Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ўақыя
ТУРИСТЛЕР
Бир күни туристлер крокодиллер сейилин тамаша қылыўға теңизге шығыпты. Олар арнаўлы қайықта крокодиллерди тамашалап жүрсе крокодилхананың ийеси арғы жағыста турып бақырады.
-Кимде-ким өзин суўға атып ҳәм маған дейин тири жүзип келсе бир миллион доллар беремен.
Ҳәмме тым-тырыс қалады. Ҳеш ким жүрек ете алмайды. Соның арасында суўды шымбырлатып жүзип баратырған бир еркек пайда болады. Қудай жарылқап, крокодиллердиң ҳеш бири оған тийиспейди ҳәм ол арғы жағысқа аман-есен жетип алады.
Сонда крокодилхананың ийеси сөзинде турып, оған ўәде еткен ақшасын береди. Ерли-зайып мийманханаға мәзи-майрам болып келеди. Сонда баяғы еркек.
-Қудай беремен десе аяқ астында екен-аў, қатын. Болмаса, өллә-биллә суўға секирейин деп өзим секирмедим. Мени биреў арқамнан ийтерип жиберди,- деп қагынына жарылса, ҳаялы.
- Индеме, сол ийтерип жиберген адам- мен едим шабазым,- дейтуғын қусайды.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal