#Рәуият
ТҮШКИРГЕН АДАМҒА
"ЯРАКИМУЛЛА" ДЕП АЙТЫЎ
Алла Таала Адам атаның денесин топырақтан жаратады. Адамның басын хайыр-ихсанның топырағынан иследи. Ал мүбәрак жүзлерин бейиштиң топырағынан жасайды. Тислерин гәухардың топырағынан безейди. Оң қолын Каабаның топырағынан, ал шеп қолын қууаныштың қумынан жасады. Тамырындағы ыссы қанын таулардың топырағынан алды. Көзин кәусар булағының ылайынан жаратты. Алла Таала өз шеберлиги менен жансыз мүсинди шырайына көз тоймас жан ийесине айландырғаннан соң, хәр түрли жақсы қәсийетлерди оның денесине орналастырады. Дәслеп ақылды оның басына қондырады. Мүлайымлық, уят минезин жүзине жасырды. Оң қолға хайыр-сақауат, даналық сезимин тилине орнатты. Күш- қууатын арқасы менен белине жайғастырды. Кеулине ийман-әдепти орналастырды. Тилине кәлам-шәхадатты алып келип қойды.
Соннан кейин Алла руухқа:
- Адамның денесине кир! - деп әмир береди. Руух қараса, бир сәуле жоқ қараңғы жай екен. Сонлықтан қорқып, бираз уақыт кирмей турады. Алла Таала үш мәрте: "Кир!" - деп буйырды. Мухаммад пайғамбарымыздың нурын акелип қойды. Барлық периштелерге шырайлы дауыс пенен зикир айтыуды буйырады. Руух сол уақытта Мухаммедтиң нурына мәс болып, зикир даусына таң қалып қорқынышы жоғалып денеге киргенин билмей қалады. Денесине жан киргеннен кейин Адам ата түшкирип жибереди. Руух:
- Әлхамдулилла! Аллаға сансыз мақтау болсын! - деген екен. Сонлықтан адам түшкирсе өзи "Әлхамдулилла" деп айтыу сүннет болды. Мухаммад пайғамбарымыз: "Биреу түшкирсе, қасындағы адам "Яракимулла", яғный "Саған Алланың рехими болсын!" деп айтыуы керек", - деген екен. Қарақалпақларда биреу түшкирсе "Яракимулла" дейтуғыны усыдан қалған екен.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal