Билим Ринг || Қарақалпақстан клубы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Познавательное


👉Каналда:
🎖Лига ойынлары шөлкемлестириледи
🏅 Викторина ҳәм қызықарлы мағлыўматлар
⚔️Дуэллер
💬 Қарақалпақстан Республикасындағы барлық билим ринг ойынлары ҳаққында мағлыўматлар сәўлелендирилип барылады.
Каналдың рәсмий топары: @Bilimliler_maydani

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Статистика
Фильтр публикаций


@Bilimring каналы 05.01.2025-жыл өзин-өзи "харакири" етип жибереди!


#Мағлыўмат_ушын

Бүгинги турнирде ойналған сораўлар, көпшилигимизге таныс болған, қарақалпақ заковатына көп жыллық мийнети сиңген билимданлардан бири ШАКЕ, Шамурат Шылманов никлери менен белгили болған Ибрагимов Марат Жалғасбаевичтың тақлаған (бәлким авторлық) сораўлар базасынан алынып, сизлерге инам етилди. Бул арқалы бул ағамыз арамызда болмаса да, ядын бир еслеп өтиўди алдымызға мақсет еткен едик. Сораўлар өзгериссиз, базасындағы қәлпинде ойнатылды (тек сораў тәртип санлары қосымша қойып шығылды).

Себеп пенен, соны да айтыўды орынлы деп ойлайман, 2008-жылдан баслап заковатқа биринши қадем қойған болсам, усы күнге шекемги дәўир арасында көплеген бир-биринен қызықлы мағлыўматлар, қызықлы ўақыялар ҳәм заўықлы эмоциялар гүўасы болыў менен биргеликте, бир қанша дос-яранлар арттырдым. Ҳәмме нәрсениң соңы болғандай заковаттағы өз карерамды жуўмақлаўды лазым таптым. Қызығыўшылық себеп @domenic6269 сораўлар база каналына арасында сораўлар болса таслап тураман.

Ҳәммеси ушын рахмет!

Посттағы фото 2019-жыл алынған


Усының менен 4 ай даўам еткен турниримиз өз жуўмағына жетти. Қатнасқан барлық билимданларға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Турнир даўамында жол қойылған қәте кемшиликлер ушын әпиў етесиз деген үмиттемиз.

🏆Турнирдеги жеңимпазлар төмендегише сыйлықланады:

🥇-орын 300 мың сўм
🥈-орын 200 мың сўм
🥉-орын 100 мың сўм

🎊Сыйлық муғдары аз болса да, көп орнында қабыл етесиз деген үмиттемиз!


P-нешинши турнир екенлиги
W-жеңислер саны
D-Теңликлер саны
L-Жеңилислер саны
F-Неше дурыс жуўап тапқанлығы
A-Қарсылас командасы неше жуўап тапқанлығы
D- Табылған жуўаплардың пльюс-минусы
Pts-Очко


XIX турдағы қарама-қарсылық нәтийжелери!


Жууап: Алеша Попович (әкесин Поп деп ойлаған)


Жуумаклаушы натийжелер шыгаман дегенше таркалмай турыуынызды сорап каламыз, натийжелер 10-15 минутта жарияланады


Ўақыт жуўмақланды


Жуўап жоллаў ушын 1 минут❌


10. Бул ертек персонажын биз белгили картина бойынша таныймыз. Айтыуларынша, онын' акеси руханый болган, бирак бул фактке гарантия жок. Бул персонаждын' ким екенлигин табын'?


Дыккат


Жууап: О-О-О-О

Махмуд Намозовтын "Гузе" косыгы, Радиус-21 дин "О-О-О-О" косыгы, Р. Крузодагы Жумабой "бизлер оны коргенде "О-О-О-О" деймиз


Ўақыт жуўмақланды


Жуўап жоллаў ушын 1 минут❌


9. Бул "созди" бизлер хар кыйлы манисте ислетемиз. Атаклы бир озбек косыкшысы бул "соз"ден озинин косыгында пайдаланады. Жане бир мархум артист бул "соз" бенен пүтин бир косыктын атын атаган. Хаммемиз корген бир кинода болса кахарманлардан бири оз кауиминдегилерге бул "соз"дин маниси уллы кауендерлеринен дерек беретугынлыгын айтып отеди. Бул кайсы "соз"? 


Дыккат


Жууап: Циклоп


Ўақыт жуўмақланды


Жуўап жоллаў ушын 1 минут❌


8. Пилдин' бас суйегин алып карайтугын болсак, онын' алдынгы тарепинде хартум орнындагы улкен тесик тиккелей козге тасланады, еки тарептеги коз ушын молшерленген тесиклери болса дерлик коринбейди. Бир катар алымлардын' атап отиуинше, Сицилия унгирлеринен биринде табылган мамонт суйеклери Х хаккындагы апсаналардын' келип шыгыуына туртки болган. Х-?

Показано 20 последних публикаций.