# 1-ИЮНЬ- Халықаралық балаларды қорғаў күни!!!
Көзлеримиз қуўанышы,өмиримиз даўамшылары-әзиз ҳәм бийғубар балажанларымыздың барына мың қәтле шүкир.
Өмир перзентлеримиз бенен гөззал!!! "Бала күлсе, әлем күледи". Барлық перзентлеримизди бүгинги байрамы менен шын жүрегимнен қутлықлайман👏
Билиў ушын әлемниң сырын,
Қәлб көзи менен көриң дүньяны,
Жаннан әзиз,бийғубар шийрин,
Балаларға бериң дүньяны.
Олар ушын болың тулпар-ат,
Қуўанышларда шығарсын қанат,
Ертеклерге айлансын өмир, Балаларға бериң дүньяны.
Кишкене болып қуўанышқа толғансыз,
Шақалақ атып әбден күлгенсиз,
Бир күн сиз ҳәм бала болғансыз, Балаларға бериң дүньяны.
Ығбалын-бахтын көриң сиз,
Камалын-тахтын көриң сиз, Шийрин түстей өтсин өмириңиз,
Балаларға бериң дүньяны.
Дүнья өзи жаралған бир кем,
Кишкене қәлбин езбесин ҳеш ғам,
Балаларды асырасын аллам, Балаларға бериң дүньяны.(Хуршид Карим қәлемине тийисли. Қарақалпақ тилине аўдармалаған: Асенова Л)
Бүгин саўға алыў ҳәм балаларды кеўилли қылыў естен шықпасын әзизлер.
Асенова Лиза.