Балалығым
Балалығым өткен мениң күнлерим,
Жалаң аяқ қумлар басып жүргеним,
Есиңдеме, есиңдеме досларым,
Жаптан шықпай ылый суўға шүмгеним.
Қалақ ойнап кеш болғанын билмедик,
Түн ортасы болғанында сезбедик,
Бес тас, шүллик, қашарманның қызығы,
Сол демлери шаршаўды биз билмедик.
Бала болдық малда бақтық бир пада,
Кеш болғаннан қамар едик қорада,
Ойынымыз үстин келип бизлердиң,
Шөже жойтып жедик таяқ арада.
Шаңқай түсте биз уйқыны билмедик,
Демеймизаў ойнап жүрип шөлледик,
Жаптан аққан қара ылай суўлардан,
Ишип өстик суўы жаман демедик.
Балалығым мениң патша гезим ол,
Ата-ана қушағында меҳир мол,
Сағынаман, сағынаман досларым,
Балалыққа және бир күн қайтсам сол.
Тойып тойып ойнар едим тағы да,
Маўқымды басып алар едим сағына,
Эҳ досларым қайтпас екен балалық,
Тән алмасқа илажың жоқ бағына.
Мадина Бекбаулиева
КАНАЛЫМЫЗҒА АҒЗА БОЛЫҢ
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
Балалығым өткен мениң күнлерим,
Жалаң аяқ қумлар басып жүргеним,
Есиңдеме, есиңдеме досларым,
Жаптан шықпай ылый суўға шүмгеним.
Қалақ ойнап кеш болғанын билмедик,
Түн ортасы болғанында сезбедик,
Бес тас, шүллик, қашарманның қызығы,
Сол демлери шаршаўды биз билмедик.
Бала болдық малда бақтық бир пада,
Кеш болғаннан қамар едик қорада,
Ойынымыз үстин келип бизлердиң,
Шөже жойтып жедик таяқ арада.
Шаңқай түсте биз уйқыны билмедик,
Демеймизаў ойнап жүрип шөлледик,
Жаптан аққан қара ылай суўлардан,
Ишип өстик суўы жаман демедик.
Балалығым мениң патша гезим ол,
Ата-ана қушағында меҳир мол,
Сағынаман, сағынаман досларым,
Балалыққа және бир күн қайтсам сол.
Тойып тойып ойнар едим тағы да,
Маўқымды басып алар едим сағына,
Эҳ досларым қайтпас екен балалық,
Тән алмасқа илажың жоқ бағына.
Мадина Бекбаулиева
КАНАЛЫМЫЗҒА АҒЗА БОЛЫҢ
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal