❓Мектептиң «ремонт»ы ушын ата-аналардан пул жыйнаў мүмкин бе?
1️⃣Бириншиден, Конституцияның 50-статьясына көре, меткепте оқыў бийпул. «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамға тийкар, ҳәммеге билим алыў ушын теңдей шараят кепилленеди. Бул кепилликлердиң бири бул – мектеплерди зәрүрли шараятлардың жаратылыўы.
2️⃣Екиншиден, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамға бола, мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыў бюджеттиң пулы есабынан әмелге асырылады.
3️⃣Үшиншиден, Президенттиң 08.02.2024-жылдағы ПҚ-65-санлы қарары менен Инфраструктураны раўажландырыў инжиниринг компанияси шөлкемлестирилген болып, бул компания бағшалар ҳәм мектеплерди қурыў, реконструкция етиў ҳәм капитал оңлаў бойынша жуўапкер есапланады.
4️⃣Төртиншиден, Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң бақлаў кеңеси ҳаққындағы үлги режеге бола, мектепте оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарынан түрли себеплер менен Кеңес ағзалары, мектеп басшылары ҳәм басқа хызметкерлер тәрепинен пул жыйнаў қатаң қадаған етиледи.
❕Мектепке қәўендерлик жәрдемин көрсетиўди қәлеўшилер пулды мектептиң есап бетине өткерип бериўи мүмкин.
☝️Демек, мәмлекетлик мектепте ҳәм бағшада «ремонт» ушын оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарынан пул жыйнаў қадаған етилген. «Ремонт» мәмлекет бюджети есабынан әмелге асырылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
Каналға ағза болың
👉@Xaliq_ushin👈🏻