#Рәўият
БАЙ БОЛАМАН ДЕП..
Ертелеуде бир жигит бай болыуды әрман етип, данышпан адамға келеди:
- Мен бай-дәулетли болғым келеди. Не мәсләҳат бересиз? - дейди.
- Байлықты не қыласаң. Оннаншы ақыретиңе керекли байлық берейин, - депти улама. Жигит сөзинен қайтпапты. Сонда данышпан: - Ҳәзир бир бай адам қайтыс болды. Адамлар оның қәбирин қазып атыр. Соның қәбиринде бир саат жатып берсең, байдың бар дәулетин саған алып беремен, - дейди. Жигит қууанып кетип данышпанның шәртине келиседи. Данышпан қорқпайсаң ба?,- деп сорайды. Жигит:
- Неге қорқаман байлыққа ийе болсам болды бир саат емес бир күн жатып берейин, - дейди.
Данышпан жигитти қәбир қазылып атырған жерге алып келеди. Оны ләҳәтке киргизип, аузын беккемлеп жауады. Азғана уақыт өткеннен кейин жигиттиң қышқырған даусы еситиледи. Данышпан сол жердеги адамлар менен қәбирди ашқанда жигит "уайбайлап" сикирип шығады да қашады. Улама оны зорға тоқтатып:
- Хәй, не болды? - дейди. Жигиттиң түри бузылып, бозарып кетипти.
- Алтыны да қурысын, байлығы да қурысын! Гөрде көрген азабымды, тартқан машақатымды ауыз бенен айтып жеткизе алмайман, - дейди.
- Не көрдиң? - дейди данышпан.
- Қәбирге түскеним сол еди, жаным көзиме көринди. Жайнаған қурт-қумырысқа, шаянлар жабылып, денемди шаға баслады. Тосаттан көктен бир Қарыш исмли жылан ушып келип, геўдеме қонды. Аша тилин шығарып, шақпақшы болды. Бурын жолда киятырып, жол шетинде отырған қайыршыға шаппаттай нан берген едим. Сол нан Алланың қүдирети менен пайда болып жыланға қарсы қалқан болды. Қарыш нанға күши жетпей кетип қалды, - дейди жигит жыламсырап. Данышпан:
- Енди не қылайын? Сонша байлықты алып берейинбе, байыудың жолын көрсетейин бе? - деп сорайды. Жигит еле өзине келе алмай атырып:
- Маған тек жақсы әмел ислеуди сауап табыуды үйретиңиз, деним сау болса, байлықты өзим-ақ табарман, - деген екен.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal