıp barılıp atırǵan  jańalanıw hám abadanlastırıw jumısları hámde xalıqtıń abadanlıǵın arttırıwǵa qaratılǵan joybarlar haqqında tolıq maǵlıwmat berildi.


Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

Аǵzа bolıń:
https://t.me/taxta_tani


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Тәбият шексиз әжайыбатларға толы!

Сынық ағаш бөлегин еслетиўши бул гүбелеклерди қараң! Олар әйне усы көриниси арқалы душпанларынан қорғалады!

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


1-майдан баслап мәмлекет белгилеген миннетлемелерин орынламаған кем тәмийинленген шаңарақлардың “пособия”сы 30% ке шекем азаяды ҳәм басқа материаллық жәрдемлерден пайдалана алмайды

Президенттиң 23.09.2024-жылдағы ПП-143-санлы Пәрманына тийкарланып, 2025-жыл 1-майдан баслап кәмбағал шаңарақларға социаллық жәрдемлер (пособия, субсидия, грант, жеңиллетилген кредит, басқа материаллық ҳ.т.б. жәрдемлер) социаллық шәртнама тийкарында көрсетиледи.

✅Социаллық шәртнамаға көре, шаңарақ мәмлекеттиң жәрдеминен толық пайдаланыўы ушын төмендеги миннетлемелерди орынлаўы шәрт:

🔹мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў;
🔹өз қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў (егин егиў);
🔹шаңарақ ағзалары, соның ишинде, перзентлериниң билим алыўы, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи;
🔹денсаўлығын қадағалаўға алыўы;
🔹үй-жайын таза тутыўы.

❗️Социаллық шәртнама шәртлери орынланбаған жағдайда:

бул шаңарақларға төленетуғын кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем муғдары "мәкан жетилиги"ниң коллегиал қарары менен 30 процентке шекем кемейттириледи;

➖бул шаңарақ Реестрге киргизилип, олар Реестрде болған дәўирде "мәкан жетилиги" ямаса олардың ўәкиллери тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған кредит, субсидия, грант ҳәм материаллық жәрдем түрлери ушын усыныслар берилмейди.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Ҳаял ҳаял ҳаққында

Ҳаял еркектиң қыйсық қабырғасынан жаратылған, деп ҳәдисте айтылғанындай, еркек ҳаялды теп-тегис, дүп-дүзиў ете алмайды, олай болса оны сындырады.Еркек тек ғана ҳаялды бүгеди, ийеди, тәрбиялайды.

***
Ҳаял менен еркектиң логикасы еки басқа: бири суў, бири от, бири бағдан келеди, бири таўдан.

***
Еркек ойланаман дегенше, ҳаял шешим қабыллайды.

***
Еркек умытады, бирақ кеширмейди.Ҳаял кеширеди, бирақ умытпайды.

***
Ҳаял шыдайды, көнеди, ең кейнинде сабыр кесеси толады. Еркек шыдамайды, көнбейди, атылады.

***
Ҳаялдың түр-түсинен ерин көр!

***
Ҳаялын бийикке шығарған ер - өзи бийикте болады.

***
Ер азамат ҳаялы арқалы бийикке умтылады.

***
Еки жыныс мақсетлери, мәнәўий, руўхый пикирлери бир болса ғана екеўи бир-бирине уқсап кетеди."Еки жарты - бир пүтин"ликти пайда етеди.

***
Ҳаял күйеўисиз ҳешким болмағанындай, ер-азамат та ҳаялсыз - бос қалта.

***
Ҳаялға бахыт бериң, өзиңизге қайтады, кериси болса, ол да қайтады. Себеби, ҳаял инстинкти өш алыўшы болып жаратылған.

***
Еркекке асқазан арқалы, ҳаялға меҳир арқалы жол таўылады.

***
Ҳаялдың жақсысы анаңдай меҳрибан болады.

Оралхан Сапарова
Жазыўшы.

Ағза болың:

https://t.me/taxta_tani


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Наўайы ўәлаяты Нурата районында кеше саат 14.47 де ескен самал себепли, балалар ойнайтуғын "батут" ушып кеткен.

Хабарларда  бул батуттың ушып кетиўине аймақта ескен күшли самал себеп етип көрсетилген.

Өзгидрометтиң "Нурата" метеорологиялық бақлаў пунктинде кеше саат 14.00 де секундына 5 метр самал ескени, агентликтиң 
data.meteo.uz платформасындағы Наўайы қаласында орнатылған автомат метеорологиялық станцияда 14.40 ҳәм 14.50 арасында көби менен секундына 6 метр тезликте шығыстан самал ескени атап өтилген.

Батутта балалар, жәбирленгенлер болмаған.


Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


⚡️Қарақалпақстанға инвестиция киргиземен деген исбилерменлерге жер участкалары аукционсыз ажыратылады

💰Президенттиң Пәрманына муўапық, ири инвестициялық жойбарлар ушын (соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймақларында) жер участкаларын узақ мүддетли ижара ҳуқуқы менен алыў ушын киргизилетуғын инвестиция муғдары төмендеги муғдардан кем болмаўы тийис:

✔️Нөкис қаласында 500 мың АҚШ доллары;

✔️Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат ҳәм Нөкис районлары ушын 300 мың
АҚШ доллары;

✔️Елликқала, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ районлары ушын 100 мың
АҚШ доллары эквивалентинде.

☝️Бул жеңиллик тек 2027-жылға шекем берилген. Соның ушын имканияттын пайдаланып қалың!

📝 Жер участкаларын аукционсыз алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине мүрәжат етиў керек.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


#Аттестация_2025

Музыка пәни оқытыўшысынан жоқары көрсеткиш!

Аттестация процессинде
  районымыздағы 2-санлы улыўма орта  билим бериў мектебиниң музыка пәни оқытыўшысы Андигенов Полатбек 82 балл топлап, жоқары категориясын сақлап қалды ҳәм бул және  5 жылға шекем сақлап қалынады.

Устазды шын жүректен қутлықлаймыз!


Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Қутлықлаймыз

Жансулыў жүзден де жүйрик шықты

Ҳәзир ғана жуўмақланған "FTV" телеканалындағы "O’zbekstan Got Talent" ТВ-шоу жойбарының супер финал басқышында жерлесимиз Жансулыў Татлымуратова жеңимпаз деп табылды ҳәм пул сыйлығына ийе болды. Жансулыў қызымызды бул табысы менен қутлықлаймыз!

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


⚡️1-июньнан баслап бир суткада 10 мың адым жүрген пуқараға мәмлекетлик хызметлерден 10% ҳәм кредит алыўда жеңилликлер бериледи

Президенттиң 30.01.2025-жылдағы ПП-16-санлы Пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-июньнан баслап "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде арнаўлы платформа иске қосылып, ол арқалы бир сутка даўамында кеминде 10 мың адым жүргенлерге "Экоактив пуқара" статусы бериледи ҳәм оларға төмендеги жеңилликлер бериледи:

✔️мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10% жеңиллик;
✔️банклерден (мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары) тутыныў кредитин алыўда жеңиллик.

🚗 Шаңарақтың барлық ер жеткен (18 жасқа толған) ағзалары "Экоактив пуқара" статусын алған жағдайда, бул шаңараққа "Жасыл шаңарақ" статусы берилип, оларға ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобилдиң биреўин утып алыў имканияты бериледи.

💰Сондай-ақ, турғынларының ярымы "Жасыл шаңарақ" статусын алған мәканларда "Ең таза мәкан" ҳәм "Ең жасыл мәкан" таңлаўлары өткерилип, жеңимпаз мәканлар қорына төмендеги мақсетлер ушын 500 миллион сум ажыратылады:

▫️Балалар майданшасын қурыў;
▫️Жасыл бағ жаратыў;
▫️шығынды жыйнаў майданларын қурыў ҳәм шығынды контейнерлерин орнатыў.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani




#Қоллап_қуўатлаймыз

Тахтакөпирли гиннес рекордшы қызымыз Жансулыў  Татлымуратова супер финалда

Бүгин саат 19:00 де "FTV" телеканалында "O’zbekstan Got Talent" ТВ-шоу жойбарының супер финал басқышында жерлесимиз Жансулыў Татлымуратова нәўбеттеги шығыўын усынады.

Супер финал  тиккелей эфирде болып өтеди, ҳәмме қатнасыўшылар өзлериниң талантын көрсетип болғаннан кейин,10 минут даўамында даўыс бериў жолы менен жеңимпаз анықланады.

Бир адам 10 рет даўыс бере алыў мүмкиншилигине ийе және жер жүзиниң қәлеген жеринде турып даўыс бере алатуғынын да атап өткимиз келеди.

Сиз усы телеграм бот арқалы даўыс берсеңиз болады:
http://t.me/uzgtvotebot.

Сондай-ақ, YouTube'та
https://youtu.be/yIC8pekNse8?si=RtbkQGyV9dbtuKVm сайты арқалы тиккелей эфирде көриўиңизге болады.

Әлбетте, биз және өз аўызбиршилигимизди көрсетемиз ҳәм Жансулыўды бул сапары да  қоллап-қуўатлаймыз!

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


⚡️Өзбекстанлылар 9-май мүнәсибети менен неше күн дем алады?

9-май, жума - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, барлық хызметкерлер ушын дем алыс күни;

➖10-май, шемби - ҳәптесине 6 күн ислейтуғынлар ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын әдеттеги дем алыс күни;

➖11-май, екшемби - ҳәмме ушын әдеттеги дем алыс күни.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БАРЫСЫ

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир район суды тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў барысында 2025-жылдыӊ 1-шереги даўамында бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Толық оқыў: 👉 http://taxtatani.uz/uz/news/show/1303

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Ташкент медицина академиясы, Ташкент педиатрия медицина институты ҳәм Ташкент мәмлекетлик стоматология институты негизинде Ташкент мәмлекетлик медицина университети шөлкемлестириледи — Президент қарары

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Мәмлекетимиз байрағын дүнья ареналарында желбиретиўде үлес қосқан спортшыларымыз сыйлықланды

Футбол бойынша 17 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилген Азия чемпионаты кубогын мәмлекетимизге алып келиўде үлес қосқан жеңимпазларымыз, бокс, қылышпазлық спорт түрлери бойынша жәҳән бириншилигинде сыйлы орынларды ийелеген спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы спортшыларымызды ерискен табысы менен қутлықлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


#Jeke_qabıllaw

Búgin Taxtakópir rayonı hákimi J.Adilov puqaralardıń múrájatlerin qabıl etiw, usınıs hám pikirlerin tıńlaw maqsetinde gezektegi jeke qabıllawın ótkerdi.

Qabıllaw dawamında puqaralardıń bántlik, kadastr máselesi, qıytaq jerin suwǵarıwda aqaba suw menen támiyinlew, materiallıq járdem hám basqa da túrli turmıslıq mashqalaları boyınsha múrájatları tıńlandı.

Bildirilgen múrájatlardıń ayırımları sol orınnıń ózinde sheshimin tawıp, úyrenip shıǵılıwı ushın waqıt talap etetuǵın múrájatlar boyınsha juwapker qánigelerge tapsırmalar berildi.

Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

Аǵzа bolıń:
https://t.me/taxta_tani


#поэзия

Руўхый байлығымның сағасы китап

Қараңғы қәпесте шуғла, нур шашқан,
Туўры жол көрсетип бахтымды ашқан,
Бала гезден түн уйқымды бүлдирип,
Мени ынтық етип баўрына басқан,
Алтын ғәзийнели сандықсаң, Китап.

Санама ақыл , ой, билим сиңдирген,
Қыялыма қанат байлап желдирген,
Ақ қағаз шыжбайлап, қәлем шайнатып,
Ел сыйлатып астыма ат миндирген,
Саған миннетдарман әдебий китап.

Шаппаттайдан болдым өзиңе шайда,
Билмеппен бул қандай таптырмас пайда?!,
"Алпамыс", "Қырқ қызды" ядқа билмесем ,
Маған алла берген шайырлық қайда?!,
Руўхый байлығымның сағасы китап.

Ўақыт тапсам,  тек өзиңе үңилдим,
Сени оқып жаманлардан түңилдим,
Әжинияздың "Бозатаўы " оқысам,
Көзи жаслы аналардай бүгилдим,
Руўхый байлығымның сағасы китап.

Ана топыраққа қаным қарысқан,
Намыс шоғы әдалат деп алысқан,
Мен ҳам жердиң жарығынан шықпадым,
Ар тулпарым табан жолға тарысқан,
Санамды суўғарған әдебий китап.

Сөзди таўып айтсам нәмарт жасқанды,
Кеўил қусым күсеп турды аспанды,
Еле ҳәрип танымаса қатарым,
Ежелеп мен  оқып жүрдим дәстанды,
Қәлбиме мәртликти сиңдирген китап.

Руўхый байлығымның сағасы китап.

Гүл
истан Дәўлетова

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani




Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Еркек адам басына 735 дана мәйекти жайластырып, рекорд орнатты

Бенинли Грегори Да Силва  735 дана мәйекти басында көтерип, Гиннес рекордлар китабына киргизилди.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani

19 last posts shown.