Yuristler akademiyası


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Law


Huqıq baǵdarındaǵı áhmiyetli maǵlıwmatlar, pikir hám usınıslar, hámmesi xalıq mápi ushın!
Xalıqqa yuridikalıq jaqtan onlayn, biypul huqıqıy másláhátler beremiz.
Múráját ushın: @Salamat_Kalbaev

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Law
Statistics
Posts filter


"Нызам - теңлик ҳәм еркинликти қорғаўшы жәмийетлик шәртнама."

©️Жан-Жак Руссо

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Хамиледар хам 3 жасқа шекемги баласы бар хызметкерлер қысқартыүға туспейды.
Мийнет кодексиниң 163 - статьясына муұапық хәмледар хаяллар (усы кодекстиң 408-статьясы) хәм уш жасқа шекемги перзенти болған хызметкерлер ушын (усы кодекстиң 409-статясы) кепилликлер бериұди назерде тутатуғын талапларға әмел етпей жұмыс бериушиниң басламасы бойынша бийкар етиұ қадаған етиледи.
👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Қуяш панели ушын кредит алынғанында кредит пайызы ушын компенсация бериледи

Банклер тәрепинен «жасыл» тутыныў кредити қуяш фотоэлектр станциясы, қуяш суў ысытқышлары ҳәм самал электр станцияларын орнатыў мақсетлери ушын ажыратылады.

БЕМның 500 есесине шекемги болған «жасыл» тутыныў кредитлери бойынша пайыз ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан, бирақ 5 пайызлы бәнттен көп болмаған бөлеги ушын 3 жыл компенсация бериледи.

Яғный, бүгинги күнде ОБ тийкарғы ставкасы 14 пайыз, егер кредит пайызы 19 пайыз болса оның 5 пайызы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Усы компенсация ушын өз алдына мүрәжат етиў талап етилмейди, «жасыл» кредит ажырататуғын банклер автоматластырылған түрде арзаны өзлери жибереди.

👉 https://t.me/Yuristler_akademiyasi


#Президент_қарары

"Мәмлекеттиң социаллық, сиясий ҳәм экономикалық раўажланыў тараўларындағы стратегиялық таллаў ҳәм изертлеў жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-467-санлы 31.12.2024-ж.) қабыл етилди

️ Қарарға бола, Таллаў ҳәм изертлеў структуралары жумысын шөлкемлестириў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди.

Жәмиетлик, сиясий ҳәм экономикалық раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегиялық таллаў ҳүжжетлерин және мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы усынысларды турақлы түрде Президентке киргизип барыў Муўапықластырыў кеңесиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Ҳүжжеттиң рәсмий толық тексти:
https://lex.uz/pdfs/7283791

Каналға жалгаў 👇👇👇
https://t.me/Yuristler_akademiyasi


ӨзР Әскерий прокуратурасы ис жүритиўине алыпты.
Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

P.s. Тергеў жуўмағы шықпағанша ҳәр қыйлы "болжаў", "мыш-мыш"ларды интернет арқалы тарқатыў нызам шеңберинде жуўапкершиликке алып келиў мүмкинлигин есиңизден шығармаң, тек ғана рәсмий мағлыўматларға сүйениң.

Тийисли прессалар тел.қоса берсеңиз болады енди

Каналға ағза болыў: @hoja_uz


Нукусда ФВВ ҳарбий хизматчиси 5 кишини пичоқлади, бир киши вафот этди

Гумонланувчи маст ҳолатда ўткир тиғли жисм билан бир хонадоннинг 5 нафар аъзосини сабабсиз пичоқлаган.

Батафсил: 👉 https://uznews.uz/uz/posts/78859

@uznewsuzb


⚡️Енди шет тили сертификатына ийе болған мәмлекетлик уйым хызметкерлерине 20% үстеме төленбейди

❌Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-255-санлы қарары менен Президенттиң 19.05.2021-жылдағы ПҚ-5117-санлы қарарының 7-бәнтиниң 3-абзацы өз күшин жойтқан деп табылған.

☝️Тап усы абзацта 01.01.2022-жылдан баслап шет тиллеринен сертификатқа ийе болған мәмлекетлик басқарыў уйымларының хызметкерлерине лаўазым айлығына 20% лик үстеме төлениўи белгиленген еди.

❗️Демек, бул үстеме енди бийкар етилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Түрк халқы түркий халықлар ишинде қарақалпақ миллетинеде итибар қаратқаны - мақтаныш !

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Sud hákimshilik huqıqbuzarlıq isi boyınsha qarar qabıl etti.

Ǵayrat Dostov sud zalınan azat etildi

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Үйде анасы китап оқып отырса, баласы мектептен келип:

- Ҳаў ана, интернет ислемей қалдыма?! деген екен.😟

Əзизлер... Бизлердиң жағдайымыз да усы дəрежеге жетип келмекте. Дурыс ҳəмме шаңарақларда емес, бирақ усындай шаңарақлар жоқ емес.

👉 https://t.me/Yuristler_akademiyasi


🔴Siz puqaralıǵıńızdı joǵaltasız❕❕

"Ózbekstan Respublikası puqaralıǵı haqqındaǵı Nızam"ǵa muwapıq tómendegi jaǵdaylarda siz puqaralıqtı joǵaltasız:

1️⃣ shet mámlekettiń áskeriy xızmetine, qáwipsizlik uyımlarına, huqıq qorǵaw uyımlarına, mámleketlik hákimiyat hám basqarıw uyımlarına xızmetke kirgeni aqıbetinde;

2️⃣shet elde turaqlı jasawshı shaxs 7 jıl dawamında keshirimli sebeplersiz turaqlı konsullıq esabına turmaǵan bolsa;

3️⃣ Ózbekstan Respublikası puqaralıǵına qabıl etiw  jalǵan maǵlıwmatlar yamasa jalǵan hújjetler usınıw nátiyjesinde ámelge asırılǵan bolsa;

4️⃣ shaxs shet mámlekettiń paydasın gózlep jumıs alıp barǵan halda yaki tınıshlıq hám qáwipsizlikke qarsı jınayatlar islew jolı menen jámiyetlik hám mámleketlik máplerge awır zıyan jetkergen bolsa;

5️⃣ eger shaxs ıqtıyarlı túrde shet mámlekettiń puqaralıǵın alǵan bolsa.

👉🏻https://t.me/Yuristler_akademiyasi


⚡️Район банклери филиалларында «мәкан банкири» лаўазымы енгизилип, олар халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге жуўапкер болады

Президент жанында өткерилген жыйналыста 2025-жыл 1-февралға шекем район банклери филиалларында мәканлар менен ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға «мәкан банкирлери» тайынланыўы белгиленди.

Сондай-ақ, ҳәр бир мәканда олар менен бирге ислейтуғын «жәрдемши-агентлер» сайлап алынады.

Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимликлери халықты таяр бизнес жойбарлар менен таныстырып барады, оларды әмелге асырыў көнликпелерин үйретеди.

Online-mahalla.uz”, “bank-kredit.uz” ҳәм “soliq.uz” мәлимлеме системалары интеграция етилип, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалар күнлик таллап барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.

2025-жылы барлығы болып 5 миллион 200 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жобаластырылған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Әйне ўақытларда метан заправка ҳаққында айтып, 15 суткаға қамалған Ғайрат Дўстовдың суды болып өтпекте

Мәлим болыўынша, судда көрсетпе бериў процессинде Ғайрат Дўстовтың аўҳалы жаманласқан.!

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Hákimshilik huqıqbuzarlıqta sudlanıwshı bolmaydı

Ǵayrat Dostovtıń hákimshilik huqıqbuzarlıǵı boyınsha isti sáwlelendiriwde kóplegen saytlar hám sociallıq tarmaqlar onı "sudlanıwshı" dep atap atır.
Bul nadurıs, sebebi "sudlanıwshı" túsinigi jınayat islerinde boladı. Ǵayrat Dostov jınayat islewde ayıplanbaǵan. Onı hákimshilik huqıqbuzarlıqta ayıplaǵan.

Hákimshilik huqıqbuzarlıqta "huqıqbuzar" sózi qollanıladı.

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


#Hayal_qızlar_huqıqı

Nızamshılıqqa bola,
hámiledarlıǵı yamasa perzenti bar ekenligi menen baylanıslı sebeplerge bola jumısqa qabıl etiwden bas tartıw yamasa miynetke haqı tólew muǵdarın azaytıw qadaǵan etiledi.

Bunda, hayaldıń hámiledarlıǵı yamasa shaxstı kishi balanı tárbiyalap atırǵanlıǵın bile turıp, onı jumısqa alıwdan nızamsız túrde bas tartıw yamasa jumıstan bosatıw, tómendegi jaza sharalarınan biri qollanılıwına sebep boladı:

BEMniń 25 esesine shekemgi muǵdarda (9 mln 375 mıń sumǵa shekem) járiyma;
3 jilga shekem belgili huqıqtan ayırıw;
3 jılǵa shekem ádep-ikramlıqtı dúzetiw jumısları menen jazalanadı.

Nızamdı bilmew juwapkershilikten azat etpeydi‼️

👉Yuristler Akademiyası


⚡️Енди исбилерменлер ҳәм юридикалық шахслар «свет» ҳәм газды артықша пайдаланғаны ушын 2 есе емес, ал 20% көбирек пул төлейди

💰Исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа юридикалық шахслар электр энергиясы ҳәм газ лимитинен 20% ке шекем артықша пайдаланса, тариф ставкасы бойынша төлейбереди. Егер артықша пайдаланыў муғдары 20% тен артық болса, тариф ставкасы 20% ке қымбатлайды.

☝️Алдын исбилерменлер лимиттен 10% артық пайдаланса, тариф ставкасы еки есеге қымбатлар еди.

❗️Бул өзгеристиң пуқараларға тәсири жоқ.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Mámleket rawajlanıwınıń tek bir jolı bar bul - bilimlendiriwdi rawajlandırıw

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Tili Qaraqalpaq tiline jaqın eken

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Метан заправкасында басшыларды сынға алған пуқараның иси қайта көрип шиғылыўы мәлим етилди

Ташкентте жанылғы заводларындағы шараятты сынға алып, 15 суткаға қамалған ҳәм ҳәзир қай жерде сақланып атырғаны белгисиз болған Ғайрат Дустовтың иси ертең, 3-январь күни қайта көрип шығылады. Бул ҳаққында адвокат Абдумалик Абдуллаев өзиниң социаллық тармақтағы бетинде мәлим етти.

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


ALDANIP QALMAŃ!!!

Usınday fayllar eń jaqın insanıńızdan kelsede ashpań!!!!
Sebebi ol insannıń akkauntı aldawshılar tárepinen basqarıladı hámde kontakttegi hámmege usınday fayl jiberiledi.

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi

20 last posts shown.