#терме
Асқар таўдың өлгени,
Басын бултлар басқаны,
Көктеги булттың өлгени,
Асалмай таўдан қалғаны.
Ай менен күнниң өлгени,
Еңкейип барып батқаны,
Қара жердиң өлгени,
Қар астында қалғаны.
Ҳасыл сөздиң өлгени,
Итибарсыз қалғаны.
Бул дүньяда өлмесе,
Жақсының аты өлмейди,
Алымның хаты өлмейди.
Қарақалпақ фольклоры
https://t.me/a_blognot
Асқар таўдың өлгени,
Басын бултлар басқаны,
Көктеги булттың өлгени,
Асалмай таўдан қалғаны.
Ай менен күнниң өлгени,
Еңкейип барып батқаны,
Қара жердиң өлгени,
Қар астында қалғаны.
Ҳасыл сөздиң өлгени,
Итибарсыз қалғаны.
Бул дүньяда өлмесе,
Жақсының аты өлмейди,
Алымның хаты өлмейди.
Қарақалпақ фольклоры
https://t.me/a_blognot