АЙТАРЫМ БАР.
Гей адамлар дейди неге жазады,
Неге бунша өзин қыйнап азады,
Сол адамға айтарым бар тыңласа,
Өнер болса бәршеден ол озады.
Биреў айтар дизе берер қатарды,
Илҳәмы не билмеймекен жатарды,
Сол адамға айтарым бар жалғыз сөз,
Жазған болсам қай жериңе батады.
Гей биреўлер таңланысып жутынған,
Күннен-күнге Сүмбил гүлдей қулпырған,
Гәп еткенге айтарым бар жалғыз сөз,
Көралмаслық ете берме сыртымнан.
Биреў шайыр арқа қозса йошады,
Илҳәмланып йошына-йош қосады,
Ал, биреўлер қосық айтар талантлы,
Абыройы күннен-күнге асады.
Күнлегенше жақсы сөзиң аяма,
Оған айтар бир аўыз сөз заяма,
Мен де айтсам көлеңкеме тең демей,
Бул минезим көпшиликке сыя ма?
Мениң ойым басқалардан өзгеше,
Жақсы сөзлер аямайман гез келсе,
Жақсылықты берер болсаң басқаға,
Аллам берер кең пейлиңе несийбе.
Сол ушында гей нәрсени гәп қылып,
Сөзлер қосып жаманлама лап қылып,
Көпшиликке сын берердей нийет жоқ,
Айырады досларыңнан жат қылық.
✍ Зульфия Турымбаева.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
Гей адамлар дейди неге жазады,
Неге бунша өзин қыйнап азады,
Сол адамға айтарым бар тыңласа,
Өнер болса бәршеден ол озады.
Биреў айтар дизе берер қатарды,
Илҳәмы не билмеймекен жатарды,
Сол адамға айтарым бар жалғыз сөз,
Жазған болсам қай жериңе батады.
Гей биреўлер таңланысып жутынған,
Күннен-күнге Сүмбил гүлдей қулпырған,
Гәп еткенге айтарым бар жалғыз сөз,
Көралмаслық ете берме сыртымнан.
Биреў шайыр арқа қозса йошады,
Илҳәмланып йошына-йош қосады,
Ал, биреўлер қосық айтар талантлы,
Абыройы күннен-күнге асады.
Күнлегенше жақсы сөзиң аяма,
Оған айтар бир аўыз сөз заяма,
Мен де айтсам көлеңкеме тең демей,
Бул минезим көпшиликке сыя ма?
Мениң ойым басқалардан өзгеше,
Жақсы сөзлер аямайман гез келсе,
Жақсылықты берер болсаң басқаға,
Аллам берер кең пейлиңе несийбе.
Сол ушында гей нәрсени гәп қылып,
Сөзлер қосып жаманлама лап қылып,
Көпшиликке сын берердей нийет жоқ,
Айырады досларыңнан жат қылық.
✍ Зульфия Турымбаева.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal