Кеңесбай Рахманов


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Музыка


Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Музыка
Статистика
Фильтр публикаций


ТАНЫС ТЕРЕКЛЕР

Естелик бул жоллар мениң атамнан,
Пияда, машынлы көп жүрген, әлбет!
Сорап көрсеңиз де тораңғыллардан,
Жолдас, Худиярды таныйды терек.

Таныйды жағада бийдай атызлар,
Усы жатысларда изейкеш еле.
Атамның әрўағы гезген бул туслар,
Әкем пақырды да жүргизген кеше.

Қалай умытады пахталы дала,
Сада бала болған ғаррылық келип.
Аўылда үйлер де, адам да жаңа,
Тораңғыл тереклер ғана теберик.

Адам ҳәўес етер көкте айларды,
Атқан таң, батқан күн барлығы елес.
Бул жоллар атам — Жолдасбайларды*,
Көп жыллар өтсе де умытқан емес.

Кешеги жигитлер бүгин ақсақал,
Назлы келиншеклер болған кәйўана.
Әўләдлар алмасқан — қуўрамаған тал,
Жаңа урпақ бул жолларға бийгана.

Жатсырап қарайды, қарамайды да,
Оларға бир тыйын атамның жолы.
Әке-шешем өткенлерди қайғыра,
Деседи: ол жыллар басқаша болды...

Тарийх қайталанар, сынар көплерди,
Өтмиш самаллары тағы да есер.
Лек көрсем өзимшил өспиримлерди,
Әкемниң жаслығы ядыма түсер.

Оларда жоқ еди күнлеў, қызғаныш,
Айтқан тослары да бәршеге теңдей.
Енди тек бул жолда тереклер таныс,
Адамлар бийтаныс, бийгана елдей.

Атамның жолы бул, әкемның жолы,
Талларды маңлайға сүрип қаларман.
Соқпақта изи бар, теректе қолы,
Өзим де бул жолдан жүрип барарман.

*24-декабрь, 2008-жыл атам Жолдасбай Худияровтың өмирден өткен күни, быйыл 16 жыл болады (автор).

Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ

24-декабрь, 2024-жыл


«Кеўил лирасы» (@kewil_lirasi) көрсетиўиниң 19-санында шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың (@ShayirTenelbaySarsenbaev) дөретиўшилиги сөз етилди.


https://youtube.com/watch?v=LwxoUAUU3CY&si=bOzsT5nIMwozosdU


ШАЙЫРЛАР

Шайырлар әзелден гөззаллыққа өш,
Олардың гүллерге баўыры жақын.
Лекин, барлығынан қала берер кеш,
Ойланып жүргенде алдырар ҳақын.

Илҳам перисине дусласқан гезде,
Жинли сүрей ҳалға түседи олар.
Әйтеўир зат мисли көринип көзге,
Өзлерин отқа урған гүбелек болар.

Қызлар қасын қақса – бир қосық таяр,
Муҳаббат дәртинде пәрияд шегеди.
Ақшам жулдызларға қолларын жаяр,
Күндиз гүлзарларға қарап келеди.

Олар сырласады өзгеше тилде,
Кеўлинде жаслықтан ҳаллас турады.
Қыздың қолындағы бир тутам гүлге
Бир атыз дақылын алмастырады.

Шайырлар қыялы атлыққан кийик,
Алдында да, артында да – аңшылар.
Түн бойы өзеги өртенип, күйип,
Азанда күл емес, гүл болып шығар.

Сырлы әлемде жоқ олардың бөтени,
Халықсыз – қалғанлығы жалғыз атаўда.
Арыўлардың бир тал шашы жетеди
Шайырлардың аяқ – қолын матаўға.

Қайтарып ҳәлексең олардың бетин,
Бири–асаў жылқы, бири тай қусар.
Қырық китап шығарыў орнына, лекин,
Бир қосығы ушын қырық жыл айтысар!

Қап – қара қолаң шаш, билектей бурым,
Әрманды оятар бул қызлар деген.
Космонавтлар жетип бармастан бурын
Олар сәўбетлесер жулдызлар менен!

Тентеклик те етер, ишсин, мәс болсын!
Дүнья шырайына басын ийеди.
Олар ғарры болсын, мейли жас болсын,
Қыздың тәнин емес, сәнин сүйеди.

Оларды қәдирлең, мудам қол жетпес,
Табаны тийген жер тойларға мегзер.
Шайырлар көп емес, ызғып та кетпес,
Қамар қозы туўған қойларға мегзер!

1992-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

533 0 10 2 16

ИДЕЯ
Өткен заманда (1917 -1991) Октябрь
революциясын, Ленинди, көплеген
«изм»лерди, СССРды,советлик уллы
Ўатанды, компартияны, социализмди,
коммунизмди ҳ.т.б. жазып шайыр
атанғанлар ҳәзирги аласапыран
дәўирде идеясыз қалғанбыш…

Бундай дәўир – аўыр жоғалтыў саған!
Енди қыйын тыңнан жарып шығыўың.
Ыссы қушағыңа қымтаған заман
Отларын өширип жойтты жылыўын.

Жүрегиң сызламай, шәўкилдеп жорта,
Мақтар едиң жеңил – желпи сөз бенен.
Оқыўшы май емес, жалады торта,
Ал, сен шайыр едиң халқың сезбеген.

Енди идеясыз қалдым деп налып,
Қайдағы дүканшы, саўдагер – темаң.
Оларды сенсиз – әм биледи халық,
Идеяң болмаса – шайырлық тамам!

Идея көп терең ойлы шайырға,
Қәне, писетиңде барыңды шығар.
Кемең тоқтап қалмаў ушын қайырда,
Жазсаң дослықты жаз – қуламас шынар.

Енди түслеринде аўзында татыр:
«Бахытлы, қуяшлы заман!» деўшилик.
Оян, қәлемиңди сағынып атыр
Мәңгилик идея – адамгершилик!

Шайыр болмасаң сен сөзлерге сараң,
Жазар едиң бири – биринен зыят.
Өлместей идея емес пе саған
Жүреклерди өртеп турған муҳаббат?!

Оқыўшылар күтер: нағыз бабында
Питиў керек кеўилге бир алған ис.
Қәлемиңди алған ўағыңда
Илҳам келтирмей ме саған ар – намыс?

Әжинияз, Бердақты еслесең егер,
Қараңғы заманда тапқан идея.
Нәресте туўылар, ғаррылар өлер,
Өмир – уллы идея! Өтирик пе я?...

1992-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 24-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХIV сессиясында қабыл етилди.

И. Юсупов сөзи
Н. Мухаммеддинов намасы

Жәйҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир, шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийрибан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉
@Kengesbay_Raxmanov
@ADEBIYAT_QR


Х Х Х
Мейли кейи я кейиме,
Толсамдағы ортаман мен.
Ярымның кебетейине
Ушыраўдан қорқаман мен.

Болсадағы аўнақ жолым –
Өзге ярдан аўлақ жолым...

1993-жыл

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Алыстағы әрманларым –
Алданышым алдымдағы.
Сол ушын да кәрўанларым
Жолда пайын алдырмады.

Бардур талай асыўларым,
Алда күтер жасыл бағым.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Алтылықлар
Бирим–бирим ессекдағы ескекти,
Жары ортада ҳәммемизден ес кетти.
Кеме деген басқарылар артынан,
Биз билиппиз тек те ескек еспекти.
Арт жағынан басқарған соң кемени,
Алды бети арқа жалтаң келеди…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Жигит деген бола қойса ҳәкери,
Ҳеш нәрседен бола билмес қәтери.
Өзимдики деп ҳеш қашан пәмлемес,
Өмирдеги анаў – мынаў қәтени.

1993-жыл

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Бултлардан сорайман: «Жаўарсыз?»
Жылжыйды жуўапсыз, саўалсыз.
Қуў дала талықсыр шөлиркеп,
Көсилер даўылсыз, самалсыз.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Көп қызлар тыңламай арзымды,
Көп қызлар аштырмай аўзымды
Кетти ғой, кетти ғой, кетти ғой,
Қалдым ғой,қалдым ғой арзыўлы…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Өзиңниң даўыңды даўламай,
Өзгениң арына шапқаның –
Сезилсин күтпеген саўғадай,
Адамлық қәсийет тапқаның…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Дәрьялар ағады аяққа,
Аяқтан сағаға ақпайды.
Иним – аў, баратсаң қаяққа?
Кесекти ағаға атпайды…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Адам деген келеди де кетеди,
Бул дүнья – бир мийманхана бес күнлик.
Дәўран сүрер, жасқа толар етеги,
Бирге жасар тынышлық ҳәм кескинлик.

Шынында бул сөзлер бурыннан қалған,
Бул дүньяға тутқа болмас ҳеш ким де.
Сениң бул дүньяға келгениң жалған,
Бәрин, бәрин питкермесең бес күнде…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Жоллардан сүринбей өтиў жоқ,
Мақсетке ап – аңсат жетиў жоқ.
Аспанның асты да кең ғой дым,
Сонда да бас алып кетиў жоқ.

Жаслыққа қайтадан барыў жоқ,
Ол жақта баяғы арыў жоқ.
Ғаррылық ҳүрмет ғой адамға,
Сонда да бурынғы қарыў жоқ…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х

Шақаларым көп шайқалған шынарман,
Ўақтым жетер я биймезгил сынарман.
Сол қаралы күн келгенде, изимде
Еңиресип қала берер мың әрман.

Зилдей турмыс табанында унтайды,
Бир күн әжел төсегимди қымтайды.
Мен кеткен соң,ул – қызымның жүрегин
Шырмап алар мерез шөптей мың қайғы.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х

Шолпан жулдыз соңғы сөзин сөйлеген
Таң алдында оянаман гейде мен.
Таң нурынан серпилисип қараңғы,
Таслап қашар аўыл менен қаламды.

Өмир өтер бизди минис ат қылып,
Алдымызда гә түнек, гә жақтылық.
Тағы да таң келер, тағы атар таң,
Тек ғана… бир кетсе келмейди адам…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х

Биреўлерди дүзейди ҳәмел,
Биреўлерди ҳәмел бузады.
Көп ғой онда қашырым, әмел,
Қазғанақ ҳәм тегис гүзары.

Ҳәмел – таў ғой… жолын билгенлер
Есаплайды ўақытша мәнсап.
Зәңги менен көтерилгенлер
Зәңги менен түседи аңсат…

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Жылларым урлады көркимди,
Әжимге торлады елтимди.
Тек ғана мен оған тапсырмай,
Өзимде қалдырдым еркимди.

Жылларым пәримди путарлап,
Барыма бас салды жутаңлап.
Тек ғана жүректен безикпей,
Өзимде жасайды муҳаббат.

1992-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov


Х Х Х
Көкирек қурғырды ийтермей,
Жаным – аў, алып шық қарымнан.
Өзиңнен өзгеге сүйкенбей
Киятқан опадар ярыңман.

Алдыңда айтпайын аңғал гәп,
Пал сөзли тилимди қатайын.
Жаным – аў, кеўлимди алдарқат,
Қулыңдай есикте жатайын.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

Показано 20 последних публикаций.