#Бахыт
Адам баласы жылап туўылады. Дүньядан өткеннен соң да жылап шығарып салады. Қарап отырсаңыз, өмирдиң басы да - жылаў, соңы да – жылаў екен.
Сонда бахыт қайда?
Бахыт - усы екеўиниң ортасындағы өмир екен. Ата-анаңызға еркелеп өскениңиз, шемби, екшемби жақынларыңыз бенен бас қосып әңгимелескениңиз, қатарыңыз бенен қыдырғаныңыз, анаңыздың бир аўыз жыллы сөзи, балаңыздың базы бир қылығына кейип, оған урысқаныңыз, достыңызды ренжитип алып, кейин қайтадан табысқанларыңыз, жақыныңызды әскерий хызметтен сағынып күтип алғаныңыз...
Жақсы көрген адамыңыздан алыслап кеткенде оның қәдирин түсингениңиз, таң намазы қаза болып кетпесин деп кеште ерте жатыўға тырысқаныңыз, "жумысқа барыўым керек" деп жумысқа қарай асыққаныңыз, балаңызға сабақ оқытқаныңыз...
Усының барлығы бахыт деген қәдирдан түсиникке жайғасып кетеди екен ғой.
Данышпан Сократ: «Бахыт» деген – ҳеш кимниң қолы жетпейтуғын алыстағы зат емес, бахыт – ҳәр кимниң басында бар нәрсе»,- деген екен. Аўа, көп адам бахытты сырттан излейди. Бирақ та, ҳақыйқый бахыт өз жүрегимизде, бойымызда турғанын еслемей жүремиз.
Данышпанларымыз айтқанындай, «Бахыт деген - бирде шадлық, бирде муң!»
Енди, шадлығымызды да, муңымызды да қәдирлеп билейик әзизлер.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal href='' rel='nofollow'>